‏ Leviticus 26

Қудайға бойсынғанлардың жарылқаныўы

1«Өзлериңизге жалған қудайлардың мүсинлерин ислемеңлер, кийели тасларды ямаса ойып исленген тасларды орнатпаңлар. Себеби Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен. 2Мениң Шаббатыма әмел қылың, Мухаддес мәканыма ҳүрмет көрсетиң. Мен – Жаратқан Ийемен.

3Егер қағыйдаларым бойынша жасап, буйрықларымды дыққат пенен орынлап жүрсеңиз, 4жаўынды өз ўақтында жаўдыраман. Жер өз зүрәәтин, мийўе ағашлар өз мийўелерин береди. 5Зүрәәтиңиз соншелли мол болғанлықтан, жүзим жыйнайтуғын ўақытқа дейин қырман айдайсызлар, егис ўақтына дейин жүзим жыйнайсызлар. Азық-аўқатыңыз көп болады ҳәм елиңизде қәўипсиз жасайсызлар.

6Елиңизде тынышлық сақлайман, тыныш жатып-турасызлар, ҳеш ким сизлерди қорқыта алмайды. Жыртқыш ҳайўанларды жериңизден қуўып шығараман. Жериңиз саўаш себепли ўайран болмайды. 7Душпанларыңызды қуўасызлар, олар сизлердиң қылышларыңыздың соққысынан алдыңызда жерге қулайды. 8Бесеўиңиз жүз адамды, жүзиңиз он мың адамды қуўатуғын боласызлар. Душпанларыңызды қылыштан өткерип, жеңиске ерисесизлер. 9Сизлерге Өз нәзеримди саламан, сизлерди өсип-өндирип, көбейтемен. Сизлер менен дүзген келисимиме садық қаламан. 10Бурынғы зүрәәтиңизди жеп таўыса алмайсызлар. Жаңадан алған зүрәәтиңизге орын босатыў ушын бурынғы зүрәәтиңизди шығарып таслайтуғын боласызлар. 11Мәкан жайымды сизлердиң араңызға қураман, сизлерден жеркенип, жүз бурмайман. 12Сизлердиң араңызда жасайтуғын Қудайыңыз боламан. Сизлер де Мениң халқым боласызлар. 13Мен сизлерди Мысыр елиндеги қуллықтан қутқарған Қудайыңыз Жаратқан Ийемен. Мойынтырығыңызды сындырып тасладым ҳәм басларыңызды көтерип жүриўге мүмкиншилик бердим».

Қудайға бойсынбаўшылықтың жазасы

14«Бирақ Маған қулақ аспай, пүткил буйрықларымды орынламасаңыз, жазаланасызлар. 15Қағыйдаларымнан жүз бурып, нызамларымнан жеркенип, буйрықларыма бойсынбасаңыз ҳәм келисимимди бузсаңыз, 16онда сизлерге мынадай жаза жиберемен: үстиңизге қорқыныш дөндиремен. Өкпе кеселлиги ҳәм ысытпа көзлериңиздиң нурын сөндирип, жаныңызды кемиреди. Туқымды босқа егетуғын боласызлар, себеби зүрәәтиңизди душпанларыңыз жейтуғын болады. 17Сизлерге Өзим қарсы шығаман. Душпанларыңыз сизлердиң үстиңизден жеңиске ериседи. Сизлерди жек көретуғынлар сизлерге ҳүкимдарлық қылады ҳәм изиңизден ҳеш ким қуўмаса да, қашатуғын боласызлар.

18Егер буларға да қарамай, Маған қулақ салмасаңыз, гүналарыңыздың жазасын жети есе арттыраман. 19Қайсар менменлигиңизди жоқ қыламан. Аспаныңызды темир сыяқлы, жериңизди қола сыяқлы қыламан. 20Күшиңизди босқа сарплайсызлар, жериңиз өз зүрәәтин, мийўе ағашларыңыз мийўесин бермейтуғын болады.

21Егер буннан кейин де қарсы шығыўды даўам етсеңиз, Маған қулақ салыўды қәлемесеңиз, гүналарыңыздың жазасын жети есеге арттыраман. 22Сизлерге қарсы жабайы ҳайўанларды жиберемен. Олар сизлерди балаларыңыздан айырып, малларыңызды қырып таслайды. Сонда сизлердиң саныңыз азайып, жолларыңыз босап қалады.

