Leviticus 15
Адамды ҳарам қылатуғын нәрселер туўрысында
1Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди: 2– Израил халқына былай деп айтыңлар: «Еркектиң жынысый ағзасынан ириң ажыралып шықса, ол ҳарам саналады. 3Адамнан ажыралып шығатуғын ириң ҳаққында нызам мынадай: ириң ақса да, қойыўласып иркилип қалса да, адам ҳарам саналады. 4Бундай адамның жатқан төсеги ҳәм отырған ҳәр бир нәрсеси ҳарам саналады. 5Ким де ким оның төсегине бир жерин тийгизсе, кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады. 6Сол адамның отырып кеткен жерине отырған адам да кийимлерин жуўып, өзи жуўынсын ҳәм ол кешке дейин ҳарам саналады. 7Ким де ким ириң ағып жүрген адамға бир жерин тийгизсе, кийимлерин жуўсын ҳәм өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады. 8Егер де ириң ағып жүрген адамның түкириги пәк адамға шашырап кетсе, түкирик шашыраған адам кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады. 9Ириңи бар адам минген ҳәр бир аттың ери ҳарам саналады. 10Усы адам отырған ҳәр бир нәрсеге бир жерин тийгизген адам кешке дейин ҳарам саналады. Бул затларды көтерип жүрген ҳәр бир адам кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады. 11Ириңи бар адам қолларын жуўмай, биреўге қолын тийгизсе, сол адам кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады. 12Ириңи бар адам услаған ҳәр бир ылай ыдыс сындырып таслансын, ал ағаш ыдыс болса, суў менен жуўылсын. 13Егер адамның ириңи тоқтап, тәўир болса, жети күн өтиўи тийис. Соннан кейин, ол кийимлерин жуўып, ағын суўда жуўынсын, сонда ол таза болып саналады. 14Сегизинши күни ол еки қумыры ямаса еки жас кептер алып, Жаратқан Ийениң алдына, Ушырасыў шатырының алдына әкелсин ҳәм буларды руўханийге берсин. 15Руўханий олардың биреўин гүна қурбанлығы, екиншисин жандырылатуғын қурбанлық етип берсин. Усылай етип, руўханий ириңи бар болған адамды Жаратқан Ийениң алдында пәклесин. 16Егер де бир еркек адамның урығы ақса, пүткил денесин суўға жуўсын ҳәм ол кешке дейин ҳарам саналады. 17Үстине жынысый туқымлық тамған ҳәр бир кийим ямаса тери затлар суў менен жуўылсын ҳәм олар кешке дейин ҳарам саналады. 18Еркек бир ҳаял менен жатып, еркектен урық ақса, екеўи де жуўынсын ҳәм олар кешке дейин ҳарам саналады. 19Егер ҳаялдың әдеттегидей етек кири келип жүрсе, ол жети күн даўамында ҳарам саналады. Оған бир жерин тийгизген адам да кешке дейин ҳарам саналады. 20Етек кири келип жүрген ўақтында, ҳаялдың төсеги де, ол үстинде отырған ҳәр бир нәрсе де ҳарам саналады. 21– 22Ким де ким сол ҳаялдың төсегине ямаса ол отырған затқа бир жерин тийгизсе, кийимлерин жуўсын, өзи де суўға жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады. 23Ҳаялдың төсегиниң ямаса ол отырған заттың үстинде турған бир нәрсеге жантасқан ҳәр бир адам кешке дейин ҳарам саналады. 24Егер еркек етек кири келип жүрген ҳаял менен жатса, еркек те ҳарам саналады. Ол еркек жети күн ҳарам болып, ол жатқан ҳәр бир төсек те ҳарам саналады. 25Егер ҳаялдың етек киринен тысқары қан келсе ҳәм бул узақ ўақыт даўам етсе, ямаса етек кири әдеттен тыс узайып кетсе, онда ол усы ўақыт даўамында да етек кири ўақтындағыдай ҳарам саналады. 26Усы ўақыт даўамында ҳаялдың жатқан төсеги ямаса отырған ҳәр бир нәрсе етеги келип жүрген ўақтындағы сыяқлы ҳарам саналады. 27Ким де ким сол нәрселерге жантасса, ҳарам болып есапланады. Ол кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады. 28Ҳаялдың қаны тоқтағаннан соң жети күн өтиўи тийис, соннан кейин ол таза болып есапланады. 29Сегизинши күни ол еки қумыры ямаса еки жас кептерди Ушырасыў шатырының алдына алып келсин ҳәм оларды руўханийге берсин. 30Руўханий олардың биреўин гүна қурбанлығы, екиншисин жандырылатуғын қурбанлық қылып усынсын. Усылай етип, руўханий қан кетиўден ҳарамланған ҳаялды Жаратқан Ийениң алдында пәклесин. 31Израил халқын ҳарамлықтан усылай сақлаң. Солай етип, араңызда жайласқан Мениң Мухаддес шатырымды ҳарам қылып, өлип қалмаңлар. 32– 33Жынысый ағзасынан ириң ямаса урығы аққан адам, етек кири келип жүрген ҳаял ҳәм усындай жағдайдағы ҳаял менен жатқан еркекке байланыслы қағыйдалар усы болады».
Copyright information for
KaaIBT22C