‏ Judges 3

1 2Қанандағы урыслардың ҳеш бирине қатнаспаған барлық израиллыларды сынаў ушын ҳәм ҳеш саўаш тәжирийбеси болмаған жаңа әўладлардың саўаш тәлимин үйрениўи ушын, Жаратқан Ийе қалдырған миллетлер мыналар еди: 3филист халқының бес ҳүкимдары, барлық қананлылар, сидонлылар ҳәм Баал-Хермон таўынан Лебо-Хаматқа дейинги аралықта Лебанон таўларында жасайтуғын хиўлер. 4Жаратқан Ийе Израил халқын сынаў ушын ҳәм Муўса арқалы ата-бабаларына берген буйрықларын олардың орынлайтуғынын ямаса орынламайтуғынын көриў ушын, бул миллетлерди олардың елинде қалдырған еди.

5Солай етип, израиллылар қанан, хет, амор, периз, хиў ҳәм ебус халықларының арасында жасады. 6Олар менен қыз алысып, қыз беристи ҳәм олардың қудайларына табынды.

Отниел

7Израил халқы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Олар Қудайы Жаратқан Ийени умытып, Баал ҳәм Ашера бутларына табынды. 8Сонлықтан Жаратқан Ийениң Израилға қәҳәри келип, оларды Арам-Наҳарайым патшасы Кушан-Ришатайымға тәслим қылды. Олар сегиз жыл Кушан-Ришатайымның қол астында болды. 9Бирақ израиллылар Жаратқан Ийеге нала еткенде, Жаратқан Ийе оларға бир қутқарыўшы жиберди. Оларды қутқарған Калебтиң кишкене иниси Кеназдың улы Отниел еди. 10Жаратқан Ийениң Руўхы Отниелдиң үстине түсип, ол Израилды басқарды. Отниел урысқа шыққанда, Жаратқан Ийе Арам патшасы Кушан-Ришатайымды оған тәслим қылды ҳәм Отниел Кушан-Ришатайымнан үстин келди. 11Солай етип, ел Кеназ улы Отниелдиң өлимине дейин қырық жыл тынышлықта жасады.

Эҳуд

12Соннан кейин, израиллылар Жаратқан Ийениң нәзеринде және жаўыз болған ислерди ислей баслады. Соның ушын Жаратқан Ийе Моаб патшасы Эглонды израиллыларға қарсы туратуғындай етип күшке толтырды. 13Патша Эглон аммон ҳәм амалек халықларын өзине бириктирип алып, Израилға ҳүжим жасады. Олар Израилды жеңилиске ушыратып, Пальма қаласын
Пальма қаласы – яғный Ерихо.
басып алды.
14Солай етип, израиллылар он сегиз жыл Моаб патшасы Эглонның қол астында қалды.

15Бирақ израиллылар Жаратқан Ийеге нала еткенде, Жаратқан Ийе олар ушын Эҳуд атлы бир қутқарыўшыны жиберди. Бенямин урыўынан болған Гераның улы Эҳуд солақай еди. Бир күни израиллылар Эҳуд арқалы Моаб патшасы Эглонға салықларын жиберди. 16Эҳуд өзине узынлығы еки қарыс келетуғын, еки жүзи бар бир қанжар ислеп алды ҳәм қанжарды кийиминиң астына, оң санына байлап қойды. 17Эҳуд салықты Моаб патшасы Эглонға апарып берди. Эглон жүдә семиз адам еди. 18Эҳуд салықты бергеннен соң, салықты көтерип апарған адамларды қайтарып жиберди. 19Ал өзи болса, Гилгалдың қасындағы тас бутлардың жанынан кейнине қайтып келди де, патшаға:

– Тақсыр, мениң сизге айтатуғын бир сырым бар, – деди.

Патша оған:

– Үндеме, – деди де, қасындағы адамлардың ҳәммесин сыртқа шығарып жиберди.

20Эҳуд жоқарыдағы салқын бөлмесинде жалғыз қалған патшаға жақынлап, оған:

– Сизге Қудайдан бир хабар алып келдим, – дегенде, патша тахтынан турды.
21Эҳуд шеп қолы менен оң санындағы қанжарды алды да, патшаның қарнына тықты. 22Қанжар патшаның қарнына сабы менен қосыла кирип кетти. Эҳуд қанжарды суўырып алмағанлықтан, қанжар патшаның майлы қарнында қалып қойды. 23Эҳуд айўанға шықты да, жоқарыдағы бөлмениң қапыларын жаўып, қулыплап кетти. 24Ол шығып кеткеннен кейин, патшаның хызметшилери келип, жоқарыдағы бөлмениң қапысының илик турғанын көрди де, бир-бирине: «Патшамыз салқын бөлмеде дәрет сындырып атырған шығар», – дести. 25Олар көп ўақыт күтсе де, патша бөлмениң қапысын ашпады. Сонлықтан олар гилтти алып, қапыны ашып қараса, мырзасының өлиги жерде жатыр екен.

26Олар патшаны күтип турғанда, Эҳуд тас бутлардың жанынан өтип, Сеираға қашып кетти. 27Эҳуд сол жерге жетип барды да, Эфрайымның таўлы үлкесине шығып, кәрнай шертти. Израиллылар оның менен бирге таўлардан төменге түсти. Эҳуд олардың алдында жол баслап жүрди. 28Эҳуд оларға:

– Изимнен жүриңлер, себеби Жаратқан Ийе душпаныңыз болған моаблыларды сизлерге тәслим етти, – деди. Эҳудтың изинен киятырған израиллылар Моабқа өтетуғын Иордан өткеллерин ийелеп, ҳеш кимди өткермеди.

29Олар моаблылардың он мыңға шамалас қарыўлы ҳәм күшли адамын өлтирди. Моаблылардың ҳеш бири аман қалмады. 30Сол күни моаблылар израиллылардың қол астына өтти. Ел сексен жыл парахатшылықта жасады.

Шамгар

31Эҳудтан соң, Анат улы Шамгар бий болды. Шамгар филистлердиң алты жүз адамын өгиз айдайтуғын таяқ пенен өлтирип, ол да израиллыларды қутқарды.
Copyright information for KaaIBT22C