Judges 9
Абимелех
1Еруббаалдың улы Абимелех дайыларының жанына, Шехем қаласына барып, оларға ҳәм анасының тийресинен болған барлық адамларға былай деди: 2– Шехем халқынан: «Сизлер ушын қайсысы жақсырақ? Гидеонның жетпис улы сизлерге бийлик еткени ме ямаса бир адамның бийлик еткени ме?» – деп сораңлар. Мениң өзлериңиз бенен сүйеги бир, қанлас екенимди умытпаңлар. 3Дайылары Абимелехтиң айтқанларын Шехем халқына жеткерди. Соннан кейин, Абимелехке халықтың кеўли ийип: «Ол бизлердиң туўысқанымыз болады», – деди. 4Олар Абимелехке Баал-Берит бутханасынан жетпис шекел гүмис берди. Ал Абимелех бул гүмиске оңбаған ҳәм жарамас адамларды изине ертти. 5Соңынан ол Офраға, әкесиниң үйине кетип, туўысқанларын, яғный Еруббаалдың жетпис улын бир тас үстинде өлтирди. Тек ғана Еруббаалдың генже улы Иотам қашып жасырынғаны ушын аман қалды. 6Кейин пүткил Шехем ҳәм Бейт-Милло халықлары бирге жыйналып, Шехемдеги естелик тастың жанындағы теребинф ағашының қасына барды ҳәм Абимелехти патша етип тайынлады. 7Бул хабар Иотамға жетип барғанда, ол Гериззим таўының төбесине шығып, бәлент даўыс пенен халыққа былай деди: – Ҳәй, Шехем халқы! Мени тыңлаңлар, сонда Қудай да сизлерди тыңлайды. 8Бир күни тереклер өзлерине патша таңлап, оны майламақшы болыпты. Сонда олар зәйтүн ағашына барып: «Бизлердиң патшамыз бол», – депти. 9Зәйтүн ағашы оларға: «Қудайлар ҳәм адамларды ҳүрметке еристириў ушын қолланылатуғын майымды таслап, тереклердиң үстинде шақаларымды тербелтип турайын ба?» – деп жуўап берипти. 10Сонда тереклер әнжир ағашына: «Кел, сен бизлердиң патшамыз бол», – депти. 11Әнжир ағашы оларға: «Жақсы ҳәм мазалы мийўемди таслап, тереклер үстинен басшылық етейин бе?» – деп жуўап берипти. 12Соңынан тереклер жүзим ағашына: «Кел, сен-ақ бизлердиң патшамыз бол», – депти. 13Жүзим ағашы оларға: «Қудайлардың ҳәм адамлардың кеўлин көтеретуғын шарабымды таслап, тереклер үстинен басшылық етейин бе?» – депти. 14Ақыры тереклер шеңгелге келип: «Кел, бизлердиң патшамыз бол», – депти. 15Шеңгел оларға: «Егер шынында да мени майлап, өзлериңизге патша етип қоймақшы болсаңыз, онда келиңлер, көлеңкемде паналаңлар. Егер паналамасаңыз, тикенлеримнен шыққан от Лебанонның кедр ▼▼ Кедр – қарағай ағашқа уқсас нәҳән теректиң бир түри.
ағашларын жандырып жибереди», – депти. 16Минекей, сизлер Абимелехти патша етип сайлап әдил ҳәм дурыс иследик деп ойлайсызлар ма? Еруббаал ҳәм оның шаңарағына жақсылық еткениңиз усы ма? Бул мүнәсибетиңиз әкеме ылайық па? 17Ал әкем сизлерди мидянлылардың қолынан қутқарыў ушын өз жанын қәўип астына қойып, сизлер ушын урысты. 18Бирақ бүгин сизлер әкемниң шаңарағына қарсы қол көтердиңлер, оның жетпис улын бир тастың үстинде өлтирдиңлер. Оның тоқалынан туўылған Абимелехти болса, өз туўысқаныңыз болғаны ушын Шехемге патша қылып қойдыңлар. 19Егер бүгин Еруббаал ҳәм оның шаңарағына әдил ҳәм дурыс ис ислеген болсаңыз, онда Абимелех ушын қуўаның, ол да сизлер ушын қуўансын! 20Бирақ олай болмаса, Абимелехтен от шығып, Шехем ҳәм Бейт-Милло халқын жандырып жиберсин. Я болмаса, Шехем ҳәм Бейт-Милло халқынан от шығып, Абимелехти жандырып жиберсин. 21Соңынан Иотам туўысқаны Абимелехтен узаққа, Беерге қарай қашып кетип, сол жерде жасады. 22Абимелех Израилды үш жыл басқарды. 23Кейин Қудай Абимелех пенен Шехем халқының арасына жаман руўх жиберип, бир-бирине қарсы қылды ҳәм халық Абимелехке бойсынбай қойды. 24Себеби Қудай буны өз туўысқанлары болған Еруббаалдың жетпис улын өлтирген Абимелехтен ҳәм оның бул исин қоллап қуўатлаған Шехем халқынан, олар төккен қанның қунын алыў ушын иследи. 25Шехем халқы Абимелехке қарсы таў басларында буққы жасады ҳәм ол жерден өткенлердиң ҳәммесин тонады. Бул ҳаққында Абимелехке хабар жетти. 26Эбед улы Гаал туўысқанлары менен бирге келип, Шехемге жайласты. Ол Шехем халқының исенимине кирди. 27Олар бағларға барып, жүзим жыйнады ҳәм оны сығып, шарап ислегеннен кейин, байрамлады. Олар өз қудайының бутханасында ишип-жеп отырып, Абимелехке мазақ сөзлер айтты. 