Leviticus 1
Жандырылатуғын қурбанлықлар
1Жаратқан Ийе Муўсаны шақырып алып, Ушырасыў шатырынан оған былай деди: 2– Сен Израил халқына жәриялап мыналарды айт: «Араңыздағы бириңиз Жаратқан Ийеге қурбанлық бермекши болса, ол ири ямаса майда мал усынсын. 3Егер ири малдан жандырылатуғын қурбанлық беретуғын болса, онда ол минсиз ҳәм еркек мал усынсын. Жаратқан Ийениң бул қурбанлықты қабыл етиўи ушын, қурбанлықты Ушырасыў шатырының алдына алып келсин. 4Сол адам қурбанлық малдың басына қолын қойсын. Сонда қурбанлық адамның гүналарынан пәклениўи ушын қабыл етиледи. 5Кейин ол буғаны Жаратқан Ийениң алдында шалсын. Харонның уллары болған руўханийлер буғаның қанын алып келип, қанды Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдындағы қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберсин. 6Соңынан қурбанлық берип атырған адам жандырылатуғын қурбанлықтың терисин сыйырып алып, оны жиликлеп бөлсин. 7Ал руўханий Харонның уллары қурбанлық орында от жағып, үстине отын қаласын. 8Кейин малдың жиликлерин, басын ҳәм иш майларын сол оттың үстине жайластырсын. 9Малдың ишек-қарны ҳәм туяқлары суў менен жуўылсын. Ал руўханий олардың барлығын қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Бул – жандырылатуғын қурбанлық, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады. 10Егер майда малдан жандырылатуғын қурбанлық беретуғын болса, онда ол минсиз болған еркек тоқлы ямаса теке усынсын. 11Оны қурбанлық орынның арқа тәрепинде, Жаратқан Ийениң алдында шалсын. Харонның уллары болған руўханийлер қанды қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберсин. 12Адам қурбанлықты жиликлеп, басын ҳәм иш майларын айырып алсын. Руўханий оларды қурбанлық орындағы жанып турған оттың үстине жайластырсын. 13Қурбанлықтың ишек-қарны ҳәм туяқлары суў менен жуўылсын. Ал руўханий олардың барлығын қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Бул – жандырылатуғын қурбанлық, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады. 14Егер ким де ким жандырылатуғын қурбанлық етип Жаратқан Ийеге қус бермекши болса, онда ол қумыры ямаса жас кептер усынсын. 15Руўханий оны қурбанлық орынға әкелип, басын үзип алсын ҳәм басын қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Ал қустың қанын қурбанлық орынның қапталына сығып, ағызсын. 16Руўханий қустың жемсегин ишиндеги нәрселери менен бирге шығарып, қурбанлық орынның шығыс тәрепиндеги күл төгилетуғын жерге тасласын. 17Соң қустың қанатларынан услап, қусты қақ айырсын, бирақ оны екиге бөлип тасламасын. Кейин қусты қурбанлық орындағы жанып турған оттың үстине қойып түтетип жандырсын. Бул – жандырылатуғын қурбанлық, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады».
Copyright information for
KaaIBT22C