Leviticus 23
Байрамлар
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 2– Израил халқына былай деп айт: «Мухаддес жыйналыс деп жәрия қылынатуғын байрамларым, Жаратқан Ийеге арналған байрамлар мыналар болады:Шаббат, яғный дем алыс күни
3Алты күн жумыс ислең. Бирақ жетинши күн сизлер ушын толық дем алатуғын Шаббат күни ҳәм мухаддес жыйналыс күни болады. Ҳеш қандай жумыс ислемең. Қайсы жерде жасасаңыз да, Шаббат күнин Жаратқан Ийеге бағышлаң.Қутқарылыў ҳәм ашытқысыз нан байрамы
4Белгиленген ўақытта мухаддес жыйналыс деп жәрия қылатуғын Жаратқан Ийеге арналған байрамлар мыналар: 5Биринши айдың он төртинши күни кеште Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў байрамы. 6Он бесинши күни Жаратқан Ийеге арналған Ашытқысыз нан байрамы болсын. Солай етип, жети күн ашытқысыз нан жең. 7Байрамның биринши күни мухаддес жыйналысыңыз болсын. Сол күни күнделикли жумысыңызды ислемең. 8Жети күн даўамында Жаратқан Ийе ушын қурбанлық бериң. Жетинши күни мухаддес жыйналыс болсын. Күнделикли жумысыңызды ислемең».Биринши зүрәәт
9Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 10– Израил халқына былай деп айт: «Сизлерге беретуғын елге кирип, арпа зүрәәтин жыйнағаныңызда, жыйнаған зүрәәтиңиздиң биринши баўын руўханийге әкелип бериң. 11Қабыл етилиўи ушын, Шаббат күнинен кейинги күни руўханий баўды Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынсын. 12Баў жоқары көтерип усынылған күни Жаратқан Ийеге бир жасар минсиз еркек тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық етип усының. 13Тоқлы менен бирге ғәлле садақасы қылып, зәйтүн майы араластырылған бир эфа сапалы унның оннан екисин берсин. Бул – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады. Жандырылатуғын қурбанлық пенен бирге ишимлик садақасы етип, бир ҳин шараптың төрттен бирин усының. 14Қудайыңызға усы садақаны алып келетуғын күнге дейин нан, қуўырмаш ҳәм жаңа пискен дән жемеңлер. Қай жерде жасасаңыз да, бул әўладлар даўамында сизлерге мәңги қағыйда болсын».Ҳәптелер байрамы
15«Шаббат күнинен кейинги баўды жоқары көтерип усынған күннен баслап, жети ҳәпте санаң. 16Жетинши Шаббаттан кейин, елиўинши күн басланғанда, Жаратқан Ийеге таза бийдай зүрәәтинен садақа әкелиң. 17Жасап атырған жериңизден Жаратқан Ийеге жоқары көтерип усынылатуғын садақа етип, еки нан алып келиң. Нанлар биринши зүрәәтиңизден болып, оннан еки эфа сапалы уннан ашытқы салынып жаўылсын ҳәм буны Жаратқан Ийеге усының. 18Нан менен бирге жандырылатуғын қурбанлық ушын, Жаратқан Ийеге бир жасардан болған минсиз жети еркек тоқлы, бир буға ҳәм еки қошқарды алып келиң. Ғәлле ҳәм ишимлик садақасы менен усынылатуғын бул қурбанлық Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады. 19Гүна қурбанлығына бир теке, татыўлық қурбанлығына бир жасардан еки тоқлы алып келиң. 20Руўханий еки тоқлыны биринши бийдай зүрәәтинен жабылған нан менен бирге, Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынсын. Жаратқан Ийеге бағышланып, мухаддес болған бул қурбанлықлар руўханийлерге тийисли. 21Сол күнди мухаддес жыйналыс деп жәриялаңлар ҳәм күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер. Бул жасап атырған ҳәр бир жериңизде әўладларыңыз даўамында мәңги қағыйда болсын. 22Жериңиздеги егинлерди жыйнағаныңызда, атызыңыздың шетине дейин орып алмаң. Түсип қалған масақларды жыйнап алмаң. Оларды жарлыларға ҳәм келгинди адамларға қалдырың. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен».Кәрнай байрамы
23Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 24– Израил халқына былай деп айт: «Жетинши айдың биринши күни дем алыс күни болсын. Сол күни кәрнай шертилип, еслеў күни белгиленсин ҳәм мухаддес жыйналыс өткерилсин. 25Сол күни күнделикли жумысыңызды ислемең, Жаратқан Ийеге қурбанлықлар усының».Гүнадан пәклениў күни
26Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 27«Жетинши айдың оныншы күни Гүнадан пәклениў күни. Сол күни мухаддес жыйналыс болсын ҳәм ораза тутып, Жаратқан Ийеге сый усының. 28Сол күни ҳеш қандай жумыс ислемең. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында гүналарыңыздан пәкленетуғын күниңиз болады. 29Сол күни ораза тутпаған ҳәр бир адам өз халқы арасынан жоқ қылынады. 30Сол күни қандай да бир жумыс ислеген адамды өз халқы арасынан жоқ етемен. 31Ҳеш қандай жумыс ислемең. Бул жасап атырған ҳәр бир жериңизде әўладлар бойы мәңги қағыйда болсын. 32Сол күни сизлер ушын толық дем алатуғын Шаббат күни болып, ораза тутың. Айдың тоғызыншы күниниң кешинен баслап, ертеңги кешке дейин Шаббат күнин белгилең».Қос байрамы
33Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 34– Израил халқына былай деп айт: «Жетинши айдың он бесинши күнинен баслап, жети күн даўамында Жаратқан Ийеге арнап, Қос байрамын белгилең. 35Байрамның биринши күни мухаддес жыйналыс өткериң. Сол күни күнделикли жумысыңызды ислемең. 36Жети күн даўамында күнине бир мәрте Жаратқан Ийеге сый усының. Сегизинши күни де мухаддес жыйналыс өткериң ҳәм Жаратқан Ийеге сый усының. Бул салтанатлы жыйналыс болады. Күнделикли жумысыңызды ислемең. 37Мухаддес жыйналыс деп жәрия қылынатуғын Жаратқан Ийеге арналған байрамлар усылар болады. Байрамларда Жаратқан Ийеге арналған сыйларды, жандырылатуғын қурбанлықларды, ғәлле садақаларын, басқа қурбанлықларды ҳәм ишимлик садақаларын белгиленген өз күнлеринде алып келиң. 38Булар Жаратқан Ийениң Шаббатынан, Жаратқан Ийеге арнап алып келетуғын сыйларыңыздан, ўәде ҳәм ықтыярлы қурбанлықларыңыздан тысқары болсын. 39Жерлериңиздиң зүрәәтлерин жыйнап болған ўақтыңызда, жетинши айдың он бесинши күнинен баслап, жети күн даўамында Жаратқан Ийеге арнап Қос байрамын өткизиң. Байрамның биринши ҳәм сегизинши күни дем алыс күни болсын. 40Биринши күни мийўе ағашларыңыздың ең жақсы мийўелерин, пальма ағашының жапырақларын, мол жапырақлы теректиң талларын, дәрья бойында өсетуғын таллардың шақаларын жыйнап, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында жети күн даўамында шадланың. 41Буны ҳәр жылы жети күн даўамында Жаратқан Ийениң байрамы етип белгилең. Жылдың жетинши айында белгиленетуғын усы байрам әўладларыңыз даўамында мәңги қағыйда болып қалсын. 42Жети күн даўамында қоста жасаң. Ҳәр бир жергиликли израиллы қосларда жасасын. 43Сонда келешек әўладларыңыз Израил халқын Мысырдан алып шыққан ўақтымда, олардың қосларда жасағанын билип алады. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен». 44Усылай етип, Муўса Израил халқына Жаратқан Ийеге арналған байрамларды жәриялады.
Copyright information for
KaaIBT22C