Judges 21
Беняминли жигитлердиң үйлендирилиўи
1Израиллылар Миспада: «Ҳеш биримиз беняминлилерге қыз бермеймиз», – деп ант ишкен еди. 2Халық Бейт-Элге келди ҳәм сол жерде Жаратқан Ийениң алдында кешке дейин отырып, дад салып, зар жыласты. 3Олар: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе! Неге Израилда булай болды? Не ушын Израилдың бир урыўы жоқ болып кетти?» – деди. 4Келеси күни халық азанда ерте турды да, қурбанлық орын ислеп, жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықларын усынды. 5Сонда израиллылар: «Жаратқан Ийениң алдындағы жыйынымызға Израил урыўларынан қайсы урыў келмей қалды?» – деп сорады. Себеби олар Миспаға, Жаратқан Ийениң алдындағы жыйынға келмегенлердиң сөзсиз өлтирилетуғынын айтып, қатаң ант ишкен еди. 6Израиллылар беняминли туўысқанлары ушын қайғырысып, былай деди: «Израил бүгин бир урыўынан айырылды. 7Аман қалған беняминлилерге ҳаял болатуғын қызларды қаяқтан табамыз? Себеби бизлер қызларымызды оларға ҳаяллыққа бермеймиз деп, Жаратқан Ийе ҳақы ант ишкен едик». 8Соңынан олар: «Миспаға, Жаратқан Ийениң алдына Израил урыўларынан ким келмеди?» – деп сорады. Солай етип, ордадағы жыйынға Ябеш-Гиладтан ҳеш кимниң келмегени мәлим болды. 9Өйткени келгенлер көзден өткерилгенде, Ябеш-Гиладтан ҳеш ким жоқ еди. 10Сонлықтан жыйналғанлар Ябеш-Гиладқа он еки мың мәрт әскерди жиберип, оларға былай деди: «Барыңлар, Ябеш-Гилад халқын, сондай-ақ ҳаял ҳәм балаларын да қылыштан өткериңлер. 11Орынлайтуғын исиңиз мынадан ибарат: ҳәр бир еркекти ҳәм еркек қолы тийген ҳәр бир ҳаялды өлтириңлер». 12Олар Ябеш-Гилад халқы арасынан еркек қолы тиймеген төрт жүз қыз таўып, оларды Қанан жериндеги Шилодағы ордаға алып келди. 13Соңынан барлық жыйналғанлар Риммон үңгириндеги беняминлилерге адам жиберип, тынышлық жәриялады. 14Сонда беняминлилер қайтып келди. Жыйналғанлар Ябеш-Гилад халқынан тири қалдырылған қызларды оларға ҳаяллыққа берди. Бирақ қызлардың саны олардың ҳәммеси ушын жеткиликсиз болып шықты. 15Израил халқы беняминлилердиң жағдайына қайғырды. Өйткени Жаратқан Ийе Израил урыўларының бирлигин бузған еди. 16Жыйындағы ақсақаллар: «Беняминлилердиң барлық ҳаяллары өлтирилгенликтен, қалған еркеклерди үйлендириў мәселесин қалай шешемиз?» – деди. 17Ақсақаллар даўам етип: «Израилдан бир урыў жоқ болып кетпеўи ушын, тири қалған беняминлилердиң мийрасхорлары болыўы керек. 18Бизлер оларға қызларымызды ҳаяллыққа бере алмаймыз. Себеби: „Беняминлилерге қыз берген ҳәр бир израиллы нәлетленсин“, – деп ант ишкен едик», – деди. 19Соңынан олар: «Минекей, Шилода ҳәр жылы Жаратқан Ийеге арнап байрам өткизиледи», – деди. Шило Бейт-Элдиң арқа тәрепинде, Бейт-Элден Шехемге кететуғын жолдың шығысында, Лебонаның қубласында жайласқан еди. 20Солай етип, олар беняминлилерге былай деп үйретти: «Барып, жүзим бағы ишинде жасырынып турыңлар. 21Дыққат пенен қарап турыңлар. Шилоның қызлары ойынға шыққанда, дәрҳал жүзим бағынан шығып, ҳәр бириңиз бир қыздан услап алыңлар да, Бенямин жерине алып қашыңлар. 22Қызлардың әкелери ямаса әжағалары бизлерге шағым жасап келсе, бизлер оларға: „Беняминлилерди бизлер ушын кешириңлер. Өйткени тутқынға алған қызларымыз ҳәммесине жетпеди. Ал сизлер қызларыңызды өз қәлеўиңиз бенен бермегениңиз ушын, айыплы саналмайсызлар“, – деп айтамыз». 23Беняминли жигитлер усылай иследи. Қызлар ойынға түскенде, ҳәр бир жигит бир қыздан алып қашты. Олар өзлериниң жерлерине қайтып барып, қалалар салды ҳәм сол жерде жасай баслады. 24Соңынан Израил халқы сол жерден тарқап, ҳәр бири өз урыўына, тийресине ҳәм үлесине тийген жерлерине қайтты. 25Ол дәўирде Израилда патша жоқ болып, ҳәр ким өзине дурыс болып көринген исти ислейтуғын еди.
Copyright information for
KaaIBT22C