Leviticus 13
Тери кеселликлери туўралы
1Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди: 2– Денесинде жаман тери кеселлигине айланыўы мүмкин болған дақ, бөртпе ямаса ақтаңлағы бар адам руўханий Харонға ямаса оның руўханий улларының бирине апарылсын. 3Руўханий теридеги жараны тексерип шықсын. Егер жараның үстиндеги қыл ағарып, жара ойылған болса, онда бул – жаман тери кеселлигине тән жара. Бундай жағдайда терисиндеги жараның усындай екенлиги анықланған адамды руўханий ҳарам деп жәрияласын. 4Ал егер адамның терисинде ақтаңлақ болғаны менен, ол ойылмаған ҳәм үстиндеги қыллар ағармаған болса, онда руўханий кесел адамды жети күн басқалардан бөлеклеп қойсын. 5Жетинши күни руўханий жараны және тексерип көрсин. Егер жара сол ҳалында қалып, териге жайылмаған болса, онда кесел адамды және жети күн бөлеклеп қойсын. 6Руўханий жетинши күни кесел адамды тағы тексерип көрсин. Егер жара териге жайылмаған ҳәм алдынғысынан гөре билинбей баратырған болса, онда ол кеселди ҳадал деп жәрияласын. Бул – әпиўайы бөртпе болғаны. Кесел адам кийимлерин жуўсын ҳәм сонда ол ҳадал деп саналады. 7Руўханийге тексерилип, ҳадал деп саналғаннан кейин, сол адамның терисиндеги бөртпе жайыла басласа, ол қайтадан руўханийге көринсин. 8Руўханий адамды тағы тексерип шықсын. Егер адамның терисиндеги бөртпе жайылған болса, онда руўханий оны ҳарам деп жәрияласын. Демек, сол адамның жаман тери кеселлигине шалынғаны. 9Усы кеселдиң белгиси бар адам руўханийге апарылып, 10руўханий оны тексерип шыққанда, териде ақ дақ табылса, дақтың үстиндеги қыллар да ақ болып, ол аўзы ашық жара болса, 11бул жазылмайтуғын тери кеселлиги болғаны. Руўханий адамды ҳарам деп жәрияласын, оны бөлеклеп қойыўдың пайдасы жоқ. Себеби ол адам әлле қашан ҳарам болып есапланады. 12Егер кеселлик жайылып, жара сол адамды басынан аяғына дейин қаплаған болса, 13онда руўханий оны тексерип шықсын. Егер барлық денеси таза териге қапланған болса, руўханий оны ҳадал деп жәрияласын. 14Бирақ егер жараның аўзы ашық ҳәм қызарған болса, онда адам ҳарам саналады. 15Руўханий қызарған, аўзы ашық жара көрсе, адамды ҳарам деп жәрияласын. Усындай жара ҳарам болып, бул жаман тери кеселлигиниң белгиси. 16– 17Егер жараның аўзы питип, тек ғана ақ дақ қалған болса, онда руўханий тексерип шығып, ол адамды ҳадал деп жәрияласын. 18Егер биреўдиң терисине шыйқан шығып, ол жазылып кеткен болса, 19бирақ шыйқанның орнында ақ ямаса ақшыл қызыл реңдеги ақтаңлақ пайда болса, ол руўханийге көриниўи тийис. 20Руўханий оны тексерип шықсын. Егер дақ терең ойылып, үстиндеги түклер ағарған болса, онда ол адамды ҳарам деп жәрияласын. Бул – шыйқанның орнына шыққан жаман тери кеселлиги болғаны. 21Бирақ егер руўханий тексергенде, дақтың үстиндеги түктиң ағармағанын көрсе, жара терең ойылмай, алдынғысынан гөре билинбей баратырған болса, онда ол адамды жети күн басқалардан бөлеклеп қойсын. 22Егер усы ўақыт даўамында жара жайылып баслаған болса, руўханий ол адамды ҳарам деп жәрияласын. Өйткени бул – жаман тери кеселлиги болғаны. 23Ал егер ақтаңлақ сол ҳалында қалып, жайылмаған болса, бул тек ғана шыйқаннан қалған тыртық болғаны. Руўханий ол адамды ҳадал деп жәрияласын. 24Егер биреў күйип қалып, күйген териде қызғыш ямаса ақ дақ пайда болса, 25онда руўханий жарақатты тексерип шықсын. Ақтаңлақтың үстиндеги түклер ағарып, дақ терең ойылған болса, демек, бул – күйген териниң орнында пайда болған жаман тери кеселлиги. Руўханий бундай адамды ҳарам деп жәрияласын. 26Бирақ егер руўханий ақтаңлақтағы түктиң ағармағанын көрсе, дақ терең ойылмай, алдынғысынан гөре билинбей баратырған болса, онда руўханий ол адамды жети күн басқалардан бөлеклеп қойсын. 27Жетинши күни руўханий оны және тексерип көрсин. Егер дақ териге жайылған болса, онда ол адамды ҳарам деп жәрияласын. Өйткени ол жаман тери кеселлигине шалынған. 28Егер теридеги ақтаңлақ сол ҳалында қалып, териге жайылмаған ҳәм алдынғысынан гөре билинбей баратырған болса, онда бул – күйиктен пайда болған тыртық. Руўханий ол адамды ҳадал деп жәрияласын. 