Leviticus 21
Руўханийлерге тийисли нызамлар
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Харонның уллары болған руўханийлерге былай деп айт: «Руўханийлердиң ҳеш бири өз ағайинлериниң арасындағы бир марҳумға жантасып, өзин ҳарамламасын. 2Ал егер де марҳум өзиниң жақын туўғаны: анасы, әкеси, улы, қызы, аға-иниси ямаса 3үйиндеги турмысқа шықпаған әжапа-қарындасы болса, онда оның өлигине жантасып, өзин ҳарамлаўы мүмкин. 4Бирақ қәйин журты тәрепинен биреў қайтыс болса, сол себепли өзин ҳарамламасын. 5Руўханийлер аза тутқанда шашын қырдырып, сақалларының ушларын қырқтырмасын ҳәм денелерин тилип жарақатламасын. 6Олар Қудайы ушын мухаддес болсын, Қудайының атына тил тийгизбесин. Олар Жаратқан Ийеге арналған, яғный Қудайына аўқат сыпатында берилген сыйларды усынғаны ушын мухаддес болсын. 7Руўханийлер бузық ямаса зорланған ҳаялларға ҳәм ажырасқан ҳаялларға үйленбеўи тийис. Себеби руўханий Қудай ушын мухаддес. 8Қудайыңызға аўқат сыпатында берилген сыйларды усынатуғын руўханийлер болғанлықтан, сизлер де оларды мухаддес санап, ҳүрмет қылың. Олар сизлер ушын мухаддес. Өйткени Мен сизлерди Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылатуғын Жаратқан Ийе – мухаддеспен. 9Егер бир руўханийдиң қызы бузықлық қылып, өзин ҳарамласа, онда ол өзин де, әкесин де ҳарамлаған болады. Ондай қыз отқа жандырып жиберилсин. 10Басына майлаў майы қуйылып, руўханийлик кийимлерди кийиўге тайынланған ҳәм басқа руўханийлерден уллы болған бас руўханий аза тутып, шашларын жайып жүрмесин ҳәм кийимлерин жыртпасын. 11Ол ҳеш қандай өлиге жақынласпасын, ҳәттеки қайтыс болған әкеси, я анасы болса да, өзин ҳарамламасын. 12Аза тутыў ушын, ол Мухаддес шатырдағы хызметин қалдырмасын, Қудайдың Мухаддес шатырын ҳарамламасын. Себеби майланған руўханий Қудайына бағышланған. Мен – Жаратқан Ийемен. 13Бас руўханий тек ғана пәк қызға үйленсин. 14Ол жесир, күйеўинен ажырасқан, зорланған ямаса бузық ҳаялға үйленбесин. Тек ғана өз халқынан болған пәк қызға үйленсин. 15Солай етип, ол өз урпағын ҳарамланыўдан сақласын. Себеби Мен оны Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылған Жаратқан Ийемен». 16Жаратқан Ийе Муўсаға және былай деди: 17– Харонға былай деп айт: «Келешекте әўладыңнан денесинде кемшилиги бар ҳеш бир адам аўқат сыпатында берилетуғын сыйды усыныў ушын Қудайына жақынламасын. 18Денесинде кемшилиги бар ҳеш бир адам қурбанлық орынға жақынламасын: соқыр, ақсақ, майып, сықылсыз, 19аяғы ямаса қолы сынық, 20бүкир, иргежейли, көзинде кемшилиги бар, қышыма жарасы бар, қотыр ҳәм жынысый қос туқым бези езилген адам. 21Руўханий Харонның урпағынан денесинде кемшилиги бар ҳеш бир адам Жаратқан Ийениң аўқатын, яғный Оған арналған сыйларды усыныў ушын қурбанлық орынға жақынламасын. 22Деген менен, ол адам Қудайына усынылған мухаддес ҳәм ең мухаддес аўқаттан жеўине болады. 23Бирақ ол Мухаддес бөлмедеги пердеге ҳәм қурбанлық орынға жақынламасын. Себеби оның денесинде кемшилиги бар. Ол мухаддес затларға жақынлап, оларды ҳарамламасын. Мен оларды Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылатуғын Жаратқан Ийемен». 24Муўса Харон менен улларына ҳәм пүткил Израил халқына усыларды жәриялады.
Copyright information for
KaaIBT22C