‏ Leviticus 14

Жаман тери кеселлигинен тазаланыў ҳаққында

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

2– Жаман тери кеселлиги менен аўырған адамның ҳадал қылынатуғын күни мына пәклениў қағыйдасы қолланылыўы тийис: аўырыў адам руўханийге апарылсын. 3Руўханий оны тексериў ушын орданың сыртына шықсын. Егер аўырыў адам тәўир болған болса, 4руўханий оны пәклеў ушын еки ҳадал тири қус, кедр
Кедр – қарағай ағашқа уқсас нәҳән теректиң бир түри.
ағашын, қырмызы жип ҳәм майоран шөбин
Майоран шөби – бул назбайгүл шөбине туқымлас өсимлик.
әкелиўди буйырсын.
5Руўханийдиң буйрығы менен қуслардың биреўин таза булақ суўы қуйылған ылай ыдыстың үстинде шалсын. 6Кейин руўханий тири қусты, кедр ағашын, қырмызы жипти ҳәм майоран шөбин сойылған қустың қаны менен араластырылған таза булақ суўына батырсын 7ҳәм тери кеселлигинен пәкленетуғын адамның үстине жети мәрте серпсин. Соннан кейин, руўханий оны ҳадал деп жәриялап, тири қусты ашық далаға жиберсин. 8Пәкленетуғын адам кийимлерин жуўып, барлық шашларын қырқып тасласын ҳәм суўға жуўынсын, сонда ол ҳадал саналады. Кейин ол ордаға кириўине болады, бирақ жети күн шатырының сыртында жасасын. 9Жетинши күни ол шашын, сақалын, қасларын ҳәм денесиндеги барлық жүнлерин қырып тасласын. Кийимлерин жуўып, өзи де суўға жуўынып болғаннан соң, ҳадал саналады.

10Сегизинши күни ол минсиз еки еркек тоқлы, бир жасар минсиз қой, ғәлле садақасы сыпатында зәйтүн майы менен араластырылған оннан үш эфа сапалы ун ҳәм бир лог
Бир лог – шама менен 0,3 л.
зәйтүн майын алып келсин.
11Пәклеў хызметин орынлап атырған руўханий булардың барлығын ҳәм пәкленип атырған адамды Жаратқан Ийениң алдына, Ушырасыў шатырының алдына алып келсин. 12Кейин руўханий тоқлылардың биреўин алып, оны бир лог зәйтүн майы менен бирге айып қурбанлығы етип усынсын. Буларды Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынсын. 13Тоқлыны гүна қурбанлығы ҳәм жандырылатуғын қурбанлық шалынатуғын мухаддес жерде шалсын. Өйткени гүна қурбанлығы сыяқлы айып қурбанлығы да руўханийге тийисли. Бул қурбанлық жүдә мухаддес болып есапланады. 14Руўханий пәкленетуғын адамның оң қулағының сырғалығына, оң қолының ҳәм оң аяғының бас бармағына айып қурбанлығының қанынан сүртсин. 15Соннан кейин, ол бир лог зәйтүн майынан азғантай алып, өзиниң шеп алақанына қуйсын. 16Оң қолының бармағын сол майға батырып, Жаратқан Ийениң алдында жети мәрте серпсин. 17Пәкленетуғын адамның оң қулағының сырғалығына, оң қолының ҳәм оң аяғының бас бармағына айып қурбанлығынан сүртилген қанның үстине қолындағы майдан сүртсин. 18Соның менен бирге, руўханий алақанында аўысып қалған майды пәкленетуғын адамның басына сүртип, Жаратқан Ийениң алдында оны пәклесин.

19Соннан соң, руўханий гүна қурбанлығын берип, пәкленетуғын адамды ҳарамлығынан пәклесин. Буннан кейин жандырылатуғын қурбанлықты шалып, 20оны ғәлле садақасы менен бирге қурбанлық орында жағып жиберсин. Усылай етип, руўханий оны пәклейди ҳәм сол адам ҳадал болып есапланады.

