‏ Judges 20

Бенямин урыўына қарсы урыс

1Даннан Беер-Шебаға дейинги аралықта ҳәм Гилад жеринде жасайтуғын пүткил Израил халқы жолға шықты. Олар бир жағадан бас шығарып, Миспаға, Жаратқан Ийениң алдына жыйналды. 2Қудайдың халқының бул жыйынына Израил халқының ҳәм пүткил урыўларының басшылары қатнасыўға келди. Ол жерде қуралланған төрт жүз мың әскер бар еди. 3Сол арада Бенямин урыўы израиллылардың Миспаға жыйналғанын еситкен еди.

Израиллылар:

– Бул жаўызлықтың қалай болғанын бизлерге түсиндирип бериң, – деди.

4Өлтирилген ҳаялдың лебийли күйеўи былай деп жуўап берди:

– Мен түнеў ушын тоқалым менен бирге беняминлилердиң Гиба қаласына келдим.
5Сонда Гибаның адамлары мени өлтирмекши болып, түнде үйди қоршап алды ҳәм олар тоқалымды зорлады. Тоқалым сол себепли өлди. 6Мен оның өлигин алып бөлекледим ҳәм ҳәр бир бөлекти пүткил Израил жери бойлап жибердим. Себеби олар Израилда жаўыз ҳәм уят исти иследи. 7Ҳәй, Израил халқы! Минекей, ҳәммеңиз усы жердесиз, енди сизлер бул исти қарап шығып, шешимиңизди айтыңлар.

8Сол жердеги пүткил халық бир аўыздан былай деди:

– Бизлердиң ҳеш биримиз шатырларымызға кетпеймиз, үйлеримизге қайтпаймыз.
9Енди бизлер Гибаға былай ислеймиз: оған шек бойынша ҳүжим жасаймыз. 10Әскерлерди азық-аўқат пенен тәмийинлеў ушын, пүткил Израил урыўларынан ҳәр жүз адамнан он, мың адамнан жүз, он мың адамнан мың адам сайлап алынады. Ал қалғанлары беняминлилердиң Гиба қаласына барып, оларды Израилда ислеген уят иси ушын жазалайды.

11Солай етип, пүткил израиллылар бир жағадан бас шығарып, Гибаға қарсы жыйналды.

12Израил урыўлары Бенямин урыўына адамларын жиберип: «Араңызда бундай жаўызлық неге исленди? 13Гибадағы сол бузық адамларды ҳәзир-ақ қолымызға тапсырың. Бизлер оларды өлтирип, Израилдан жаўызлықты жоқ етейик», – деди.

Бирақ беняминлилер израиллы туўысқанларына қулақ салмады.
14Израиллыларға қарсы урысыў ушын, беняминлилер өз қалаларынан Гибаға келди. 15Сол күни Гиба халқынан болған жети жүз ағла жаўынгерден тысқары, беняминлилердиң басқа қалаларынан келген, қуралланған жигирма алты мың адам жыйналды. 16Олардың арасында солақай болған жети жүз ағла жаўынгер бар еди. Олардың ҳәммеси, ҳәтте, бир тал шашты нышан қылып қойғанда да, сақпан менен урып тийгизе алатуғын еди.

17Беняминлилерден басқа, израиллылардан қуралланған төрт жүз мың адам жыйналды. Олардың ҳәммеси жаўынгер адамлар еди. 18Израиллылар Бейт-Элге барып, Қудайдан: «Беняминлилер менен урысыўға бизлерден биринши болып ким барады?» – деп сорады. Жаратқан Ийе оларға: «Биринши болып яҳудалылар урысқа шығады», – деди.

19Израиллылар азанда жолға шығып, Гибаның қарсы алдына әскерий орда қурды. 20Израиллылар Бенямин урыўы менен саўашқа түсиў ушын, Гибада сап тартып турды. 21Гибадан шыққан беняминлилер сол күни израиллылардан жигирма еки мың адамды өлтирди. 22Бирақ Израил халқы бир-бирин жигерлендирип, алдынғы күни турған жеринде және сап тартып турды. 23Сонда израиллылар Бейт-Элге барып, Жаратқан Ийениң алдында кешке дейин жылады ҳәм Жаратқан Ийеден: «Туўысқанларымыз болған беняминлилер менен және урысыўға шығайық па?» – деп сорады. Жаратқан Ийе оларға: «Аўа, оларға қарсы урысыңлар», – деди.

24Солай етип, израиллылар екинши күни және беняминлилерге қарсы жүрис қылды. 25Сол күни Бенямин урыўы да Гибадан оларға қарсы атланып, израиллылардан қолына қылыш көтерген және он сегиз мың адамды өлтирди.

