Lamentations 5
Реҳим сорап дуўа етиў
1О, Жаратқан Ийе, басымызға түскенлер туўралы ойлап көр.Қара, қандай хор болғанымызды көр!
2Бизге берген жериң жат жерлилерге,
Үйлеримиз келгиндилерге қалды.
3Бизлер әкесиз жетим болып қалдық,
Аналарымыз жесирге айланды.
4Суўымызды пул төлеп ишемиз,
Отынымызды да сатып аламыз.
5Мойнымызға мойынтырық салып жумсамақта,
Қатты шаршадық, тынышлықтан жуда болғанбыз.
6Қарнымызды тойдырыў ушын,
Мысыр менен Ассирияға қол создық.
7Ата-бабаларымыз гүна иследи, бирақ енди өзлери жоқ.
Бизлер болсақ, олардың қылмысы ушын жазаланбақтамыз.
8Қуллар үстимизден ҳүкимдарлық қылмақта,
Олардың қолынан қутқаратуғын ҳеш ким жоқ.
9Даладағы қарақшының қылышы себепли,
Жанымызды қәўип астына қойып нан табамыз.
10Ашлықтың дәртинен,
Тандырдан шыққандай лаплап тур теримиз.
11Сионда ҳаяллардың,
Яҳуда қалаларында қызлардың намысына тийди.
12Жолбасшыларымыз олардың қолы менен асып қойылды,
Ақсақалларымыз ҳүрмет етилмеди.
13Жигитлер дигирман тартпақта,
Балалар аўыр отын астында тентиреклемекте.
14Ақсақаллар қала дәрўазасында мәсләҳәтлесип отырмайтуғын болды,
Жас жигитлер артық қосық айтпайтуғын болды.
15Жүрегимизди шадлық тәрк етти,
Ойын-күлкимиз азаға айланды.
16Басымыздан тажымыз түсип қалды,
Гүна ислегенимиз ушын сорымыз қурыды!
17Жүрегимиз түңилди,
Жылай берип, көзлеримиз гүңгиртлести.
18Себеби Сион таўы ҳүўлеп босап қалды,
Сағаллар ол жерде ызғып жүр.
19Сен болсаң, о, Жаратқан Ийе, мәңгиге ҳүкимдарлық қыласаң,
Сениң тахтың әўладтан-әўладқа даўам етеди.
20Неге Сен бизлерди пүткиллей умыттың?
Неге бизлерди узақ ўақыт таслап қойдың?
21Жаратқан Ийе, бизлерди Өзиңе қайтар,
Бизлер қайтайық,
Бизлерге бурынғы күнлеримизди қайтарып бер.
22Сен бизлерден пүткиллей ўаз кешкен болсаң да,
Ғәзебиң шексиз болса да, солай қыл.
Copyright information for
KaaIBT22C