Leviticus 16
Гүнадан пәклениў күни
1Жаратқан Ийениң алдына жақынлаған ўақытта өлген Харонның еки улының өлиминен соң, Жаратқан Ийе Муўса менен сөйлесип, 2оған былай деди: – Әжағаң Харонға айт, ол Ең мухаддес бөлмеге, пердениң артына, Келисим сандығының үстиндеги гүнадан пәклейтуғын қақпақтың алдына тек белгиленген ўақытта кирсин. Басқа ўақытта кирсе, ол өлип қалады. Себеби Мен булт ишинде, қақпақтың үстинде пайда боламан. 3Харон Ең мухаддес бөлмеге киретуғын ўақытта гүна қурбанлығы ушын бир буға, жандырылатуғын қурбанлық ушын бир қошқар усынсын. 4Ол зығырдан исленген мухаддес узын көйлек, зығыр диз кийим кийсин, зығыр белбеў байласын ҳәм басына зығыр сәлле орасын. Булар мухаддес кийимлер, соның ушын оларды кийместен алдын жуўынып алсын. 5Израил жәмийети де гүна қурбанлығы ушын Харонға еки теке, жандырылатуғын қурбанлық ушын бир қошқар әкелсин. 6Харон өзин ҳәм шаңарағын пәклеў ушын, гүна қурбанлығы етип бир буға усынсын. 7Соннан кейин, ол еки текени Жаратқан Ийениң алдына, Ушырасыў шатырының алдына алып келсин. 8Сол жерде еки теке ушын шек тасланып, қайсысының Жаратқан Ийе ушын, қайсысының Азазел ▼▼ Азазел – бул дүзде жасайтуғын бир жин болыўы мүмкин.
ушын дүзге айдап жиберилетуғынын анықласын. 9Харон шек бойынша Жаратқан Ийеге тийисли текени алып, гүна қурбанлығы етип усынсын. 10Шек бойынша Азазелге жиберилетуғын текени тирилей Жаратқан Ийениң алдына әкелип, халықтың гүналарының өтелиўи ушын дүзге айдап жиберсин. 11Харон өзин ҳәм шаңарағын пәклеў ушын гүна қурбанлығына арналған буғаны шалғаннан соң, 12ол қурбанлық орыннан шоқларды алып, түтетки түтетилетуғын ыдысқа толтырып салсын. Кейин сол ыдысты ҳәм еки қосуўыс майдалап унталған хош ийисли түтеткини пердениң артындағы Ең мухаддес бөлмеге алып кирсин. 13Ол жерде, Жаратқан Ийениң алдында түтеткини шоқлардың үстине қойсын. Оның түтини Келисим сандығының үстиндеги қақпақты көзге көринбейтуғын етип қаплайды. Сонда Харон өлмей тири қалады. 14Соннан кейин, ол буғаның қанынан алып, бармағы менен шығыс тәрептен қақпақтың үстине бир мәрте, кейин қақпақтың алдына жети мәрте серпсин. 15Усыдан кейин ол халық ушын гүна қурбанлығы етип текени шалсын. Оның қанын пердениң ишки жағына, Ең мухаддес бөлмеге алып кирсин. Буғаның қанын серпкендей етип, текениң қанын да сол Келисим сандығының қақпағының үстине ҳәм оның алдына серпсин. 16Усылай етип, Ең мухаддес бөлмени Израил халқының напәкликлеринен, жынаятларынан ҳәм барлық гүналарынан пәклесин. Ең мухаддес бөлмениң алдындағы Мухаддес бөлме ушын да анық усылай исленсин. Өйткени шатыр напәк адамлардың арасында жайласқан. 17Харон өзиниң, шаңарағының ҳәм пүткил Израил жәмийетиниң атынан пәклеў рәсимин өткериў ушын Ең мухаддес бөлмеге киргенде, сыртқа шығаман дегенше, Ушырасыў шатырында ҳеш ким болмаўы тийис. 18Соңынан Харон Жаратқан Ийениң алдындағы қурбанлық орынға шығып, қурбанлық орынды пәклеў ушын, буға менен текениң қанын қурбанлық орынның шақларына сүртип шықсын. 19Қанды бармағы менен қурбанлық орынға жети мәрте серпсин. Усылай етип, ол қурбанлық орынды Израил халқының напәклигинен тазалап, мухаддес қылады. 20Харон Ең мухаддес бөлмени, оның алдындағы Мухаддес бөлмени ҳәм қурбанлық орынды пәклегеннен соң, тири текени алып келсин. 21Ол еки қолын текениң басына қойып, Израил халқының барлық айыпларын, жынаятларын ҳәм гүналарын даўыслап тән алып, буларды текениң басына жүклесин. Соннан кейин, теке усы ис ушын арнаўлы адамға тапсырылсын ҳәм ол текени қула дүзге айдап жиберсин. 22Солай етип, теке Израил халқының барлық айыпларын қула дүзге алып кетеди. 23Соннан соң, Харон Ушырасыў шатырына кирсин. Ол Ең мухаддес бөлмеге кирер алдында кийип алған зығыр кийимлерин шешип, Мухаддес бөлмеде қалдырсын. 24Ол мухаддес жерде жуўынып, күнделикли руўханийлик кийимлерин кийсин. Соннан соң, өзи ҳәм халық ушын берилетуғын жандырылатуғын қурбанлықларды усынсын. Усылай етип, ол өзин де, халықты да гүнадан пәклесин. 25Гүна қурбанлығының майын қурбанлық орында түтетип жандырсын. 26Ал гүна жүкленген текени Азазелге жиберип қайтқан адам кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Соннан кейин, ол ордаға кире алады. 27Гүна қурбанлығы етип берилген ҳәм пәклеў рәсимин өткериў ушын қанлары Ең мухаддес бөлмеге алып кирилген буға менен теке орданың сыртына шығарып таслансын. Олардың терилери, гөшлери ҳәм дәриси жағып жиберилсин. 28Буларды жаққан адам кийимлерин жуўып, өзи де жуўынғаннан соң, ордаға кире алады. 29Сизлер ушын мынаў мәңгиге қағыйда болсын: жетинши айдың оныншы күни ораза тутың. Израиллы болсын, араңызда жасап атырған келгинди адам болсын, ҳеш бириңиз әдеттеги жумысыңызды ислемең. 30Өйткени сол күни руўханий Харон сизлерди гүналарыңыздан пәклейди. Сонда сизлер Жаратқан Ийениң алдында барлық гүналарыңыздан тазаланасызлар. 31Сол күн сизлер ушын толық дем алатуғын Шаббат күни болады, сол күни ораза тутыңлар. Бул сизлер ушын мәңги қағыйда болсын. 32Әкесиниң орнына бас руўханийликке тайынланып, майланған руўханий мухаддес зығыр кийимлерин кийип, пәклеў рәсимин өткерсин. 33Ол Ең мухаддес бөлмени, Ушырасыў шатырын ҳәм қурбанлық орынды тазалап, руўханийлердиң ҳәм пүткил жәмийеттиң гүналарынан пәклейди. 34Израил халқының көп гүналары себепли жылына бир мәрте пәклеў рәсими өткерилсин. Бул сизлер ушын мәңги қағыйда болсын. Харон ҳәммесин Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип орынлады.
Copyright information for
KaaIBT22C