Judges 4
Дебора ҳәм Барақ
1Эҳудтың өлиминен кейин, Израил халқы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди және ислей баслады. 2Сонлықтан да Жаратқан Ийе израиллыларды Хасорда ҳүкимдарлық етип атырған қананлы патша Ябинге тәслим қылды. Ябинниң Сисера деген бир сәркәрдасы болып, ол Харошет-Гойымда жасайтуғын еди. 3Ябинниң тоғыз жүз темир саўаш арбасы бар еди. Ол израиллыларды жигирма жыл аяўсыз езгенликтен, израиллылар Жаратқан Ийеге нала шекти. 4Сол ўақытлары пайғамбар ҳаял, Лаппидоттың ҳаялы Дебора израиллыларға бийлик қылатуғын еди. 5Дебора Эфрайымның таўлы үлкесинде, Рама менен Бейт-Эл арасындағы пальма ағашының астында отырып, алдына келген израиллылардың даўларын шешетуғын еди. 6Бир күни Дебора Абиноам улы Барақты Кедеш-Нафталийден шақыртып алып, оған: – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе қасыңа Нафталий ҳәм Зебулон урыўларынан он мың адамды алып, Табор таўына барыўыңды буйырады. 7Ол патша Ябинниң сәркәрдасы Сисераны, оның саўаш арбаларын ҳәм әскерлерин Кишон сайына, сениң алдыңа апарып, саған тәслим қылады, – деди. 8Барақ Дебораға: – Егер мениң менен бирге барсаң, бараман. Ал бирге бармасаң, бармайман, – деди. 9Дебора: – Әлбетте, сениң менен бирге бараман, бирақ сен тутқан бул жол өзиңе даңқ алып келмейди. Себеби Жаратқан Ийе Сисераны бир ҳаялға тәслим етежақ, – деди. Солай етип, Дебора Барақ пенен бирге Кедешке кетти. 10Барақ Зебулон ҳәм Нафталий урпақларын Кедешке жыйнады. Барақтың изине он мың адам ерди. Дебора да оның менен бирге кетти. 11Кен тийресинен болған Хебер Муўсаның қәйин атасы Хобабтың урпағынан болған тийрелеслеринен бөлек шығып, Кедешке жақын жердеги Саананнимдеги теребинф ағашының жанына шатырын тиккен еди. 12Абиноам улы Барақтың Табор таўына шыққанын еситкен Сисера 13тоғыз жүз темир саўаш арбасын ҳәм қасындағы барлық әскерлерин Харошет-Гойымнан шығарып, Кишон сайына топлады. 14Дебора Бараққа: – Қәне, атлан! Себеби бул күн – Жаратқан Ийениң Сисераны саған тәслим ететуғын күни. Жаратқан Ийе сениң алдыңда барады, – деди. Солай етип, Барақ он мың адамды ертип, Табор таўынан түсти. 15Барақ ҳүжим қылғанда, Жаратқан Ийе Сисераны, оның саўаш арбаларын ҳәм әскерлерин албыратты. Сонда Сисера саўаш арбасынан түсип, жаяў қашып кетти. 16Барақ оның саўаш арбаларын ҳәм әскерлерин Харошет-Гойымға дейин қуўып барды. Сисераның пүткил әскерлери қылыш жүзинен өткерилди. Ҳеш бири аман қалмады. 17Ал жаяў қашып кеткен Сисера болса, кенлерден болған Хебердиң ҳаялы Яелдиң шатырына келди. Өйткени Хасордың патшасы Ябин менен Хебердиң шаңарағы арасындағы қарым-қатнас жақсы еди. 18Яел Сисераны күтип алыўға шығып, оған: – Қорқпаң, мырзам. Келиң, шатырыма кириң, – деди. Сисера ҳаялдың шатырына киргенде, ҳаял оның үстине бир жапқышты жаўып қойды. 19Сисера: – Шөлледим, өтиниш, ишиўге аз-маз суў бер, – деди. Яел сүт месин ашып, Сисераға сүт ишкизгеннен кейин, оның үстин және жаўып қойды. 20Сисера ҳаялға: – Шатырдың кирер аўзында тур. Егер биреў келип: «Шатырыңда ким бар?» – деп сораса, «Ҳеш ким жоқ», – деп жуўап бер, – деди. 21Хебердиң ҳаялы Яел қолына шатырдың бир қазығы менен балғаны алды. Ол шаршағанлықтан қатты уйқыға кеткен Сисераның қасына әсте жақынлап барды да, қазықты оның шекесине қақты ҳәм қазық тесип өтип, жерге кирип кетти. Сисера сол заматта-ақ өлди. 22Сол ўақытта Барақ Сисераны қуўып киятырған еди. Яел Барақтың алдынан шығып, оған: – Ишке кир, излеп киятырған адамыңды саған көрсетейин, – деди. Барақ ҳаялдың шатырына кирип барғанда, шекесине қазық қағылып, өлип атырған Сисераны көрди. 23Солай етип, Қудай сол күни қананлы патша Ябинди Израил халқына бойсындырды. 24Израил халқы қанан патшасы Ябинге күннен-күнге қарсы турып, ақырында оны жоқ қылды.
Copyright information for
KaaIBT22C