Leviticus 24
Жаратқан Ийениң алдында жанып туратуғын шыралар
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 2– Израил халқына буйрық бер, олар шыралардың ҳәр күни түнде жанып турыўы ушын, сапалы зәйтүн майынан алып келсин. 3Харон Ушырасыў шатырында, Келисим сандығының алдындағы пердениң сыртында шыралардың кештен таңға дейин Мениң алдымда сөнбей жанып турыўын тәмийинлесин. Бул әўладларыңыз даўамында мәңги қағыйда болсын. 4Харон сап алтыннан исленген шыра қойғыштың үстине шыраларды орнатсын. Шыралар Жаратқан Ийениң алдында ҳәмме ўақытта үзликсиз жанып турсын.Жаратқан Ийеге усынылған нанлар
5– Сапалы уннан он еки шөрек нан жап. Ҳәр бир нан оннан еки эфа муғдарындағы уннан жабылсын. 6Оларды Жаратқан Ийениң алдындағы сап алтыннан исленген столға алтаў-алтаўдан еки жерге үсти-үстине қой. 7Булардың қасына таза хош ийисли шайырдан қойып шық. Бул хош ийисли шайыр нанның орнына толық садақаның белгиси етип, Жаратқан Ийеге усынылады. 8Ҳәр Шаббат күни бул нанлар Жаратқан Ийениң алдына қойылсын. Бул Израил халқының мәңги ўазыйпасы болсын. 9Нанлар Харонға ҳәм оның улларына тийисли, олар нанларды мухаддес жерде жесин. Өйткени бул Жаратқан Ийеге берилетуғын сыйлардың жүдә мухаддес бөлеги болып, олардың мәңги пайы болады.Қудайға тил тийгизгенниң ақыбети
10Бир күни анасы израиллы, әкеси мысырлы болған бир адам ордада израиллы бир адам менен жәнжеллесип қалды. 11Израиллы ҳаялдың улы Жаратқан Ийеге тил тийгизип, нәлет айтты. Сонда оны Муўсаның алдына алып келди. Сол жигиттиң анасы Дан урыўынан болған Дибрийдиң қызы Шеломит еди. 12Сол адамды қамаққа алып, Жаратқан Ийениң ҳүкимин күтти. 13Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 14– Оны орданың сыртына алып шығың. Ол айтқан нәлетти еситкен ҳәр бир адам қолларын сол адамның басына қойсын ҳәм пүткил жәмийет оны тас боран қылсын. 15Израил халқына былай деп айт: «Ким де ким Қудайын нәлетлесе, гүнасының жазасын тартады, 16яғный Жаратқан Ийеге тил тийгизген адам сөзсиз өлтириледи. Пүткил жәмийет оны тас боран қылсын. Жаратқан Ийеге тил тийгизген адамның келгинди ямаса жергиликли адам болыўына қарамастан, ол өлтирилсин. 17Адам өлтирген ҳәр бир адам сөзсиз өлтирилсин. 18Басқа биреўдиң малын өлтирген адам орнына бир мал берип, алған жанының орнын жан менен өтесин. 19Ким де ким жанындағы адамды жарақатласа, оған да сондай жарақат жеткизилиўи керек. 20Сыныққа сынық, көзге көз, тиске тис. Яғный басқаны қалай жарақатлаған болса, өзи де солай жарақатлансын. 21Мал өлтирген адам малдың қунын төлесин, адам өлтирген болса, өлтирилсин. 22Келгинди адам ушын да, жергиликли адам ушын да бирдей нызам қолланылады. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен». 23Муўса буларды Израил халқына айтып болғаннан соң, халық Жаратқан Ийеге тил тийгизген адамды орданың сыртына алып шықты да, оны тас боран қылып өлтирди. Солай етип, Израил халқы Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығын орынлады.
Copyright information for
KaaIBT22C