Lamentations 1
Ерусалимди жоқлаў
1Әттегене-ай!Бир ўақытлары адамға толы қала,
Қалайынша енди жалғызланып қалды!
Миллетлер арасында уллы саналған,
Жесир ҳаялға уқсап қалды.
Ўәлаятлардың ханымы болған,
Енди күңге айланды.
2Түн бойы ол зар жылайды,
Көз жаслары шекелеринен ағады.
Барлық ойнаслары арасында,
Оны жубататуғыны жоқ.
Барлық дослары сатқынлық етти,
Оның душпанларына айланды.
3Яҳуда апатшылық ҳәм аўыр қуллық астында,
Сүргин қылып алып кетилди.
Ол басқа миллетлер арасында жасап,
Ҳеш тынышлық таппады.
Ол қысқыға ушырағанда,
Қуўғын қылыўшылардың қолына түсти.
4Сионға баратуғын жоллар аза тутпақта,
Себеби белгиленген байрамларға келетуғын ҳеш ким жоқ.
Барлық дәрўазалары ҳүўлеп қалды,
Руўханийлери аўыр гүрсинбекте.
Бул қаланың қызлары қайғы-азап шекпекте,
Қаланың өзи де ғамға батқан.
5Душпанлары басшы болып алған,
Жаўлары берекет таппақта.
Қылмысының аўырлығы себепли,
Жаратқан Ийе бул азапты Сионға жаўдырды.
Балалары душпанның алдына салынып,
Тутқын қылып алып кетилди.
6Қыз Сион өз саўлатын жойтты.
Басшылары жайлаў таппаған суўын яңлы,
Аңшыдан қашыўға мәдары қалмады.
7Азап ҳәм сергизданлық күнлеринде,
Ерусалим бурын ийелеген барлық ғәзийнелерин еске алады.
Халқы жаў қолына түскенде,
Оған жәрдем берген болмады.
Оның қулағанын тамашалап,
Душпанлар үстинен күлди.
8Ерусалим аўыр гүна иследи,
Сол себепли ҳарам болды.
Оны ҳүрмет еткенлер жалаңашлығын көрип,
Оған жек көриўшилик пенен қарады.
Енди болса ол гүрсинип,
Ҳәммеден жүзин жасырмақта.
9Оның жазығы аўыр еди,
Бирақ ақыбетин ойламады.
Ол жан түршигерли тәризде қулады,
Оған тәселле бериўши болмады.
«О, Жаратқан Ийе, аўыр аўҳалыма бир нәзер сал,
Себеби душпан меннен үстин шықты!»
10Душпан оның ең қымбатлы затларына қол салды,
Басқа миллетлерге Өз жыйыныңа кириўди қадаған қылған болсаң да,
Ерусалим олардың Мухаддес мәканға киргенин көрди.
11Қаланың пүткил халқы нан излеп аҳ урмақта,
Жүрек жалғаў ушын, бар байлығын бермекте.
«О, Жаратқан Ийе, нәзер салып,
Қандай хорланғанымды көр!
12Ҳәй, жолдан өтип баратырғанлар!
Сизлерге бәри бир ме?
Аўҳалыма бир қарап көриң,
Мен жолыққан дәрттей дәрт бар ма?
Жаратқан Ийе ғәзеби лаўлаған күни,
Бул дәртти басыма төкти.
13Ол жоқарыдан от жиберип,
Сүйеклеримди күйдирди.
Аяқларыма тор таслап,
Мени артқа қайтарды.
Мени ўайран етип,
Күн бойы ҳалдан тайдырды.
14Гүналарымнан маған мойынтырық иследи,
Ийе оларды Өз қоллары менен бириктирип байлап,
Оны мениң мойныма асып қойды,
Оның менен күшимди ҳәлсиретти.
Мени өзим қарсы тура алмайтуғын,
Душпанларымның қолына берди.
15Ийе мендеги барлық батырларымды жерге урды,
Жигитлеримди қырыў ушын маған қарсы ләшкер топлады.
Ийе пәк қыз Яҳуданы,
Жүзим сыққандай етип женишти.
16Булар ушын еңиреймен,
Көзимнен жас сел болып ағады.
Қасымда мени жубатып,
Жанымды жай таптырар ҳеш ким жоқ.
Балаларым ўайран болды,
Себеби душпан үстин келди».
17Сион қолларын созады,
Бирақ оған тәселле беретуғын жоқ.
Яқыпқа душпан болыўды,
Жаратқан Ийе буйырды қоңсы халықларға.
Ерусалим олардың арасында ҳарам нәрсеге айланды.
18«Аўа, Жаратқан Ийе әдил,
Мен Оның буйрығына қарсы шықтым.
Ҳәй барлық халықлар, маған қулақ салың,
Мениң шегип атырған азабыма қараң.
Жас қызлар менен жигитлерим сүргин қылынды.
19Мен ойнасларымды шақырдым,
Бирақ олар мени сатты.
Руўханийлерим менен ақсақалларым,
Жан сақлаў ушын азық излеп жүрип,
Қала ишинде жан тапсырды.
20Қара, Жаратқан Ийе, қандай азап шегип атырман,
Ишим жанып, жүрегим қақ айырылмақта,
Себеби Саған қарсы бас көтердим.
Сыртта қылыш балаларымнан айырмақта,
Иште өлим ҳүким сүрмекте.
21Адамлар аҳыў-наламды еситти,
Бирақ маған тәселле бериўши жоқ.
Барлық душпанларым апатшылығымнан хабар тапты,
Маған ислегенлериңнен шад болды.
Сен жәриялаған сол күнди алып кел,
Олар да мениң аўҳалыма түссин.
22Пүткил жаўызлықлары нәзериңнен қашпасын,
Барлық қылмысларым ушын маған не қылған болсаң,
Оларға да соны исле.
Аҳыў-налам көп,
Жүрегимде мәдарым қалмады».
Copyright information for
KaaIBT22C