Judges 5:4-5
4Сеирден шыққаныңда, Жаратқан Ийе,
Эдом жеринен жүрис қылғаныңда,
Жер силкинди, аспаннан жаўын қуйды.
Аўа, бултлар жаўын қуйдырды.
5Таўлар Жаратқан Ийениң алдында титиреди,
Ҳәттеки, титиреди Синай таўы,
Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң алдында.