‏ Lamentations 3

Қайғыға батқан адам

1Қудайдың ғәзеп таяғын жеп,
Азап шеккен адамман мен.
2Ол мени айдап апарып,
Жақты түспейтуғын қараңғылықта жүргизди.
3Пүткил күн даўамында қайта-қайта,
Тек маған қарсы қолын көтерди.
4Етимди, теримди тоздырып,
Сүйеклеримди сындырды.
5Мени қамал қылып,
Ҳәсиретли аўырманлық пенен қоршап алды.
6Әзелде әлемнен өткенлер сыяқлы,
Мени қараңғылықта жасаўға мәжбүрледи.
7Қашпаўым ушын, әтирапымды дийўал менен қоршады,
Аўыр шынжырлар менен кисенледи.
8Пәрияд етип, жалбарынғанымда да,
Ол дуўамды қабыл қылмады.
9Жонылған таслар менен жолымды тосып,
Соқпақларымды былғастырып таслады.
10Қудай мен ушын буққыдағы айыўға,
Жасырын жатқан арысланға уқсайды.
11Ол мени жолымнан шығарып, тилкимледи,
Дәрмансыз жалғыз қалдырды.
12Оқ жайын керип,
Мени оғына нышан қылды.
13Оқ қалтасынан оқлар алып атып,
Баўырымды тести.
14Мен пүткил халқыма күлки болып,
Күн бойы айтатуғын қосығына айландым.
15Ол мени ашшы ҳәсиретке тойдырып,
Жуўсанның ашшы суўын иштирди.
16Өзимди топыраққа былғап,
Тас пенен тислеримди сындырды.
17Жаным тынышлықтан маҳрум болды,
Бахыттың не екенин умыттым.
18Өзиме өзим: «Шыдамым таўысылды,
Жаратқан Ийеге болған үмитим сөнди», – дедим.
19Азабым ҳәм сергизданлығым туўралы ойласам,
Ашшы жуўсан ҳәм зәҳәр ишкендей боламан.
20Жаным буны үзликсиз еске алып,
Ишимде езилип атыр.
21Бирақ мынаны жүрегиме түйип,
Соннан үмит етемен:
22Жаратқан Ийениң сүйиспеншилиги себепли,
Биз жоқ болып кетпедик,
Оның реҳимлилиги таўысылмайды.
23Ҳәр күни азанда олар жаңара береди,
Оның садықлығы уллы!
24Мен ишимнен: «Жаратқан Ийе – мениң үлесим,
Сонлықтан мен Оған үмит байлайман», – дедим.

25Жаратқан Ийе Өзине үмит байлағанларға,
Өзин излегенлерге жақсылық қылады.
26Жаратқан Ийениң қутқарыўын,
Үнсиз күткен жақсы.
27Жаслықта мойынтырыққа үйренген жақсы.
28Адам үнсиз, жалғыз отырсын,
Себеби бул аўырманлықты Жаратқан Ийе салды.
29Ет бетинен жерге жығылсын,
Бәлким, еле үмит бар шығар.
30Өзин урғанға шекесин тутсын,
Көрген хорлықты ишине жутсын.

31Себеби Ийе, мәңгиге таслап қоймайды.
32Ол қайғы келтирген болса да,
Уллы мийрими менен реҳим қылады.
33Адамзатты жазалап, азар берсе де,
Буларды Ол жүрек қәлеўи менен қылмайды.
34Үлкедеги барлық тутқынлар,
Аяқ астында езилгенде,
35Қудай Тааланың дәргайында,
Адам ҳуқықынан маҳрум болғанда,
36Даўа исинде адамға әдалатсызлық қылынғанда,
Ийе буларды көрмей ме?
37Буларды Ийениң Өзи буйырмаса,
Ким айтып, жүзеге асырады?
38Жаманлық та, жақсылық та,
Қудай Тааланың аўзынан шықпай ма?
39Өз гүналары ушын жазасын алса да,
Тири қалған екен, адам неге шағым етсин?

40Жолларымызды тексерип, сынап көрейик,
Жаратқан Ийеге қайтып барайық.
41Келиң, көклердеги Қудайға қолларымызды созып,
Жүрегимизди ашып былай дейик:
42«Бизлер қылмыс ислеп, бас көтердик,
Сен де бизлерди кеширмедиң.

43Ғәзепке минип, бизлерди қуўдаладың,
Аяўсыз өлтирдиң.
44Дуўаларымыз еситилмеўи ушын,
Өзиң бултларға бүркенип алдың.
45Бизлерди миллетлер арасында,
Тасланды ҳәм сыпырындыққа айландырдың.
46Барлық душпанларымыз аўзын кең ашып,
Бизлерди табалады.
47Қәўип ҳәм ҳийле,
Қыйраў ҳәм ўайраншылық басымызға түсти».

48Халқымның набыт болғаны себепли,
Көз жасларым сел болып ағады.
49Көз жасым тоқтамай, үзликсиз аға береди,
50Жаратқан Ийе көклерден нәзер салып, көрмегенше.
51Қаламдағы барлық қызлардың аўҳалын көрип,
Жүрегим қайғы-ҳәсиретке батқан.
52Ҳеш қандай себепсиз,
Душпанларым мени қустай аўлады.
53Жанымды алыў ушын шуқырға таслады,
Үстимнен тас атты.
54Суў басымнан асып кетти,
Мен, өлдим деп ойладым.
55Шуқырдың түбинен,
Атыңды айтып шақырдым, о, Жаратқан Ийе.
56«Қулағыңды жаўма, дадымды есит», – дедим.
Сен жалбарынғанымды еситтиң.
57Шақырғанымда, Сен маған жақынлап:
«Қорқпа», – дедиң.
58Ийе, Сен даўа-арзымды қорғап,
Өмиримди сақлап қалдың.
59Жаратқан Ийе, маған қылынған наҳақлықты Сен көрдиң,
Даўама ҳақ ҳүкимиңди шығар.
60Олардың қалай өш алмақшы екенин,
Маған қарсы дүзген жобасын көрдиң.
61Жаратқан Ийе, олардың мени қалай хорлағанын,
Маған қарсы дүзген жобасын,
62Душпанлардың күн бойы мениң үстимнен,
Қалай гәп қылғанларын еситтиң.
63Оларға нәзер сал! Отырса да, турса да,
Мени қосық қылып, үстимнен күледи.
64Оларға қоллары менен ислеген исине жараса,
Жазасын бер, Жаратқан Ийе!
65Олардың жүреклерин түнекке бүрке,
Сениң ғарғысың үстилерине жаўсын!
66Ғәзеп пенен олардың изинен қалмай,
Көклериңниң астынан оларды жоқ қыл, Жаратқан Ийе!
Copyright information for KaaIBT22C