‏ Leviticus 19

Әдиллик ҳәм мухаддеслик нызамлары

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

2– Израил жәмийетине былай деп айт: «Мухаддес болың, өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийе болған Мен – мухаддеспен.

3Ҳәр бириңиз өз ата-анаңызды ҳүрметлең. Мениң Шаббатыма әмел қылың. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.

4Меннен жүз бурып, жалған қудайларға табынбаң ҳәм өзлериңизге бутлардың мүсинлерин соғып алмаң. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.

5Татыўлық қурбанлығын әкелгениңизде, оны Мен қабыл ететуғындай етип усының. 6Қурбанлықтың гөши сойылған күни ямаса ертеңги күни желиниўи тийис, ал үшинши күнге қалған гөш жандырып жиберилсин. 7Егер қурбанлықтың гөши үшинши күни желинсе, ол ҳарам саналып, қурбанлық қабыл етилмейди. 8Оны жеген ҳәр бир адам айыбының жазасын алады, себеби Жаратқан Ийениң алдында мухаддес болғанды аяқ асты қылған болады. Ондай адам халық арасынан жоқ қылынады.

9Атызыңыздағы егинлерди жыйнағаныңызда, оның шетлерин ормай қалдырып кетиң, жерге түскен масақларды да жыйнап алмаң. 10Жүзим бағыңыздың зүрәәтин нәрсе қалдырмай жыйнап алмаң. Жерге түскен жүзимлерди де терип алмаң. Оларды жарлыларға ҳәм келгинди адамларға қалдырың. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.

11Урлық қылмаң, ҳийлекерлик қылмаң ҳәм бир-бириңизди алдамаң. 12Мениң атым менен өтирик ант ишип, Қудайыңыздың атына тил тийгизбең. Мен – Жаратқан Ийемен.

13Басқа бир адамның мал-мүлкин наҳақлық ҳәм зорлық жолы менен қолға киргизбең. Жалланба жумысшының ис ҳақысын таңға дейин услап турмаң. 14Гереңге ғарғыс сөз айтпаң, соқырдың алдына сүрнигетуғын ҳеш нәрсе қоймаң. Қудайыңнан қорқ. Мен – Жаратқан Ийемен.

15Ҳүким ўақтында наҳақлық етпе. Жарлыларды жақлап, еки жүзлилик қылмаң, байлардың да кеўлине қарап ҳәрекет қылмаң. Ҳәр бир адамды әдиллик пенен ҳүким етиң. 16Халқыңыздың арасында мыш-мыш гәп тарқатыўшы болмаң. Олардың өмирине қәўип туўдырмаң. Мен – Жаратқан Ийемен.

17Жүрегиңизде туўысқаныңызға қарсы жек көриўшилик болмасын. Туўысқаныңыздың айыбын жүзине айтың, сонда оның гүнасына шерик болмайсыз. 18Өш алыўшы болмаң, өз халқыңыздан болған биреўге қарсы кек сақламаң. Керисинше, өзиңизди сүйгениңиз сыяқлы, жаныңыздағы адамды да сүйиң. Мен – Жаратқан Ийемен.

19Нызам-қағыйдаларыма әмел қылыңлар. Ҳайўанның еки түрин бир-бири менен шағылыстырмаң. Атызыңызға еки түрли туқым екпең. Үстиңизге еки түрли жиптен тоқылған кийим киймең.

20Егер де бир адам басқа бир еркекке атастырылып қойылған шоры қыз бенен жатса, ол қыздың қуны төленбеген ямаса еле азат етилмеген болса, онда екеўи де жазалансын, бирақ өлтирилмесин. Өйткени қыз еле азат етилмеген. 21Сол адам Жаратқан Ийеге, Ушырасыў шатырының алдына айып қурбанлығы ушын бир қошқар алып келсин. 22Руўханий бул қошқарды айып қурбанлығы ушын берип, сол адамды Жаратқан Ийениң алдында гүнасынан пәклесин. Сонда ол адамның гүнасы кешириледи.

23Қанан елине киргеннен соң, ҳәр түрли мийўе ағашын тиккениңизде, олардың мийўесин үш жыл даўамында ҳарам санап, оннан жемеңлер. 24Ал төртинши жылы сол ағашлардың барлық мийўесин шүкирлик садақасы етип, Жаратқан Ийеге бағышлаңлар. 25Бесинши жылы олардың мийўесин жеўиңизге болады. Усылай қылсаңыз, мийўе ағашларыңыз мол мийўесин береди. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.

26Қаны ағызылмаған гөштен жемең. Пал ашыўшылық ҳәм болжаўшылық пенен шуғылланбаң. 27Шекеңиздиң шашларын кестирмең, сақалларыңыздың ушларын қырықпаң. 28Марҳумлар ушын аза тутқаныңызда, денеңизди тилип жарақатламаң, териңизди тестирип, ҳеш нәрсе жаздырмаң. Мен – Жаратқан Ийемен.

29Қызыңызды бузықлық қылыўға ийтермелеп, оны бийабырай қылмаң. Болмаса, бузықшылық тарап, ел уятсыз қылыққа толып кетеди. 30Мениң Шаббатыма әмел қылың, Мухаддес мәканыма ҳүрмет көрсетиң. Мен – Жаратқан Ийемен.

31Әрўақларды ҳәм руўхларды шақыратуғынларға барып, оларға хабарласпаң. Олар себепли өзлериңизди ҳарамламаң. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.

32Жасы үлкенлер алдында орныңнан турып, жасы уллы адамларға ҳүрмет көрсетиң. Қудайыңыздан қорқың. Мен – Жаратқан Ийемен.

33Елиңизде сизлер менен бирге жасап атырған келгиндилерге жаўызлық қылмаң. 34Оларға өз жерлесиңиздей қатнаста болың ҳәм оны өзиңизди сүйгендей етип сүйиң. Өйткени сизлер де Мысырда келгинди болдыңыз. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.

35Бир нәрсениң узынлығын, аўырлығын ҳәм сыйымлылығын өлшегениңизде наҳақлық қылмаң. 36Тәрезиңиз, аўырлық тасларыңыз, эфа ҳәм ҳин өлшем ыдысларыңыз дурыс болсын. Мен сизлерди Мысырдан алып шыққан Қудайыңыз Жаратқан Ийемен. 37Барлық қағыйда ҳәм нызамларыма әмел қылып, оларды орынлаңлар. Мен – Жаратқан Ийемен».
Copyright information for KaaIBT22C