Leviticus 11
Ҳадал ҳәм ҳарам ҳайўанлар
1Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди: 2– Израил халқына былай деп айтыңлар: «Жер бетинде жасайтуғын ҳайўанлардан мыналардың гөшин жеўиңизге болады: 3туяқлары терең етип екиге айырылған аша туяқлы ҳәм гүйис қайтаратуғын ҳайўанлардың ҳәммесин. 4Бирақ бул ҳайўанлардан тек мыналардың гөшин жеўиңизге болмайды: түйе гүйис қайтарады, бирақ оның туяғы екиге айырылмаған. Сонлықтан ол сизлер ушын ҳарам болады. 5Даман ▼▼ Даман – сурокқа уқсайтуғын ҳайўан.
гүйис қайтарады, бирақ оның туяғы жоқ. Сонлықтан ол сизлер ушын ҳарам болады. 6Қоян гүйис қайтарады, бирақ оның туяғы жоқ. Сонлықтан ол сизлер ушын ҳарам болады. 7Шошқа екиге айырылған, аша туяқлы болғаны менен, ол гүйис қайтармайды. Сонлықтан ол сизлер ушын ҳарам болады. 8Усы ҳайўанлардың гөшин жемеңлер ҳәм олардың өлигине де қол тийгизбеңлер. Олар сизлер ушын ҳарам саналады. 9Суўда жасайтуғын ҳайўанлардан мыналардың гөшин жеўиңизге болады: теңизде, суўларда жасайтуғын қалашлы ҳәм қабыршақлы ҳайўанлардың гөшин жеўиңизге болады. 10Теңизде ҳәм суўларда жасайтуғын қалашсыз ҳәм қабыршақсыз ҳайўанлардың ҳәммеси сизлер ушын мәкириў саналады. 11Булар сизлер ушын жеркенишли саналады. Олардың гөшин жемеңлер ҳәм өлигинен жеркениңлер. 12Суўда жасайтуғын қалашсыз ҳәм қабыршақсыз ҳайўанлардың ҳәммеси сизлер ушын жеркенишли саналады. 13Мына қусларды жеркенишли деп билип, олардың гөшин жемеңлер: бүркит, күшеген, қара қус, 14шайқус, лашын ҳәм оның түрлери, 15ғарғаның барлық түрлери, 16үки, батпақ байыўлысы, шағала ҳәм қаршығаның түрлери, 17үй байыўлысы, қарабай, қулақлы жапалақ, 18ақ қуў, узақша, сипа, 19ләйлек ҳәм қутанның түрлери, өпепек ҳәм жарғанат. 20Қанатлы шыбын-ширкейлердиң ҳәммеси сизлер ушын жеркенишли. 21Ал олардың ишиндеги тек ғана узын аяқлары менен секирип жүретуғынларын жеўиңизге болады. 22Олар: шегирткениң барлық түрлери, шекшек шегиртке, қара шегиртке ҳәм усылардың барлық түрлери. 23Басқа шыбын-ширкейлердиң ҳәммеси сизлер ушын жеркенишли. 24Төмендеги ҳайўанлар сизлерди ҳарамлайды, олардың өлигине бир жерин тийгизген адам кешке дейин ҳарам саналады. 25Ким де ким олардың өлигин тасыса, ол кийимлерин жуўыўы тийис ҳәм ол кешке дейин ҳарам саналады. 26Туяғы екиге айырылған, бирақ туяғындағы жарығы терең болмаған ҳәм гүйис қайтармайтуғын ҳәр бир ҳайўан сизлер ушын ҳарам болады. Оларға бир жерин тийгизген адам да ҳарам саналады. 27Төрт аяқлы ҳайўанлардан пәнжелерин жерге басып жүретуғын ҳайўанлар да сизлер ушын ҳарам болады. Олардың өлигине бир жерин тийгизген адам кешке дейин ҳарам саналады. 