‏ Leviticus 17

Қанның әҳмийети

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

2– Харонға, оның улларына ҳәм пүткил Израил халқына былай деп айт: «Жаратқан Ийениң буйрығы мынаў: 3 4Егер Израил халқынан биреў бир сыйыр, бир қой ямаса ешки шалмақшы болса, оны қурбанлық сыпатында Жаратқан Ийеге усыныў ушын, Ушырасыў шатырының алдына алып келиўи тийис. Егер малды ямаса жанлықты Мухаддес шатырдың алдына алып келмей, басқа жерде шалса, ол қан төккен болып, айыплы саналсын. Қан төккен сол адам халықтың арасынан жоқ қылынады. 5Солай етип, израиллылар ашық далаларда сойған қурбанлықларын ендигиден былай Жаратқан Ийениң алдына алып келсин. Олар қурбанлықларын Ушырасыў шатырының алдына, руўханийге алып келсин ҳәм татыўлық қурбанлығы етип, Жаратқан Ийеге усынсын. 6Руўханий қурбанлықтың қанын Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдындағы Жаратқан Ийениң қурбанлық орнына серпип жиберсин, майларын болса, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый қылып, түтетип жандырып жиберсин. 7Буннан былай, Израил халқының қурбанлықлары теке көринисиндеги жинлерге берилмесин ҳәм солай ислеп, олар Жаратқан Ийеге опасызлық қылмасын. Бул қағыйдаға әўладлар даўамында әмел қылынсын».

8Оларға және былай деп айт: «Егер Израил халқынан ямаса арасында жасап атырған келгиндилерден биреўи жандырылатуғын қурбанлық ямаса басқа қурбанлық берсе, 9бирақ оны Жаратқан Ийеге усыныў ушын Ушырасыў шатырының алдына алып келмесе, ол халықтың арасынан жоқ қылынады.

10Егер Израил халқынан ямаса арасында жасап атырған келгиндилерден биреўи гөшти қаны менен жесе, Мен оған қарсы шығып, халқының арасынан жоқ қыламан. 11Өйткени жаныўарлардың жаны қанында болады. Қанды сизлерге қурбанлық орынның үстинде өзлериңизди гүнадан пәклеўиңиз ушын бердим. Өзинде өмир болған бул қан сизлерди гүнадан пәклейди. 12Соның ушын, Израил халқына: „Сизлер ямаса араңызда жасап атырған келгинди адамлардың ҳеш бири гөшти қаны менен жемесин“, – деп айттым.

13Израил халқынан ямаса арасында жасап атырған келгинди адамлардан биреўи жеўге болатуғын бир ҳайўан ямаса қус аўласа, оның қанын топыраққа ағызып көмип тасласын. 14Өйткени жаныўарлардың жаны қанында болады. Сол себепли Мен Израил халқына: „Ҳеш бир жаныўардың гөшин қаны менен жемең“, – дедим. Оны ишкен адам халықтың арасынан жоқ қылынады.

15Израиллы болсын, араңызда жасап атырған келгинди болсын, ҳарам өлген ямаса жабайы ҳайўан баўызлап өлтирген ҳайўанның гөшин жеген ҳәр бир адам кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады. Соннан кейин барып, ол ҳадал саналады. 16Егер де ол кийимлерин жуўмаса, өзи де жуўынбаса, айыплы саналып, жазаға тартылады».
Copyright information for KaaIBT22C