Lamentations 2
Ерусалимниң жазаланыўы
1Әттегене-ай! Қалайынша Ийе ғәзеп атына минип,Қыз Сионды қара булт пенен қаплады.
Ол Израилдың гөззаллығын,
Көклерден жерге ылақтырды.
Қәҳәри келген күни,
Аяқ қойғышы болған Ибадатхананы еске алмады.
2Яқыптың урпақларының пүткил мәканларын,
Ийе аяўсыз жалмап жутты.
Ғәзеби келип, қырып таслады,
Қыз Яҳуданың қорғанлы қалаларын.
Патшалығын ҳәм ҳүкимдарларын,
Хорлап, жер менен жексен қылды.
3Ғәзеби қайнап,
Израилдың пүткиллей шақын сындырды.
Душпан ҳүжим қылғанда,
Оң қолын Израилдың үстинен тартып алды.
Дөгеректи жалмайтуғын жалындай болып,
Яқыптың журтын жандырып жиберди.
4Ол душпан киби оқ жайын тартып,
Жаў киби оң қолын иске салды.
Көзге жағымлы көрингенлердиң ҳәммесин өлтирип,
Қыз Сионның шатырының үстине,
Ғәзебин от киби төкти.
5Ийе душпандай болып,
Израилды жалмап жутты.
Барлық сарайларын жалмап жутып,
Қорғанлы қалаларын ўайран етти.
Қыз Яҳуданың пәриядын,
Аҳыў-наласын арттырды.
6Ибадатханасын бағдағы қостай етип қулатты,
Жыйналатуғын орынды қарабақанаға айландырды.
Жаратқан Ийе Сионда белгиленген байрамларды,
Шаббат күнлерин умыттырды.
Қәҳәр-ғәзепке минип,
Патша ҳәм руўханийлерден жүз бурды.
7Ийе Өз қурбанлық орнынан ўаз кешти,
Мухаддес мәканын тәрк етти.
Ибадатхана имаратын,
Душпан қолына берди.
Жаратқан Ийениң Үйинен шыққан душпан шаўқымы,
Байрам күниндеги даўысқа мегзеди.
8Жаратқан Ийе қыз Сионның дийўалын,
Ўайран қылыўды шешти.
Ол жақсылап жобаластырды,
Ырайынан қайтпай, ҳәммесин набыт қылды.
Солай етип, сыртқы ҳәм ишки дийўаллар аза тутпақта,
Екеўи де ҳалдан тайды.
9Дәрўазасын топыраққа былғап,
Ийе тәмбилерин сындырып, жоқ қылды.
Патшасын ҳәм көсемлерин,
Жат миллетлер арасына сүргин қылды.
Енди халыққа Қудайдың нызамлары үйретилмейди,
Пайғамбарларына да Жаратқан Ийеден аян келмейди.
10Қыз Сионның ақсақаллары,
Тил қатпастан жерде отырыпты,
Басларына топырақ шашып,
Аза кийимин кийип алған.
Басларын төмен салбыратып алған,
Ерусалимниң жас қызлары да.
11Жас төгиўден көзлерим талды,
Қәлбим өртенбекте.
Халқымның набыт болғаны зардабынан,
Жүрегим тилким-тилким болмақта.
Себеби қала көшелеринде,
Балалар ҳәм нәрестелер естен танып жатырыпты.
12Олар: «Нан менен суў бер», – деп,
Аналарына пәрияд қылмақта,
Жарадар киби, қала көшелеринде естен танып,
Аналарының баўырында жан тәслим қылмақта.
13Мен саған не айтайын?
Сени неге мегзетейин, о, қыз Ерусалим?
О, пәк қыз Сион!
Жубатыўым ушын, сени неге теңейин?
Жарақатың теңиздей терең,
Саған ким шыпа бере алады?
14Пайғамбарларың көрген аянлар,
Жалған ҳәм мәниссиз болып шықты.
Абаданшылығыңды қайта тиклеў ушын,
Қылмысларыңды бетиңе айтпады.
Олар көрген жалған аянлар,
Сени жолдан шығарды.
15Жолдан өткенлер қол шошайтып,
Қыз Ерусалим, сени табалап, бас шайқап:
«Гөззаллық көрки,
Пүткил дүньяның қуўанышы делинген қала усы ма?» – дейди.
16Барлық душпанлар саған аўзын кең ашып,
Табалап, тислерин қайрайды.
«Бизлер оны жалмап жуттық!
Мине, биз күткен күн!
Ақыры бул күнге де жеттик, оны көрдик!» – дейди.
17Жаратқан Ийе Өз нийетин әмелге асырды.
Әййемги заманларда айтқанындай,
Айтқан сөзин орынлады,
Сени аяўсыз набыт қылды.
Аўҳалыңа душпанларды шад қылды,
Жаўларыңды күшке толтырды.
18Ийеге қатты жалбарын!
Ҳәй, қыз Сионның дийўалы!
Күндиз-түни көз жасыңды дәрья киби ағыз,
Өзиңе тынышлық берме,
Көз жасың ҳасла тоқтамасын!
19Тур, түни менен қайта-қайта жалбарын,
Кеўлиңдегини Ийе дәргайында суў киби төк!
Ҳәр бир көшениң басында, ашлықтан қулап атырған,
Перзентлериңниң жаны ушын,
Қол жайып, Оған жалбарын.
20Қара, Жаратқан Ийе, халқыңның аўҳалын көр!
Қайсы халықты бундай аўҳалға салған едиң?
Ҳаяллар еркелетип өсирген балаларын жей ала ма?
Руўханий ҳәм пайғамбарлар Мухаддес мәканда өлтириле ме?
21Жасы-ғаррысы көшеде шаңға былғанып жатыр,
Қыз-жигитлерим қылыштан қырылды.
Ғәзебиң келген күни Сен оларды өлтирдиң,
Ҳәммесин аяўсыз баўызладың.
22Белгиленген байрам күниндегидей шақырып,
Ҳәр тәрептен маған қарсы душпанларды жыйнадың.
Жаратқан Ийениң ғәзеби келген күни,
Ҳеш ким қашып қутыла алмады,
Бирде биреўи жан сақлап қала алмады,
Еркелетип өсиргенлеримди душпаным қырып таслады.
Copyright information for
KaaIBT22C