28Олардың өлигин тасыған адам кийимлерин жуўсын ҳәм ол кешке дейин ҳарам саналады. Өйткени бул ҳайўанлар сизлер ушын ҳарам. 29Жер баўырлап жүриўши мына ҳайўанлар да сизлер ушын ҳарам саналады: гөртышқан, тышқан, кесирткениң түрлери, 30геккон, ешкемер, дийўал кесирткеси, шөл кесирткеси, хамелеон. 31Барлық жер баўырлаўшылар ишинде сизлер ушын ҳарам деп саналатуғынлары усылар. Олардың өлигине бир жерин тийгизген адам кешке дейин ҳарам саналады. 32Олардың биреўиниң өлиги бир нәрсениң үстине түсип кетсе, оны ҳарам қылады. Сол ҳәр бир исте қолланылатуғын ағаш ыдыс, кийим, тери, я кенеп болсын, оларды суўға салып қойыў керек. Олар кешке дейин ҳарам саналып, соңынан ҳадал саналады. 33Ал егер ҳайўанның өлиги ылай ыдыстың ишине түсип кетсе, онда ыдыстың ишиндеги ҳәр қандай нәрсе ҳарам саналады ҳәм ыдыс сындырып тасланыўы керек. 34Бундай ыдыстағы суў ишип-жеўге болатуғын азық-аўқатқа тамып кетсе, онда булар ҳарам саналады. 35Усындай ҳайўанлардың бириниң өлиги нениң үстине түссе де, соны ҳарам қылады. Ол тандырға ямаса ошаққа түскен болса, онда олар бузып тасланыўы тийис. Себеби олар ҳарам болады ҳәм сизлер ушын да ҳарам саналады. 36Бирақ өлик түскен булақ ямаса суў сақлағыш ғана ҳадал саналады. Ал ҳайўанлардың өлигине бир жерин тийгизген адам ҳарам саналады. 37Егер усы ҳайўанлардың бириниң өлиги егилетуғын туқымға түссе, туқым ҳадал болып қала береди. 38Бирақ егер ол суўға салынған туқымның үстине түссе, туқым сизлер ушын ҳарам саналады. 39Егер гөшин жеўге болатуғын ҳайўан ҳарам өлсе, оның өлигине бир жерин тийгизген адам кешке дейин ҳарам саналады. 40Оның гөшинен жеген адам кийимлерин жуўыўы тийис ҳәм ол кешке дейин ҳарам саналады. Өликти тасыған адам да кийимлерин жуўыўы тийис. Бундай адам кешке дейин ҳарам саналады. 41Жер баўырлап жүриўши барлық ҳайўанларды мәкириў санаңлар. Оларды жемеңлер. 42Қарны менен сүйретилип жүриўши болсын, төрт аяқлы жер баўырлаўшы ҳәм көп аяқлы жаныўарлар болсын, олардың ҳеш бирин жемеңлер. Өйткени олар жеркенишли. 43Олардың ҳеш бири менен өзиңизди мәкириў етпеңлер, олар арқалы ҳарам болып қалмаңлар. 44Себеби Мен – сизлердиң Қудайыңыз Жаратқан Ийе боламан. Мухаддес болыў ушын өзлериңизди Маған бағышлаңлар, себеби Мен – мухаддеспен. Жер баўырлаўшылардың ҳеш бири менен өзлериңизди ҳарамламаңлар. 45Қудайыңыз болыў ушын, сизлерди Мысырдан шығарған Жаратқан Ийе – Мен боламан. Мухаддес болыңлар, өйткени Мен – мухаддеспен. 46Ҳайўанлар, қуслар, суўда жасаўшы ҳәр түрли ҳайўанлар ҳәм жер баўырлаўшылар туўралы қағыйдалар усы болады. 47Ҳарамды ҳадалдан, жеўге болатуғын ҳайўанларды жеўге болмайтуғын ҳайўанлардан айырып билиңлер!»
Copyright information for
KaaIBT22C