Judges 6
Гидеон
1Израиллылар Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди және иследи. Жаратқан Ийе де оларды жети жыл мидянлыларға тәслим етти. 2Мидянлылардың израиллыларға көрсеткен зулымлығы соншелли аўыр болғанлықтан, израиллылар өзлери ушын таўларда паналайтуғын жерлер, үңгирлер ҳәм қорғанлар ислеп алды. 3Израиллылар егин еккен ўақтында, мидянлылар, амалеклер ҳәм күншығыстағы басқа халықлар елге басқыншылық ететуғын еди. 4Олар Израилда ордаларын қурып алып, Газаға дейинги егинлерин жоқ қылатуғын ҳәм тиришилик етиўге керекли болған қой, сыйыр, ешек сыяқлы нәрселердиң ҳеш қайсысын қоймайтуғын еди. 5Себеби олар өзлериниң маллары ҳәм шатырлары менен бирге шегиртке сыяқлы көп болып келетуғын еди. Олардың өзлериниң де, түйелериниң де есап-саны жоқ болып, Израилды ўайран етиў ушын, ел бойлап жүретуғын еди. 6Израил халқы мидянлылар себепли соншелли жарлыланып қалғанлықтан, олар Жаратқан Ийеге жалбарына баслады. 7Израиллылар мидянлылар себепли Жаратқан Ийеге жалбарынғанда, 8Жаратқан Ийе оларға бир пайғамбар жиберди. Пайғамбар оларға былай деди: – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Сизлерди Мысырдан, қул болған жериңизден Мен алып шықтым. 9Сизлерди мысырлылардың ҳәм пүткил зулым етиўшилердиң қолынан Мен қутқардым. Оларды алдыңыздан қуўып, жерлерин сизлерге бердим. 10Сонда Мен сизлерге: „Мен – сизлердиң Қудайыңыз Жаратқан Ийе боламан. Өзлериңиз жерлеринде жасап атырған аморлардың қудайларына табынбаңлар“, – деген едим. Бирақ сизлер сөзиме қулақ салмадыңлар». 11Соннан кейин, Жаратқан Ийениң периштеси келип, Офра қаласындағы Абиезер әўладынан болған Иоашқа тийисли теребинф ағашының астында отырды. Сол ўақытта Иоаштың улы Гидеон мидянлылардан жасырып, шарап искенжесинде бийдай түйеклеп атырған еди. 12Жаратқан Ийениң периштеси оған көринип: – Ҳәй, батыр жигит, Жаратқан Ийе сениң менен бирге, – деди. 13Гидеон оған: – О, мырзам, егер Жаратқан Ийе бизлер менен бирге болса, онда булардың барлығы не ушын басымызға түсти? Ата-бабаларымыз бизлерге: «Жаратқан Ийе бизлерди Мысырдан алып шықты», – деп айтып берген еди. Жаратқан Ийениң сол әжайып ислери қайда қалды? Жаратқан Ийе бизлерди таслап кетти ҳәм мидянлыларға тәслим қылды, – деди. 14Жаратқан Ийе Гидеонға қарап: – Өзиңде бар болған күш-қуўатың менен бар да, Израилды мидянлылардың қолынан қутқар. Сени Мен жиберип атырман, – деди. 15Гидеон: – О, Ийем, мен Израилды қалайынша қутқара аламан? Мениң тийрем Менашше урыўындағы ең әззи тийре, мен де үйдеги генже улман, – деди. 16Жаратқан Ийе оған: – Мен сениң менен бирге боламан. Сен мидянлылардың ҳәммесин бир адамды жеңгендей қылып, қырып таслайсаң, – деди. 17Сонда Гидеон: – Егер мен Сениң мийримиңе ерискен болсам, мениң менен сөйлесип атырған Сен екениңди билиўим ушын, маған бир нышан көрсет. 18Илтимас, Саған садақамды әкелип, усынбағанымша, бул жерден кетип қалма, – деди. Жаратқан Ийе Гидеонға: – Сен қайтып келгениңше, усы жерде тураман, – деп жуўап берди. 19Гидеон үйине барып, бир ылақты сойды, бир эфа ▼▼ Бир эфа – шама менен 22 л.
