‏ Leviticus 20

Гүнаның төлеми

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

2– Израил халқына былай деп айт: «Израиллылардан ямаса араңызда жасап атырған келгинди адамлардан биреўи баласын Молох қудайына қурбанлық қылса, ол сөзсиз өлтирилсин. Халық оны тас боран қылсын. 3Ким де ким өз баласын Молохқа қурбанлық қылып, Мениң Мухаддес мәканымды ҳарамласа ҳәм мухаддес атыма тил тийгизсе, Мен оған қарсы шығып, оны өз халқының арасынан жоқ қыламан. 4Егер бир адам баласын Молохқа қурбанлық қылса, буны елдеги халық көрмегенге салып, оны өлтирмесе, 5Өзим сол адамға ҳәм оның хожалығына қарсы шығаман. Маған опасызлық қылған адамның өзин ҳәм оның изинен жүрип, Молохқа табынғанлардың ҳәммесин өз халқының арасынан жоқ қыламан.

6Ким де ким әрўақларды ҳәм руўхларды шақыратуғынларға хабарласып, Маған опасызлық қылса, Мен оған қарсы шығып, оны өз халқының арасынан жоқ қыламан. 7Өзлериңизди Маған бағышлаңлар ҳәм мухаддес болыңлар. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен. 8Мениң қағыйдаларыма әмел қылып, орынлап жүриңлер. Себеби сизлерди Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылатуғын Жаратқан Ийемен.

9Әкесин ямаса анасын ғарғаған ҳәр бир адам сөзсиз өлтирилсин. Анасын ямаса әкесин ғарғағаны ушын, ол адамның қаны өз мойнында қалады.

10Бир адам басқа биреўдиң ҳаялы менен бузықшылық қылса, онда ол адам да, ҳаял да сөзсиз өлтирилсин. 11Әкесиниң ҳаялы менен жатқан адам әкесин шерменде қылған болады. Екеўи де сөзсиз өлтирилсин. Олардың төгилген қаны өз мойнында қалады. 12Егер бир адам өз келини менен жатса, екеўи де сөзсиз өлтирилсин. Себеби олар бузықлық қылған болады ҳәм олардың қаны өз мойнында қалады. 13Егер бир еркек адам ҳаял менен жатқандай қылып, еркек пенен жатса, екеўи де жеркенишли ис қылған болады. Олар сөзсиз өлтирилсин ҳәм олардың қаны өз мойнында қалады. 14Егер бир адам қызына да, оның анасына да үйленсе, ол уятсыз ис қылған болады. Сизлердиң араңызда усындай уятсыз ҳәрекетлер болмаўы ушын, үшеўи де отқа жандырылсын. 15Егер бир еркек ҳайўан менен жынысый қатнас ислесе, адам да, ҳайўан да сөзсиз өлтирилсин. 16Егер бир ҳаял жынысый қатнаста болыў ушын, бир ҳайўанға жақынласса, ҳаял да, ҳайўан да сөзсиз өлтирилсин. Олардың қаны өз мойнында қалады.

17Бир адам әкеси ямаса анасынан туўылған қарындасына үйленип, жынысый қатнас қылса, шерменделик болады. Олардың екеўи де халықтың көз алдында ашық түрде жоқ қылынсын. Ол адам өгей қарындасының намысына тийгени ушын, өз айыбының жазасын тартады. 18Етеги келип жүрген ҳаял менен жатып, жынысый қатнаста болған адам оның етек кирин ашқан болады, ҳаял да буған шериклес есапланады. Екеўи де халықтың арасынан жоқ қылынсын.

19Әкеңниң әжапа-қарындасы ямаса анаңның әжапа-сиңлиси менен жынысый қатнас қылма. Өйткени бул жақын қанласыңның намысы. Екеўиңиз де өз айыбыңыздың жазасын тартасызлар.

20Әкесиниң аға-инисиниң ҳаялы менен жатқан адам олардың намысына тийген болады. Екеўи де гүналарының жазасын тартады ҳәм перзент көрмей, өлип кетеди. 21Туўысқанының ҳаялына үйленген адам жеркенишли ис қылған болады. Ол туўысқанының намысына тийгени ушын, олар перзент көрмей өтеди.

22Мениң барлық қағыйда ҳәм нызамларыма әмел қылып, оларды орынлаңлар. Сонда Мен сизлердиң жасаўыңыз ушын алып баратырған жер сизлерден кеўли айнып, қусып шығарып тасламайды. 23Сизлердиң алдыңыздан қуўып шығаратуғын миллетлердиң үрп-әдетлери бойынша жасамаңлар. Себеби олар усы жаман әдетлердиң ҳәммесин ислеп киятыр. Сонлықтан Мен олардан жеркендим. 24Сонда сизлер олардың жерлерине ийелик етесизлер. Сүт ҳәм пал ағып турған сол жерди сизлерге мүлик етип беремен, деген едим. Сизлерди басқа миллетлерден ажыратып қойған Қудайыңыз Жаратқан Ийе – Мен боламан.

25Сизлер ҳадал ҳәм ҳарам саналған ҳайўанлар менен қусларды ажыратыўыңыз керек. Сизлерге ҳарам деп айтқан ҳайўанлар, қуслар ҳәм жер баўырлаўшыларды жеп, өзлериңизди ҳарамламаңлар. 26Мениң алдымда мухаддес болыңлар, өйткени Жаратқан Ийе болған Мен – мухаддеспен. Маған тийисли болыўыңыз ушын, сизлерди басқа халықлардан ажыратып алдым.

27Әрўақларды ҳәм руўхларды шақыратуғын еркек те, ҳаял да тас боран қылынып, сөзсиз өлтирилсин. Олардың қаны өз мойнында қалады».
Copyright information for KaaIBT22C