‏ Leviticus 25

Шаббат жылы

1Жаратқан Ийе Синай таўында Муўсаға былай деди:

2– Израил халқына былай деп айт: «Мен сизлерге берип атырған елге киргениңизде, Жаратқан Ийениң ҳүрметине ҳәр жетинши жылы жерге егин екпей, дем алыс бериң. 3Алты жыл атызларыңызға егин егиңлер, жүзимлердиң шақаларын путап, өнимлерин жыйнаңлар. 4Бирақ жетинши жылы жер ушын дем алыс жылы, яғный Жаратқан Ийеге арналған Шаббат жылы болсын. Атызларға егин екпеңлер, жүзимзарларыңызды путамаңлар. 5Өзлигинен өсип шыққан ҳасылды орып, шақалары путаланбаған жүзимлерди сақлап қойыў ушын, жыйнап алмаңлар. Жер толығы менен бир жыл дем алсын. 6Дем алыс жылында өзлигинен өсип шыққан ҳәр қандай жердиң өниминиң өзи сизлер ушын, қул ҳәм шорыларыңыз, жалланба хызметшилер ҳәм араңызда жасап атырған келгиндилер ушын аўқат болады. 7Жерде өсип шыққан ҳасыллар малларыңызға да, жабайы ҳайўанларға да азық болады».

Қутлы жыл

8«Жети жылда бир мәрте белгиленетуғын Шаббат жылының жети мәрте өтиўин бақлаң. Шаббат жылы жети мәрте өткенде, барлығы болып қырық тоғыз жыл болады. 9Кейинги жылдың жетинши айының оныншы күни, яғный Гүнадан пәклениў күни пүткил ел бойлап қатты даўыслап кәрнай шертилсин. 10Усы елиўинши жылды мухаддес деп санаңлар ҳәм пүткил ел халқы ушын азатлық жәриялаңлар. Усы жыл сизлер ушын Қутлы жыл болады. Ҳәр бир адам өзиниң жер мүлкин қайтарып алсын ҳәм қул болған ҳәр бир адам азат болып, өз тийресине қайтсын. 11Елиўинши жыл сизлер ушын Қутлы жыл болсын. Усы жылы егин екпеңлер, өзи өсип шыққан егинлерди орып алып, сақламаңлар, шақасы путаланбаған жүзимлерди жыйнамаңлар. 12Өйткени усы жыл Қутлы жыл ҳәм бул сизлер ушын мухаддес болсын. Тек атыздан туўрыдан-туўры алынған зүрәәтти жеңлер.

13Қутлы жылы ҳәр бир адам өзиниң жер мүлкин қайтарып алсын. 14Егер бир адамға жер сататуғын болсаң ямаса оннан жер сатып алатуғын болсаң, бир-бириңизге наҳақлық қылмаң. 15Жердиң баҳасы кейинги Қутлы жылға шекемги жердиң жетистиретуғын зүрәәти бойынша баҳалансын. 16Егер алдында еле көп жыл болса, баҳасы артсын, ал азғантай жыл қалған болса, онда баҳасы түсирилсин. Себеби саған атызды емес, ал оның зүрәәтиниң муғдарын сатады. 17Бир-бириңизге наҳақлық қылмаңлар, Қудайыңыздан қорқыңлар. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.

18Қағыйдаларыма әмел қылып, нызамларыма бойсынсаңыз, сонда елиңизде тынышлық ишинде жасайсызлар. 19Жер өз зүрәәтин берип, сизлер тоясызлар ҳәм ол жерде тынышлық ишинде жасайсызлар. 20Сизлер: „Жетинши жылы жеримизге егин екпесек, зүрәәтимизди жыйнамасақ, онда не ишип-жеймиз?“– деп сораўыңыз мүмкин. 21Мен алтыншы жылы сизлерге сондай берекет жиберемен, жер сизлер ушын үш жыллық зүрәәт беретуғын болады. 22Сегизинши жылы жерлериңизге егин еккениңизде де, тоғызыншы жылы зүрәәтиңизди жыйнайман дегенше, сол алтыншы жылы жыйнаған зүрәәтиңизден жейсизлер.

23Жериңиз пүткиллей меншикке сатылмасын. Өйткени олар Маған тийисли. Ал сизлер бул жерге келгинди ҳәм жат жерлисизлер. 24Жерин сатқан адамға өзиниң жерин қайтарып сатып алыўына жол қойыңлар. 25Егер туўысқанларыңыздан бири гедейленип, жериниң бир бөлегин сатып жиберген болса, оның ең жақын әмеңгери келип, жерди қайтарып сатып алсын. 26Жерин сатып алатуғын әмеңгери болмаса, онда ол адам жағдайы жақсыланып, жетерли пул жыйнаса, 27жерди сатқаннан кейинги жыллардың ҳәм Қутлы жылға дейинги жыллардың зүрәәтиниң баҳасын есаплап, жерди сатып алған адамға төлесин. Соннан кейин, ол өз жерине өзи ийелик қылсын. 28Ал оның жерин қайтарып сатып алатуғын пулы болмаса, жер Қутлы жылға дейин сатып алған адамға тийисли болып турады. Сол жылы жер сатып алған адамнан алынып, сатқан адам өз жерине қайтадан ийелик қылсын.