29Бир ер адамның ямаса ҳаялдың басында ямаса ийегинде жара болса, 30руўханий жараны тексерип шықсын. Жара териде терең орналасқан, үстиндеги түклер жиңишке ҳәм сары болса, онда руўханий аўырыў адамды ҳарам деп жәрияласын. Өйткени бул қотыр жара, бас ҳәм ийекте пайда болған жаман тери кеселлиги. 31Деген менен, руўханий бундай жараны тексергенде, жараның терең ойылмағанын, бирақ жараның үстинде қара түк жоқ екенин көрсе, онда ол аўырыў адамды жети күн басқалардан бөлеклеп қойсын. 32Ал жетинши күни руўханий жараны және тексерип көрсин. Егер қотыр жара териге жайылмаған, үстинде сары түк жоқ болып, жара терең ойылмаған болса, 33онда адамның қотыр болған жеринен басқа ҳәмме жериндеги түклер қырып таслансын. Руўханий аўырыў адамды және жети күн басқалардан бөлеклеп қойсын. 34Жетинши күни руўханий қотыр жараны тағы тексерип көрсин. Егер қотыр жара териге жайылмаған ҳәм терең ойылмаған болса, онда руўханий сол адамды ҳадал деп жәрияласын. Аўырыў адам кийимлерин жуўсын, сонда ол ҳадал деп саналады. 35Бирақ аўырыў адам ҳадал деп жәрияланғаннан соң, қотыр жара оның терисине жайылып басласа, 36руўханий оны қайтадан тексерип шықсын. Егер қотыр жайылған болса, онда сарғайған түкти излемесе де болады. Ол адам ҳарам болып саналады. 37Ал егер қотыр жара сол ҳалында қалып, үстине қара түк шыққан болса, онда қотыр жазылғаны. Адам ҳадал болады, руўханий оны ҳадал деп жәрияласын. 38Бир ер адамның ямаса ҳаялдың терисинде ақтаңлақлар пайда болса, 39онда руўханий оны тексерип шықсын. Теридеги ақтаңлақлар алдынғысынан гөре билинбей баратырған ҳәм ақшыл болса, бул – бөртпе болғаны. Адам ҳадал саналсын. 40– 41Егер адамның төбе шашы ямаса шашының алды бети төгилген болса, онда бул – кәл болғаны. Адам ҳадал саналады. 42Бирақ кәл болған адамның басында қызғыш ақ жаралар пайда болса, онда ол адамның жаман тери кеселлигине шалынғаны. 43Руўханий оны тексерип көрсин. Басының төбесиндеги ямаса алды бетиндеги дақлар жаман тери кеселлигине тән жаралар сыяқлы ақшыл қызыл болса, 44онда адам усындай тери кеселлигине шалынған болып, ол ҳарам саналады. Басындағы жара себепли руўханий оны ҳарам деп жәрияласын. 45Жаман тери кеселлигине шалынған адамның кийимлери жыртылып, шашлары жайылған болсын. Адам жүзиниң төменин жаўып: «Ҳарамман! Ҳарамман!» – деп бақырсын. 46Ол адам кеселлиги даўамында ҳарам саналып, халықтан узақта, орданың сыртында жасасын.Баз басыў ҳаққында
47– 48– Егер жүн ямаса зығыр кийимди, ҳәр қандай жүн ямаса зығыр жиптен тоқылған гезлеме, тери ямаса тери буйымды баз басып кетсе 49ҳәм булардағы баз басқан дақ жасыл ямаса қызыл түске енсе, онда олар руўханийге көрсетилиўи тийис. 50Руўханий оларды тексерип көрип, зыянланған нәрсени жети күн бөлек сақласын. 51Жетинши күни оны және тексерсин. Егер кийимде, гезлемеде ямаса қандай да бир мақсет пенен қолланылған тери буйымда баз басқан жер жайылса, бул зыянлы болғаны. Зыянланған зат ҳарам саналады. 52Үсти баз басқан ҳәр бир зат руўханий тәрепинен жағып жиберилсин. Өйткени бул зыянлы нәрсе болғанлықтан, жандырып жиберилиўи керек. 53Егер руўханий кийимдеги, гезлемедеги ямаса қандай да бир тери буйымдағы баз басқан жердиң жайылмағанын көрсе, 54баз басқан затты жуўыўды буйырсын. Руўханий оны және жети күн бөлек сақласын. 55Соннан кейин, руўханий оны және тексерсин. Егер баз жайылмағаны менен реңи бурынғыдай жасыл ямаса қызыл болса, ол ҳарам саналады. Бул заттың иши ямаса сырты баз басып кетсе, ол жандырып жиберилиўи тийис. 56Бирақ сол заттың баз басқан жери алдынғысынан гөре билинбей баслаған болса, руўханий кийимдеги, теридеги ямаса гезлемедеги баз басқан жерди кесип тасласын. 57Егер сол затларда және баз басқан жер көринсе, ол жайылып баслағаны. Онда бундай затты жағып жибериўиңиз тийис. 58Жуўылған кийимнен, гезлемеден ямаса тери буйымнан баз басқан жер жоқ болып кетсе, онда ол қайтадан жуўылсын. Соннан соң, ол ҳадал саналады. 59Баз басқан жүн ямаса зығыр кийим, гезлеме ямаса тери буйым ҳарам ямаса ҳадал деп жәрияланыўы ушын қолланылатуғын қағыйдалар усылардан ибарат.
Copyright information for
KaaIBT22C