23Буның менен де туўры жолға түспей, Маған қарсы шығыўды даўам етсеңиз, 24Мен де сизлерге қарсы шығып, гүналарыңыз ушын сизлерди жети есе жазалайман. 25Келисимимди бузғаныңыз ушын басыңызға саўаш дөндирип, жазалайман. Қалаларыңызға шегинип, тығылсаңыз, араңызға иллет жиберемен ҳәм сизлерди душпаныңызға тәслим қыламан. 26Бир тислем нанға зар қыламан. Сонда он ҳаял нанларын бир тандырда жабатуғын болады. Наныңыз аз-аздан, өлшеп берилетуғын болады. Сизлер буны жегениңиз бенен де, буған тоймайсызлар.

27Булардан кейин де Маған және қулақ салмай, Маған қарсы шықсаңыз, 28онда Мен де ғәзеп пенен сизлерге қарсы шығаман ҳәм гүналарыңыздың жазасын жети есеге көбейтемен. 29Ашлық себепли ул-қызларыңыздың денесин жейтуғын боласызлар. 30Табынатуғын орынларыңызды қулатып, түтетки түтетилетуғын орынларыңызды жоқ қыламан. Өликлериңизди жансыз бутларыңызға қосып үйемен, сизлерден жеркенетуғын боламан. 31Қалаларыңызды ўайран қылып, мухаддес орынларыңызды бузып таслайман. Маған усынған хош ийисли садақаларыңызды қабыл етпеймен. 32Елиңизди ўайран қыламан, ол жерге жайласатуғын душпанларыңыз бул аўҳалға қатты таң қалысатуғын болады. 33Сизлерди болса, басқа халықлардың арасына тарқатып жиберип, қылышым менен сизлердиң изиңизге түсип аламан. Елиңиз босап қалады, қалаларыңыз ўайран болады. 34Сизлер душпанларыңыздың елинде жасап атырғаныңызда, жериңиз босап қалады. Сол ўақытлары Шаббат жылларының орнын толтырып, дем алады. 35Жериңиз ўайран болып, босап қалған ўақытта дем алады. Себеби сизлер елиңизде жасап атырған ўақтыңызда, Шаббат жыллары жериңизге дем бермеген едиңиз.

36Душпанларыңыздың жерлеринде аман қалғанларыңыздың жүрегине сондай бир қорқыныш саламан, ҳәттеки, жапырақтың сытырлысынан да қылыштан қашқандай болып қашасызлар. Сизлердиң изиңизден ҳеш ким түспесе де, қашып, жығыласызлар. 37Сизлерди ҳеш ким қуўмаса да, қылыштан қашқандай болып, бир-бириңизге сүрнигип жығыласызлар. Душпанларыңызға қарсы тура алмайсызлар. 38Солай етип, басқа халықлардың арасында жоқ боласызлар. Душпанларыңыздың жерлери сизлерди жутып жибереди. 39Аман қалғанларыңыз болса, душпан жерлеринде өзлериңиздиң ҳәм ата-бабаларыңыздың гүналары себепли димарыңыз қурып, азап шегесизлер.

40Бирақ сизлер өзлериңиздиң ҳәм ата-бабаларыңыздың гүналарын, Маған қыянет еткенлериңизди ҳәм Маған қарсы ислеген ислериңизди тән аласызлар. 41Себеби гүналарыңыз себепли сизлерге қарсы шығып, душпанларыңыздың жерине алып бараман. Енди тас жүреклериңизди жумсартып, айыпларыңыздың жазасын өтейсизлер. 42Сонда Мен де Яқып, Ысақ ҳәм Ибрайым менен дүзген келисимимди ҳәм сизлерге ўәде қылып берген жерди еслеймен. 43Ел ўайран болып, босап қалған ўақытлары Шаббат жылларының орнын толтырып, дем алады. Сизлер ислеген гүналарыңыздың жаза мүддетин өтейсизлер, өйткени сизлер нызамларымнан бас тартып, қағыйдаларымнан жеркендиңиз. 44Буларға қарамай, Мен душпан жерлеринде болған сизлерден бас тартпайман, сизлерден жеркенип, толығы менен қырып тасламайман. Сизлер менен дүзген келисимимди бузбайман. Себеби Мен сизлердиң Қудайыңыз Жаратқан Ийемен. 45Қудайыңыз болыў ушын, басқа халықлардың көз алдында Мысырдан алып шыққан ата-бабаларыңыз бенен дүзген келисимимди сизлер ушын еслеймен. Мен – Жаратқан Ийемен».

46Жаратқан Ийениң Синай таўында Муўса арқалы Израил халқына берген қағыйдалары, нызамлары ҳәм көрсетпелери усылардан ибарат еди.
Copyright information for KaaIBT22C