26Сонда пүткил Израил халқы Бейт-Элге барып, ол жерде Жаратқан Ийениң алдында отырып жылады ҳәм сол күни кешке дейин ораза тутты. Және де, олар Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықларын усынды. 27 28Сол ўақытта Қудайдың Келисим сандығы Бейт-Элде еди. Харонның ақлығы, Элазардың улы болған Пинехас сол жерде, сандықтың жанында руўханий болып хызмет ететуғын еди. Израиллылар Жаратқан Ийеден: «Туўысқанларымыз болған беняминлилер менен урысыўды даўам етейик пе ямаса тоқтатайық па?» – деп сорады. Жаратқан Ийе оларға: «Урысты даўам етиңлер. Себеби ертең оларды сизлерге тәслим қыламан», – деди.

29Израиллылар Гибаның айналасында буққы таслап жатты. 30Олар үшинши күни беняминлилерге қарсы ҳәрекетке өтип, бурынғыдай қала қарсысында сапқа дизилип турды. 31Беняминлилер де оларға қарсы шығып, қаладан узақласып кетти. Олар Бейт-Элге ҳәм Гибаға баратуғын жолларда, ашық майданларда алдынғысы сыяқлы израиллыларды өлтире баслады. Израиллылардан отызға шамалас адам өлтирилди.

32Беняминлилер: «Өткен сапардағыдай оларды және жеңилиске ушыратамыз», – дести. Ал израиллылар болса: «Олардан қашайық ҳәм оларды қаладан узақластырып, жолларға шығарайық», – дести. 33Сонда израиллылардың барлығы өз орынларынан шығып, Баал-Тамарда сапқа дизилип турды. Гибаның әтирапында буққыда жатырған израиллылар да орынларынан атлығып шықты. 34Солай етип, Израилдың он мың ағла жаўынгери Гибаға ҳүжим жасады. Ғыжлаған урыс басланды. Беняминлилер басына түсетуғын апаттан хабарсыз еди. 35Жаратқан Ийе беняминлилерди израиллылар алдында жеңилиске ушыратты. Израиллылар сол күни беняминлилерден қолына қылыш услаған жигирма бес мың бир жүз адамды өлтирди. 36Сонда беняминлилер жеңилиске ушырағанын түсинди. Ал израиллылар артқа шегинип, беняминлилерге жол берди. Өйткени олар Гиба айналасында буққыда жатырғанларға исенетуғын еди. 37Буққыдағылар тосаттан Гибаға ҳүжим жасап, қаладағы пүткил халықты қылыштан өткерди. 38Буққыдағылар менен израиллылар арасында келисилген бир белги бар еди. Қалаға от берилип, қойыў түтинниң аспанға көтерилиўи – ҳүжимге өтиўдиң белгиси еди. 39Сол ўақытта израиллылар саўаш майданынан артқа бурылып, ҳүжимге өтиў керек еди.

Сол арада беняминлилер израиллылардың отызға жақын адамын өлтирген еди. Сол себептен беняминлилер: «Бурынғы саўаштағы сыяқлы, израиллылар бизлерден және жеңиледи», – деди.
40Бирақ қаладан қойыў түтин көтериле баслағанда, беняминлилер артына бурылып қарап, пүткил қаладан аспанға түтин көтерилип атырғанын көрди. 41Олар изине бурылып киятырған израиллыларды көргенде, албырасып қалды. Өйткени олар басларына апат түскенин билген еди. 42Беняминлилер израиллылардан жол бойлап, шөлге қарай қашса да, урыстан қашып қутыла алмады. Ал қалалардан шыққан израиллылар да оларды қыра баслаған еди. 43Солай етип, израиллылар беняминлилерди қоршап алды ҳәм оларды Гибаның шығысындағы жерлерге дейин қуўып, қыйратты. 44Беняминлилерден он сегиз мың адам өлтирилди. Олардың ҳәммеси де мәрт әскерлер еди. 45Олардың аман қалғанлары шөлге, Риммон жартасына қарай қаша баслады. Израиллылар жол-жөнекей олардан және бес мың адамды өлтирди. Оларды Гидомға дейин қуўып барып, және еки мыңын өлтирди.

46Сол күни беняминлилерден ҳәммеси болып жигирма бес мың адам өлтирилди. Олардың ҳәммеси де қолына қылыш услаған мәрт әскерлер еди. 47Бирақ алты жүз адам шөлге қашып барып, Риммон жартасын паналады. Олар сол үңгирде төрт ай қалды. 48Израиллылар беняминлилерге қайтып барып, қалалардағы адамларды, малларды ҳәм дус келгенниң ҳәммесин қылыштан өткерди. Алдыларынан шыққан барлық қалаларға от берди.
Copyright information for KaaIBT22C