28Сонда Эбед улы Гаал былай деди: «Бизлер, яғный Шехем халқы Абимелехке хызмет ететуғындай, ол ким болыпты? Ол Еруббаалдың улы емес пе? Зебул да оның оң қолы емес пе? Сизлер шехемлилердиң атасы Хамордың урпағынан болғанларға хызмет қылыңлар. Абимелехке не деп хызмет етемиз? 29Қәнекей, бул халықты мен басқарсам еди! Сонда Абимелехти өзим қуўып жиберер едим ҳәм оған: „Әскерлериңди көбейтип, саўаш майданына шық!“– дер едим». 30Қала басшысы Зебул Эбед улы Гаалдың сөзлерин еситкенде, ғәзеби қайнады. 31Ол Абимелехке жасырын түрде хабаршылар жоллап, олар арқалы мыналарды айтып жиберди: «Мине, Эбед улы Гаал ҳәм оның туўысқанлары Шехемге келди. Олар қаланы саған қарсы қоймақта. 32Енди сен түнде адамларың менен бирге келип, атызда буққы таслап жат. 33Азанда таң атыўдан-ақ орныңнан турып, қалаға ҳүжим жаса. Гаал ҳәм оның адамлары саған қарсы шыққанда, оларға қолыңнан келгенин исле». 34Солай етип, Абимелех ҳәм оның адамлары түнде турып, төрт топарға бөлинди де, Шехемге жақын жерде буққы таслап жатты. 35Эбед улы Гаал сыртқа шығып, қала дәрўазасының аўзында турғанда, Абимелех ҳәм оның қасындағылар буққыда жатырған жеринен шықты. 36Киятырғанларды көрген Гаал Зебулға: – Таўлардың төбесинен түсип киятырғанларға қара! – деди. Зебул оған: – Адамларға уқсатып турғаның негизинде таўлардың көлеңкеси-ғо, – деди. 37Бирақ Гаал сөзин даўам етип: – Қара, үлкемиздиң ортасындағы төбешиктен адамлар түсип киятыр. Палкерлер теребинфи тәрептен де бир топар киятыр, – деди. 38Сонда Зебул Гаалға: – Енди сениң: «Бизлер Абимелехке хызмет ететуғындай, ол ким болыпты?» – деген сөзиң қаяқта? Сен менсинбеген халық усы емес пе? Қәне, енди шығып, олар менен өзиң урыс, – деди. 39Гаал Шехем халқын баслап, Абимелех пенен урысыўға шықты. 40Бирақ ол жеңилип қаша баслады ҳәм Абимелех оның изинен қуўды. Қаланың кирер аўзына дейинги аралықта көп санлы өлилер жайрап жатты. 41Абимелех Арумада қалды. Ал Зебул Гаалға ҳәм оның туўысқанларына Шехемде жасаўға рухсат бермей, оларды қаладан қуўып жиберди. 42Ертеңине Абимелех шехемлилердиң атызларға шыққанынан хабар тапты. 43Ол адамларын үш топарға бөлип, атызларда буққы таслап жатты. Халықтың қаладан шыққанын көргенде ҳүжим қылып, оларды өлтирди. 44Абимелех жанындағы топары менен жылдам түрде қаланың кирер аўзына барып турғанда, басқа еки топары атызда болғанларға ҳүжим жасап, оларды өлтирди. 45Абимелех күн бойы қалаға қарсы урысып, қаланы қолға киргизди ҳәм халқын қылыштан өткизди. Қаланы ўайран етип, үстине дуз септи. 46Шехем минарасындағы адамлар болған ўақыялар ҳаққында еситкенде, Эл-Берит бутханасының қорғанын паналады. 47Абимелех Шехем минарасында болғанлардың сол жерге жыйналғанынан хабар тапты. 48Сонда ол қасындағы адамлары менен бирге Салмон таўына шықты. Қолына бир балта алып, теректиң шақасын шапты да, оны ийнине қойып, қасындағы халыққа: «Мениң не ислегенимди көрдиңлер, дәрриў сизлер де солай ислеңлер», – деди. 49Солай етип, ҳәммеси бир шақадан кесип алып, Абимелехтиң изине ерди. Олар шақаларды қорғанның түбине үйип, от берди. Солай етип, Шехем минарасындағы мыңға жақын еркек ҳәм ҳаяллар өлди. 50Соннан кейин, Абимелех Тебеске барды да, қаланы қамал қылып, оны қолға киргизди. 51Қаланың ортасында беккем бир минара бар еди. Еркек ҳәм ҳаяллар, пүткил қала халқы сол жерди паналады. Олар қапыларды илип, минараның төбесине шықты. 52Абимелех минараға келип, оған ҳүжим қылды. Бирақ ол минараға от бериў ушын қапысына жақынласқанда, 53бир ҳаял дигирманның үстинги тасын Абимелехтиң үстине ылақтырып жиберип, басын жарды. 54Абимелех дәрҳал қурал-жарағын алып жүретуғын нөкерин шақырып алды да, оған: – Қылышыңды шығар да, мени өлтир. Ҳеш ким: «Абимелехти бир ҳаял өлтирди» деп айтып жүрмесин, – деди. Нөкер қылышын Абимелехке суғып, оны өлтирди. 55Абимелехтиң өлгенин көргенде, израиллылар үйлерине қайтты. 56Солай етип, жетпис туўысқанын өлтирип, әкесине қарсы жаўызлық қылғаны ушын, Қудай Абимелехти усылай жазалады. 57Қудай Шехем халқын да ислеген барлық жаўызлықлары ушын жазалады. Олар Еруббаалдың улы Иотамның ғарғысына ушырады.
Copyright information for
KaaIBT22C