Lamentations 4
Ерусалимниң соңғы күнлери
1Әттегене-ай!Қалайынша алтын қараўытты!
Сап алтын жылтырамай қалды!
Ҳәр көшениң басында,
Мухаддес ҳасыл таслар шашылып жатыр.
2Сионның әзиз балалары,
Сап алтындай қәдирли еди.
Эҳ, енди болса, гүлалшының қолынан шыққан,
Ылай ыдыстай қәдирсиз болып қалды.
3Ҳәтте, сағаллар да емшек берип,
Өз балаларын емизеди.
Бирақ мениң халқым шөлдеги түйеқус киби,
Балаларына реҳимсиз болды.
4Нәрестениң тили шөлден,
Таңлайына жабысып қалды.
Балалар нан сорап, тиленбекте,
Бирақ оларға ҳеш ким бир тислем нан бермейди.
5Ләззетли тағамлар жеп жасағанлар,
Көшелерде ашлықтан набыт болмақта.
Қырмызы кийим кийип өскенлер,
Үйилген тасландылардан аўқат излемекте.
6Халқымның жазасы,
Адамзат қолы тийместен,
Бир демде жоқ болған,
Содомның жазасынан ▼ да аўыр.
7Ерусалим жолбасшылары қардан да таза,
Сүттен де ақ еди.
Денелери яқыттай қызыл,
Көриниси лазуритке мегзер еди.
8Енди болса көмирден де қара,
Көшелерде адам танып болмас оларды,
Етлери сүйеклерине жабысып қалған,
Кеўип қалған ағашқа айланған.
9Ашлықтан өлгеннен гөре,
Қылыштан өлген абзалырақ еди.
Жердиң өниминен маҳрум болып,
Ашлық азабынан жан тәслим қылды.
10Мийримли ҳаяллар өз балаларын,
Өз қоллары менен писирди.
Халқым ўайран болған ўақытта,
Перзентлери оларға азық болды.
11Жаратқан Ийе қәҳәрин толық шашты,
Лаўлаған ғәзебин төкти.
Сионға қарсы тутандырған оты,
Оның тийкарларын да жандырып жиберди.
12Жер жүзиндеги патшалардың да,
Дүньядағы инсанлардың да ҳеш бири,
Ерусалим дәрўазаларын душпанлардың,
Жаўлардың жарып өтетуғынына исенбеди.
13Буларға Ерусалим пайғамбарларының гүнасы,
Руўханийлериниң қылмысы себепши болды.
Себеби олар қала ортасында,
Әдиллердиң қанын төкти.
14Енди олар соқыр адамдай,
Көшелерде қаңғып жүр.
Үстилери қан менен ҳарамланған,
Оларға ҳеш кимниң жақынлағысы келмейди.
15Халық оларға: «Жоқ болың, ҳарамылар!
Кетиңлер, кетиңлер, қол тийгизбеңлер!» – деп бақырады.
Олар солай қуўылып, сергиздан болады.
Бирақ миллетлер арасында да оларға былай делинеди:
«Бул жерден шығып кетиңлер!»
16Жаратқан Ийениң Өзи оларды таратты,
Ол енди оларға нәзер салмайды.
Руўханийлерге ҳүрмет,
Жасы үлкенлерге мийрим көрсетилмейди.
17Бийҳуда жәрдем күтиўден,
Көзлеримиз талды.
Минарада турып күттик,
Қутқара алмайтуғын халықты.
18Душпан адымымызды аңлыды,
Өз көшелеримизде жүре алмай қалдық.
Әжел жетип, күнлеримиз таўысылды,
Өмиримиз паянына жетти.
19Бизди қуўдалағанлар,
Көклердеги бүркиттен де шаққан.
Олар таўларда бизлерди аўлады,
Шөллерде аңлып жатты.
20Өмиримиз деми, Жаратқан Ийениң майлаған патшасы,
Олардың дузағына түсти.
Бизлер ол туўралы: «Оның саясында,
Миллетлер арасында жасаймыз», – деген едик.
21Ҳәй, Ус елинде жасайтуғын,
Қыз Эдом! Шадлан, қуўан!
Бирақ саған да жаза кесеси жетип барады,
Мәс болып, кийимиңди шешесең.
22Ҳәй, қыз Сион! Қылмысыңның жазасы тамамланды,
Ийе сени сүргинде узақ услап турмайды.
Бирақ ҳәй, қыз Эдом, сениң гүналарыңды ашып таслап,
Қылмысларың ушын сени жазалайды.
Copyright information for
KaaIBT22C