Leviticus 18
Қадаған етилген жынысый қатнаслар
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 2– Израил халқына былай деп айт: «Қудайыңыз Жаратқан Ийе – Мен боламан. 3Өзлериңиз бурын арасында жасаған Мысыр халқының ҳәм Мениң сизлерди апаратырған Қанан жериниң үрп-әдетлерине әмел қылып, олар сыяқлы жасамаңлар. 4Мениң нызамларымды орынлап, қағыйдаларым бойынша жасаңлар. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен. 5Қағыйда ҳәм нызамларыма әмел қылың. Өйткени адам оларды орынлаўы арқалы өмир сүреди. Мен – Жаратқан Ийемен. 6Ҳеш ким жынысый қатнас жасаў ушын өз ағайинине жақынламасын. Мен – Жаратқан Ийемен. 7Анаң менен жынысый қатнас қылып, әкеңди шерменде қылма. Ол анаң болғаны ушын, оның етегин ашпа. 8Әкеңниң намысына тиймеўиң ушын, оның ҳеш бир ҳаялы менен жынысый қатнас қылма. 9Сениң менен бир үйде туўылсын, басқа жерде туўылсын, анаңнан ямаса әкеңнен туўылған өгей қарындасларыңның ҳеш бири менен жынысый қатнас қылма. 10Қызыңнан ямаса улыңнан туўылған ақлық қызың менен жынысый қатнас қылма. Өйткени олар сениң туўған қаналасларың болады. 11Әкеңниң басқа ҳаялынан туўылған қыз бенен жынысый қатнас қылма. Себеби ол әкеңнен туўылған, сениң қарындасың болады. 12Әкеңниң әжапасы ямаса қарындасы менен жынысый қатнас қылма. Өйткени ол әкеңниң жақын қаналасы болады. 13Анаңның әжапасы ямаса сиңлиси менен жынысый қатнас қылма. Себеби ол анаңның жақын қаналасы болады. 14Әкеңниң ағасының яки инисиниң ҳаялы менен жатып, оларды шерменде қылма. Себеби ол сениң жеңгең болады. 15Келиниң менен жынысый қатнас қылма. Ол балаңның ҳаялы. Оның менен жатпа. 16Ағаңның яки иниңниң ҳаялы менен жынысый қатнас қылма. Болмаса олардың намысына тийесең. 17Бир ҳаялдың өзи менен жынысый қатнаста болып, оның қызы менен де жынысый қатнас қылма. Ҳаялдың қызынан ямаса улынан туўылған ақлық қызы менен жынысый қатнас қылма. Себеби олар ҳаялдың жақын қанласлары. Бул уятсыз ис. 18Ҳаялың тири ўақтында, оның әжапасын ямаса сиңлисин ҳаяллыққа алма ҳәм оның менен жынысый қатнас қылма. 19Етеги келип жүргени ушын ҳарам саналған ҳаял менен жынысый қатнас қылма. 20Басқа биреўдиң ҳаялы менен жынысый қатнас қылып, өзиңди ҳарамлама. 21Балаларыңның ҳеш бирин Молох қудайына арнап, қурбанлыққа берме ҳәм усылай ислеп, Қудайыңның атына тил тийгизбе. Мен – Жаратқан Ийемен. 22Ҳаял менен жатқандай қылып, еркек пенен жатпа. Бул жеркенишли ис. 23Ҳеш қандай ҳайўан менен жынысый қатнас қылып, өзиңди ҳарамлама. Ҳаяллар да жынысый қатнас қылыў ушын ҳеш қандай ҳайўанға жақынламасын. Бул – бузықлық болады. 24Усы ис-ҳәрекетлердиң ҳеш бири менен өзлериңизди ҳарамламаң. Мен сизлердиң алдыңыздан қуўып шығарып атырған халық усындай ислер менен өзлерин ҳарамлаған еди. 25Олар себепли ел де ҳарамланған. Олардың гүнасы себепли сол жерди жазаладым. Елдиң өзи турғынларынан кеўли айнып, оларды қусып таслады. 26Сизлер Мениң қағыйда ҳәм нызамларыма әмел қылып жасаңлар. Израиллы болсын, араңызда жасап атырған келгинди болсын, ҳеш бир адам бундай жеркенишли исти ислемесин. 27Сизлерден алдын бул елде жасаған адамлар усы барлық жеркенишли ислерди ислеп, елди ҳарамлады. 28Егер сизлер де елди ҳарамласаңыз, сизлерден алдынғы халыққа ислегениндей, ел сизлерди де қусып шығарып жибереди. 29Ким де ким усы жеркенишли ислердиң биреўин ислесе, халықтың арасынан жоқ қылынады. 30Мениң буйрықларымды орынлаңлар, сизлерден алдын елде жасаған адамлардың жеркенишли үрп-әдетлерине әмел қылып, өзлериңизди ҳарамламаң. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен».
Copyright information for
KaaIBT22C