21Егер де ол адам жарлы болып, буларды алыўға шамасы келмесе, пәклениўи ушын жоқары көтерип усынатуғын айып қурбанлығы ушын бир еркек тоқлы, ғәлле садақасы ушын зәйтүн майы қосылған оннан бир эфа сапалы ун ҳәм бир лог зәйтүн майын алып келсин. 22Ол биреўин гүна қурбанлығы, екиншисин жандырылатуғын қурбанлық етип бериў ушын шамасы келгенинше, еки қумыры ямаса еки жас кептер әкелсин. 23Ол булардың ҳәммесин пәклениў ушын сегизинши күни Жаратқан Ийениң алдына, Ушырасыў шатырының алдына алып келип, руўханийге берсин. 24Руўханий айып қурбанлығы ушын берилген тоқлыны ҳәм бир лог зәйтүн майын алып, Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынсын. 25Соңынан айып қурбанлығы ушын берилетуғын тоқлыны шалып, оның қанынан алып, пәкленетуғын адамның оң қулағының сырғалығына, оң қолының ҳәм оң аяғының бас бармағына сүртсин. 26Соннан соң, руўханий өзиниң шеп алақанына азғантай зәйтүн майын қуйып, 27оң қолының бармағын сол майға батырып, Жаратқан Ийениң алдында жети мәрте серпсин. 28Ол қолындағы майдан пәкленетуғын адамның оң қулағының сырғалығына, оң қолының ҳәм оң аяғының бас бармағына айып қурбанлығының қаны сүртилген жерге сүртсин. 29Соның менен бирге, руўханий Жаратқан Ийениң алдында пәкленетуғын адамды пәклеў ушын, қолында қалған майды оның басына сүртсин. 30 31Соннан кейин, сол адамның шамасы жеткенине қарап, алған қумырылардан ямаса кептерлерден биреўин гүна қурбанлығы, екиншисин жандырылатуғын қурбанлық етип, ғәлле садақасы менен бирге усынсын. Руўханий усылай етип, сол адамды Жаратқан Ийениң алдында пәклесин. 32Жаман тери кеселлиги менен аўырып, тәўир болғаннан кейин тазаланыўы ушын жағдайы төмен адамлар ушын қағыйдалар усылардан ибарат.

Көгериўден тазаланыў

33Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:

34– Сизлерге мүлик қылып беретуғын Қанан жерине киргениңизден кейин, елиңиздеги бир үйге көгерип, баз басыў бәлесин жиберсем, 35үйдиң ийеси руўханийге барып: «Үйимде көгериўге уқсаған бир нәрсе көрдим», – деп хабар берсин. 36Руўханий көгериўди көриўге бармасынан алдын, үйдеги ҳәр бир нәрсе ҳарам деп саналмаўы ушын, оларды сыртқа шығарып қойыўды буйырсын. Соннан кейин, ол үйди көриўге барсын. 37Ол көгерген дийўалларды көзден өткерсин. Егер көгериўдеги жасыл ямаса қызыл түсли дақлар дийўалға сиңип баратырған болса, 38онда руўханий үйден шығып, үйди жети күн даўамында жаўып қойсын. 39Ол жетинши күни қайтып барып, үйди және көзден өткерсин. Егер де көгериў дийўалларға жайылған болса, 40көгерген тасларды алып таслап, қаланың сыртына, ҳарам саналатуғын бир жерге апарып таслаўды буйырсын. 41Үйдиң ишиндеги барлық сыбаўды түсиртип, буларды да қаланың сыртындағы сол жерге таслатсын. 42Алынған таслардың орнына басқа таслар қаланып, үй жаңадан сыбалсын.

43Соннан кейин де үйде көгериў және пайда болса, 44руўханий барып, үйди көзден өткерсин. Көгериў жайылса, ол зыянлы болып, үй ҳарам саналады. 45Бундай үй бузып таслансын. Оның таслары, ағашлары, барлық сыбаўлары қаланың сыртындағы ҳарам жерге апарып таслансын. 46Үй жабылған күнлери, оған кирген ҳәр бир адам кешке дейин ҳарам саналады. 47Сол үйде жатқан ямаса аўқат жеген адам кийимлерин жуўсын.

48Ал егер де үй сыбалғаннан соң, руўханий үйге кирип, көзден өткергенде, сол көгериў жайылмаған болса, онда руўханий үйди таза деп жәрияласын. Өйткени көгериў жоқ болды. 49Руўханий үйди пәклеў ушын еки қус, кедр ағашын, қырмызы жип ҳәм майоран шөбин алсын. 50Қуслардың биреўин таза булақ суўы қуйылған ылай ыдыстың үстинде шалсын. 51Кедр ағашын, майоран шөбин, қырмызы жипти ҳәм тири қусты алып, шалынған қустың қаны менен араластырылған таза булақ суўына батырсын да, оны жети мәрте үйге серпсин. 52Усылай етип, руўханий үйди пәклегеннен соң, 53тири қусты қаланың сыртына, ашық далаға ушырып жиберсин. Солай етип, үй пәкленип, таза болады.

54 55Ҳәр түрли тери кеселлиги, қотыр жара, дақ, бөртпе ямаса ақтаңлақлар, және де, кийим ҳәм үйлерде пайда болатуғын баз басыў менен көгериўге байланыслы қағыйдалар усылардан ибарат. 56Булардың қашаннан берли ҳарам, қашаннан берли ҳадал болғаны усы нызам бойынша билинеди.
Copyright information for KaaIBT22C