уннан ашытқысыз нан писирди ҳәм гөшти себетке салды да, сорпасын табаққа қуйды. Гидеон буларды теребинф ағашының астына алып барып, периштеге усынды. 20Қудайдың периштеси оған: – Гөшти ҳәм ашытқысыз нанларды алып, оларды мына тастың үстине қой да, сорпаны үстине қуй, – деди. Гидеон айтылғанларды иследи. 21Жаратқан Ийениң периштеси қолындағы таяғының ушын гөш ҳәм ашытқысыз нанға тийгизгенде, тастан от шықты. От гөш ҳәм ашытқысыз нанды жағып, жоқ қылып жиберди. Соннан кейин Жаратқан Ийениң периштеси көзден ғайып болды. 22Гидеон көрген адамының Жаратқан Ийениң периштеси екенин түсинип: – Ўаҳ, Қудай Ийе! Мен Сениң периштең менен жүзбе-жүз көристим, – деди. 23Жаратқан Ийе оған: – Саған тынышлық болсын. Қорқпа, өлмейсең, – деди. 24Гидеон ол жерде Жаратқан Ийе ушын қурбанлық орын иследи. Қурбанлық орынды «Жаратқан Ийе – тынышлық» деп атады. Бул орын бүгин де Абиезер урпақларының Офра қаласында тур. 25Тап сол күни түнде Жаратқан Ийе Гидеонға: – Әкеңниң падасынан жети жасар бир буғаны ал. Соннан кейин, әкеңниң Баал ушын соқтырған қурбанлық орнын бузып, қасындағы кийели ағашты шаўып тасла. 26Усы төбешиктиң үстине Қудайың Жаратқан Ийеге арнап, тегис етип қурбанлық орын қур. Соңынан сол буғаны ал да, өзиң кесетуғын кийели ағашты отын қылып, жандырылатуғын қурбанлық етип бағышла, – деди. 27Гидеон өз адамларынан он адамды қасына алып, Жаратқан Ийениң өзине айтқанларын орынлады. Бирақ ол үйиндегилерден ҳәм қала халқынан қорққанлықтан, буны күндиз емес, ал түнде иследи. 28Азанда ерте турған қала халқы Баалға арналған қурбанлық орынның бузылып атырғанын, кийели ағаштың шабылғанын ҳәм буғаның тазадан қурылған қурбанлық орынның үстинде қурбанлық қылып усынылғанын көрди. 29Сонда олар бир-биринен: «Буны ким иследи?» – деп сорады. Сорастырып көргеннен соң, бул исти Иоаш улы Гидеонның қылғанын билди. 30Сол себептен олар Иоашқа: – Балаңды сыртқа шығар, ол өлиўи керек. Себеби ол Баалдың қурбанлық орнын бузып, қасындағы кийели ағашты шаўып таслаған, – деди. 31Иоаш өзине топылып келген адамларға: – Баалды қорғаў сизлерге қалды ма? Оны қутқаратуғын сизлер ме? Баалды қорғайтуғынлар таңға дейин өлтириледи. Егер Баал қудай болса, ол өзи ушын гүрессин. Өйткени бузылған қурбанлық орын оныки-ғо! – деди. 32Сол күни Иоаш: «Баал өзи ушын өзи гүрессин, өйткени бузылған қурбанлық орын оныки», – деп, Гидеонды Еруббаал ▼▼ Еруббаал – «Баал гүрессин» дегенди билдиреди.
деп атады. 33Сол арада мидянлылар, амалеклер ҳәм шығыс халықлары бирлесип, Иордан дәрьясынан өтти де, Изреел ойпатлығына шатырларын қурды. 34Сонда Жаратқан Ийениң Руўхы Гидеонның үстине түсти ҳәм ол кәрнайын шертип, Абиезер урпақларын өзиниң изине ериўге шақырды. 35Гидеон пүткил Менашше урыўына хабаршылар жиберип, ол жердеги халықты да жыйнады. Ол Ашер, Зебулон ҳәм Нафталий урыўларына да хабаршылар жиберди. Солай етип, олар да бирлесиўге келди. 36Сонда Гидеон Қудайға былай деди: – Егер Өзиң ўәде еткениңдей, Израилды мен арқалы қутқаратуғының ырас болса, 37онда мен мына қырқылған жүнди қырманның үстине жаяман. Егер шық жүнниң үстине түсип, ал жер қурғақ болса, онда Өзиң айтқаныңдай, Израилды мен арқалы қутқаратуғыныңды билемен. 38Солай болды да. Ертеңине азанда ерте турған Гидеон жүнди алып сыққанда, жүннен бир кесе толы суў шықты. 39Соннан кейин, Гидеон Қудайға былай деди: – Маған ғәзепленбе, және бир тилегим бар. Усы жүн арқалы сынаўыма және бир мәрте рухсат ет. Бул рет тек жүн ғана қурғақ болып, жер бетин шық қапласын. 40Қудай сол түнде Гидеонның айтқанын иследи. Жүн қурғақ болып, пүткил жер бетин шық қаплады.
Copyright information for
KaaIBT22C