‏ Judges 8

1Эфрайым урыўының адамлары Гидеонға:

– Мидянлылар менен урысыўға кеткениңде, бизлерди шақырмадың. Бизлерге не ушын бундай қылдың? – деп оны қатты айыплады.

2Гидеон оларға былай деп жуўап берди:

– Сизлердиң ислеген исиңиздиң қасында меники не болыпты? Эфрайымның териминен қалған жүзимлер Абиезердиң пүткил жүзим өнимлеринен жақсырақ емес пе?
3Қудай Мидян басшылары болған Ореб ҳәм Зеебти сизлерге тәслим қылды. Сизлерге тең келетуғындай, мен не ислей алдым?

Гидеонның бул сөзлери олардың ғәзебин қайтарды.

4Гидеон ҳәм оның жанындағы үш жүз адам Иордан дәрьясына келип, дәрьяны кесип өтти. Олар шаршаса да, мидянлыларды қуўыўды даўам етти. 5Ол Суккотқа келгенде, қала халқына:

– Мениң изимнен киятырған адамларыма нан бериңлер, олар ҳалдан тайған. Мен Мидян патшалары Зебах ҳәм Салмуннаның изинен қуўып баратырман, – деди.

6Суккот басшылары оған:

– Сениң әскерлериңе нан бергендей, сен Зебах ҳәм Салмуннаны тутқынға алып па едиң? – деди.

7Гидеон оларға:

– Болады, усы сөзиңиз ушын, Жаратқан Ийе Зебах пенен Салмуннаны маған тәслим еткенде, мен денелериңизди шөл тикенлери ҳәм шеңгеллери менен тилким-тилким қыламан, – деди.

8Гидеон ол жерден Пенуелге кетти ҳәм оның халқынан да тап солай деп өтиниш қылды. Бирақ Пенуел халқы да Суккот халқының берген жуўабын берди. 9Гидеон оларға:

– Саў-саламат изиме қайтқанымда, бул минараны қулатаман, – деди.

10Сол ўақытта Зебах пенен Салмунна он бес мыңға шамалас аман қалған шығыс халықларының әскерлери менен бирликте Қарқорда еди. Қуралланған бир жүз жигирма мың әскер өлген еди. 11Гидеон Нобах ҳәм Иогбоҳаның шығыс тәрепиндеги кәрўан жолы менен барып, аңсыз турған душпан ордасына ҳүжим жасады. 12Зебах пенен Салмунна қашып кетти, ал Гидеон олардың изинен қуўды. Ол Мидянның еки патшасы болған усы Зебах пенен Салмуннаны қолға алып, олардың барлық әскерлерин албыратып таслады.

13Иоаш улы Гидеон урыстан Херес төбешиги бойлап қайтты. 14Жолда Гидеон Суккоттың бир жас жигитин услап алып, оны сораўға тутты. Жас жигит оған Суккоттың жетпис жети басшысы менен ақсақалларының атларын жазып берди.

15Гидеон Суккот халқына барып, оларға былай деди:

– Сизлер маған: «Сениң ҳалдан тайған адамларыңа нан беретуғындай, сен Зебах пенен Салмуннаны тутқынға алып па едиң?» – деп мени масқаралаған едиңиз. Минекей, Зебах пенен Салмунна!

16Соңынан Гидеон қала ақсақалларын топлап, Суккот халқын шөл тикенлери ҳәм шеңгеллери менен жазалады. 17Кейин Пенуел минарасын қулатып, қала халқын өлтирди.

18Соңынан Гидеон Зебах пенен Салмуннадан:

– Таборда өлтиргенлериңиз қандай адамлар еди? – деп сорады. Олар Гидеонға:

– Олар саған уқсаған еди, ҳәммеси патша улларына мегзес еди, – деп жуўап берди.
19Гидеон оларға:

– Олар мениң туўысқанларым, анамның уллары еди. Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен, егер сизлер оларды аман қалдырғаныңызда, мен де сизлерди өлтирмес едим, – деди.
20Соннан кейин, Гидеон туңғыш улы Етерге:

– Қәне, оларды өлтир, – деди. Деген менен, еле жас болған Етер қорқып, қылышын көтермеди.

21Сонда Зебах пенен Салмунна Гидеонға:

– Бизлерди өзиң өлтир. Еркектиң исин тек еркек ислей алады, – деди.

Солай етип, Гидеон барып, Зебах пенен Салмуннаны өлтирди ҳәм түйелериниң мойнындағы ярым ай көринисиндеги безениў буйымларын алды.

22Израиллылар Гидеонға:

– Сен, улың ҳәм ақлығың бизлерге басшылық етиң. Себеби бизлерди мидянлылардың қолынан сен қутқардың, – деди.

23Бирақ Гидеон оларға:

– Мен де, улым да сизлерге басшылық қылмаймыз. Сизлерге Жаратқан Ийе басшылық қылады, – деп жуўап берди.
24Соңынан Гидеон даўам етип:

– Сизлерден бир тилегим бар: маған ҳәр бириңиз олжаларыңыздан бир алтын сырғадан бериңлер, – деди. Душпанлар исмайыллылар болғанлықтан, алтын сырға тағатуғын еди.

25Израиллылар:

– Жан деп беремиз, – деп, жерге бир жайыў жайды да, олжаларынан бир сырғадан жайыўдың үстине таслады.
26Ай көринисиндеги безениў буйымларын, түймелерди, Мидян патшаларының шым қызыл шапанларын ҳәм түйелердиң мойнындағы алтын шынжырларды есапламағанда, Гидеонның алған алтын сырғаларының аўырлығы бир мың жети жүз шекел
Бир мың жети жүз шекел – бир шекел шама менен 11 гр.
шықты.
27Гидеон олардан бир эфод
Эфод – белгисиз кийели бир зат. Сөзликке қараң.
ислетип, оны өз қаласы болған Офраға жайластырды. Пүткил израиллылар усы эфодқа табынып, Жаратқан Ийеге опасызлық қылды. Солай етип, бул Гидеон ҳәм оның шаңарағы ушын бир дузақ болды.

28Израиллылардан жеңилген мидянлылар оларға бир мәрте де қарсы көтерилмеди. Ел Гидеон дәўиринде қырық жыл парахатшылықта жасады.

Гидеонның өлими

29Иоаш улы Еруббаал қайтып келип, өз үйинде жасаўды даўам етти. 30Оның жетпис улы бар еди, себеби оның ҳаяллары көп болды. 31Гидеонның Шехемде бир тоқалы бар еди. Сол тоқалы да бир ул туўып берип, оның атын Абимелех қойды. 32Иоаш улы Гидеон ғаррылық дәўранын сүрип, қайтыс болды. Ол Абиезер урпақларының Офра қаласындағы әкеси Иоаштың қәбирине жерленди.

33Гидеон өлгеннен кейин, израиллылар Жаратқан Ийеге және опасызлық қылып, Баалларға табынды. Олар Баал-Беритти өзлерине қудай етип қойды. 34Өзлерин әтирапындағы душпанларынан қутқарған Қудайы Жаратқан Ийени умытты. 35Және де, олар Израилға сонша жақсылықлар қылған Еруббаалдың, яғный Гидеонның шаңарағына да жақсы қатнаста болмады.
Copyright information for KaaIBT22C