29Егер ким де ким дийўал менен қоршалған қала ишиндеги үйин сатса, сатқан адам бир жылға дейин үйин қайтарып сатып алыў ҳуқықына ийе болады. 30Егер ол үйин бир жыл ишинде қайтарып сатып ала алмаса, онда үй сатып алған адамның мүлкине айланып, ол ҳәм оның нәсили үйдиң мәңги ийеси болып қалады. Қутлы жылда да үй жаңа ийесиниң қолынан қайтарып алынбайды. 31Ал дийўал менен қоршалмаған аўыллардағы үйлер атызлар сыяқлы есаплансын. Бундай үйлерди алдынғы ийеси қайтарып сатып алыў ҳуқықына ийе болады, Қутлы жылда үйди сатып алған адам оны қайтарып бериўи тийис.

32Ал лебийлилер өзлерине тийисли қалаларда сатқан үйлерин ҳәмме ўақытта қайтарып сатып алыў ҳуқықына ийе болсын. 33Лебийлилер қайтарып сатып алатуғын усындай мүликлер, яғный лебийлилерге тийисли болған қалалардағы сатылған ҳәр бир үйлер Қутлы жылда өз ийесине қайтарып берилсин. Себеби қалалардағы лебийлилердиң үйлери Израил халқының арасындағы олардың мүлки болып есапланады. 34Олардың қалаларының әтирапындағы жайлаўлар болса, улыўма сатылмасын. Өйткени булар олардың мәңгилик мүлки».

Жарлыларға жәрдем бериў

35«Егер бир туўысқаныңыз жарлыланып, мүтәж аўҳалға түсип қалса, оған жәрдем бериң. Ол сизлердиң араңызда келгинди ямаса жат жерли сыяқлы жасасын. 36Ол адамнан пул ҳәм аўқат ушын үстеме өндирип алмаң. Қудайдан қорқың, туўысқаныңыздың араңызда жасаўына жол қойың. 37Оған үстеме берип, пул өндирмең ҳәм аўқатты өзиңизге кирис қылыў ушын бермеңлер. 38Мен Қанан елин сизлерге бериў ушын ҳәм Қудайыңыз болыў ушын, сизлерди Мысырдан шығарып алған Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.

39Егер араңызда жасап атырған израиллы бир туўысқаныңыз жарлыланып қалса ҳәм ол қул сыпатында саған сатылса, оны қулдай етип жумсамаң. 40Оған үйиңиздеги жалланба жумысшы ямаса келгинди сыяқлы қатнаста болың. Ол саған Қутлы жылға дейин хызмет қылсын. 41Қутлы жылда балалары менен бирге азат болсын. Олар өз тийресине, ата-бабаларының жер мүлкине қайтсын. 42Себеби израиллылар Мениң Мысырдан шығарып алған қулларым болады. Сонлықтан олар қул сыяқлы сатылмасын. 43Оған хожайынлық қылып, қатал қатнаста болмаң. Қудайыңыздан қорқың.

44Қулларыңыз ҳәм шорыларыңыз әтирапыңыздағы халықлардан болсын. Қул ҳәм шорыны олардың арасынан сатып алыўыңызға болады. 45Және де, араңызда жасап атырған келгиндилердиң балаларын сатып алып, оларға хожайын бола аласызлар. 46Оларды мийрас қылып, балаларыңызға қалдырып кете аласызлар. Олар өмир бойы сизлерге қул болады. Бирақ израиллы туўысқанларыңыздың бирине хожайынлық қылып, қатал қатнаста болмаң.

47Араңызда жасап атырған келгинди ямаса жат жерли бир адам байып кетип, гедейленген бир израиллы туўысқаныңыз оған ямаса оның урпақларынан бирине қул сыпатында сатылса, 48израиллы адам қуны төленип, азат болыў ҳуқықына ийе болады. Оның ағайин-туўғанларының бири оның қунын төлеп, азат қылсын. 49Сондай-ақ әкесиниң ағасы, аталас туўысқаны ямаса жақын ағайинлериниң бири оны қайтарып сатып алып, оны азат қылыўы мүмкин. Ямаса өзи жетерли пул топласа, өзиниң азатлығын қайтарып алыўына болады. 50Ол хожайыны менен есапласыўы керек. Өзин сатқан жылдан Қутлы жылға дейинги жылларды есапласын. Азатлығының қуны қалған жыллардың саны бойынша бир жумысшының күнлик ис ҳақысының есабы бойынша төленсин. 51Егер де Қутлы жылға көп жыллар қалса, онда азатлық қунын өзи сатылған баҳаға тийкарланып төлесин. 52Егер Қутлы жылға азғантай жыл қалса, онда усы бойынша есапласып, өзиниң азатлық қунын төлесин. 53Ол хожайынының қасында бир жылға жалланған жумысшы сыяқлы болып жасаўы керек. Хожайынының оған қатал қатнаста болыўына жол қойма.

54Егер сатылған туўысқаныңыз усы жоллар менен азат бола алмаса, Қутлы жылда балалары менен бирге азат етилсин. 55Өйткени израиллылар Мениң қулларым, Мысырдан Өзим шығарып алған қулларым болады. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен».
Copyright information for KaaIBT22C