‏ Leviticus 22

Сыйлардың мухаддеслиги

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

2– Харонға ҳәм оның улларына былай деп айт: «Израил халқының Маған беретуғын мухаддес сыйларына ҳүрмет пенен қарасын, Мениң мухаддес атыма тил тийгизбесин. Мен – Жаратқан Ийемен. 3Егер әўладыңыздан бири Израил халқының Маған алып келген мухаддес сыйларына ҳарам ҳалда жақынласса, ол Мениң дәргайымнан жоқ қылынады. Мен – Жаратқан Ийемен.

4Харон урпағынан жаман тери кеселлигине дуўшар болған ямаса жынысый ағзасынан ириң ажыралып шыққан биреўи таза болмағанша, мухаддес сыйларды жемесин. Өли денеге тийгени ушын ҳарам саналған бир нәрсеге жантасқан, урығы аққан, 5адамды ҳарам қылатуғын жер баўырлаўшылардың бирине ямаса бир нәрседен ҳарам саналған бир адамға жантасқан 6руўханий кешке дейин ҳарам саналады. Ол суўға жуўынбағанша мухаддес сыйлардан жемесин. 7Күн батқаннан соң, ол таза саналады ҳәм мухаддес сыйлардан жеўине болады. Өйткени бул оның аўқаты болып есапланады. 8Ҳарам өлген ямаса жабайы ҳайўанлар тәрепинен баўызланған өликти жеп, руўханий өзин ҳарамламасын. Жаратқан Ийе – Мен боламан.

9Руўханийлер Мениң буйрықларыма әмел қылсын. Болмаса гүналарының жазасын тартады, буйрықларымды писент етпегени ушын өледи. Мен – оларды Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылатуғын Жаратқан Ийемен.

10Руўханийдиң шаңарақ ағзаларынан болмаған басқа ҳеш ким, руўханийдиң үйинде ўақтынша жасап атырған адам болсын, хызметшиси болсын, мухаддес сыйлардан жемесин. 11Бирақ руўханийдиң пулға сатып алған ямаса үйинде туўылған қул ҳәм шорылары оның аўқатынан жеўине болады. 12Руўханийдиң қызы руўханий болмаған адамға турмысқа шықса, ол бағышлап усынылған мухаддес сыйлардан жемесин. 13Бирақ ол баласы болмай, жесир қалған болса ямаса күйеўинен айырылысқан болса ҳәм әкесиниң үйине қайтып келгеннен соң, қыз ўақтындағыдай үйинде жасаса, онда әкесиниң аўқатынан жеўине болады. Ал руўханийдиң шаңарағынан болмаған ҳеш бир адам оннан жемесин.

14Егер ким де ким билместен мухаддес сыйдан жеп қойса, ол сол сыйдың орнын толтырып, үстине бестен бир бөлегин қосып, руўханийге қайтарып берсин. 15 16Руўханийлер Израил халқының Жаратқан Ийеге алып келген мухаддес сыйларын басқа израиллылардың жеўине жол қойып, өзлерине тийисли мухаддес сыйларды ҳарамламасын. Болмаса израиллылар гүнаға батып, жазаға тартылады. Себеби Мен – қурбанлықларды Өзиме ажыратып, мухаддес қылатуғын Жаратқан Ийемен».

Қабыл етилетуғын қурбанлықлар

17Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

18– Харонға, оның улларына ҳәм пүткил Израил халқына былай деп айт: «Израил халқынан ямаса израиллылар арасында жасап атырған келгиндилерден бири Жаратқан Ийеге берген ўәдесин орынлаў ушын ямаса өз ықтыяры менен жандырылатуғын қурбанлық бермекши болса, 19қурбанлығының қабыл етилиўи ушын, минсиз бир еркек ири мал ямаса майда мал алып келсин. 20Кемшилиги бар ҳеш бир ҳайўанды қурбанлыққа усынбаңлар. Өйткени булар қабыл етилмейди.

21Ким де ким берген ўәдесин орынлаў ушын ямаса өз ықтыяры менен Жаратқан Ийеге татыўлық қурбанлығын бериў ушын ири мал ямаса майда мал алып келсе, оның қабыл етилиўи ушын әкелген малы минсиз болыўы тийис. Оның ҳеш қандай кемшилиги болмасын. 22Соқыр, майып, жарақатланған, ириңли жарасы бар, қышыма жарасы бар ямаса қотыры бар малды Жаратқан Ийеге усынбаңлар ҳәм Оған сый қылып, қурбанлық орынның үстине қоймаңлар. 23Ал мүшелериниң бири узын ямаса келте болған ири мал ямаса майда малды ықтыярлы түрде беретуғын қурбанлық ушын усыныўыңызға болады. Бирақ бундай малды ўәде етилген қурбанлық етип усынбаң, ол қабыл етилмейди. 24Туқым бези езилген, жулынып қалған ямаса кесип тасланған малды Жаратқан Ийеге усынбаңлар, елиңизде буған ҳеш қашан жол қоймаңлар. 25Усындай кемшилиги бар малды жат жерли адамнан алып, Қудайға аўқат сыпатында қурбанлық етип бермең. Себеби бул мал зыянланған ҳәм кемшилиги бар. Ол қабыл етилмейди».

26Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

27– Бузаў, қозы ямаса ылақ жаңа туўылған ўақтында жети күн анасының қасында болсын. Сегизинши күннен баслап, оны Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық етип берсеңиз болады. 28Ири ямаса майда малды туўған баласы менен бирге бир күнде шалмаңлар.

29Жаратқан Ийеге миннетдаршылық қурбанлығын берген ўақытта, оны қабыл етилетуғын түрде усының. 30Оның гөшин сол күни жеп таслаң, азанға дейин аўыстырмаң. Мен – Жаратқан Ийемен.

31Буйрықларыма бойсынып, оларды орынлаңлар. Мен – Жаратқан Ийемен. 32Мениң мухаддес атыма тил тийгизбеңлер. Израил халқы Мени мухаддес деп тән алсын. Сизлерди Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылатуғын Жаратқан Ийемен. 33Қудайыңыз болыў ушын сизлерди Мысырдан алып шықтым. Мен – Жаратқан Ийемен.
Copyright information for KaaIBT22C