Leviticus 27
Бағышланған адамның ҳәм мал-мүликтиң қуны, оларды қайтарып алыў тәртиби
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 2– Израил халқына былай деп айт: «Егер ким де ким бир адамды Жаратқан Ийеге бағышлаўға ўәде берсе, сол адамның қуны ушын берилетуғын төлеми төмендегидей мөлшерде болсын. 3Бул төлемниң қуны мынадай болады: жигирма жастан алпыс жасқа дейинги ер адамлар ушын Мухаддес орын өлшеми менен елиў шекел ▼▼ Елиў шекел – бир шекел шама менен 11 гр.
гүмис, 4ал ҳаяллар ушын отыз шекел гүмис. 5Бес жастан жигирма жасқа дейинги ер адамлар ушын жигирма шекел, ал ҳаял-қызлар ушын он шекел. 6Бир айлық бөпеден бес жасқа дейин болған ер балалар ушын бес, қызлар ушын үш шекел гүмис. 7Егер алпыс ямаса оннан жоқары жаста болса, онда еркеклер ушын он бес шекел гүмис, ал ҳаяллар ушын он шекел гүмис төленсин. 8Егер ўәде берген адам жарлы болып, белгиленген баҳаны төлеўге шамасы келмесе, бағышланған адамды руўханийге алып барсын. Руўханий ўәде берген адамның жағдайына қарай, баҳа белгилесин. 9Егер Жаратқан Ийеге ўәде қылынған мал қурбанлыққа шалыўға болатуғын мал болса, ол Жаратқан Ийеге бағышланған мухаддес болып есапланады. 10Ўәде қылған адам Жаратқан Ийеге бағышлаған малын жақсысының орнына жаманын ямаса жаманының орнына жақсысын алмастырмасын. Егер ол малды алмастырса, алмастырылған мал менен екеўи де Қудайға тийисли болып, мухаддес саналады. 11Егер Жаратқан Ийеге арнап әкелинген сый ҳарам саналған маллардан болса, оны руўханийге алып барсын. 12Руўханий малдың жақсы-жаманына қарап, баҳа белгилесин ҳәм оның баҳасы солай қалсын. 13Егер ийеси малды қайтарып сатып алыўды қәлесе, руўханий тәрепинен белгиленген баҳаның үстине бестен бир бөлегин қосып төлесин. 14Егер бир адам өзиниң үйин сый қылып, Жаратқан Ийеге бағышласа, руўханий үйдиң жақсы-жаманына қарап, оның баҳасын белгилесин. Руўханий үйге қандай баҳа белгилесе, үйдиң баҳасы сондай болады. 15Егер сол адам бағышлаған үйин қайтарып сатып алыўды қәлесе, руўханийдиң белгилеген баҳасының үстине бестен бир бөлегин қосып төлесин. Сонда үй қайтадан өзиники болып қалады. 16Егер бир адам бабасынан қалған мийрас атызының бир бөлегин Жаратқан Ийеге бағышлаўды қәлесе, атызға егилетуғын туқымның муғдары бойынша баҳасы белгиленсин. Бир хомер ▼▼ Бир хомер – шама менен 220 л.
арпа туқымы егилетуғын атыздың баҳасы елиў шекел гүмис болады. 17Егер атыз Қутлы жылда бағышланса, буның баҳасы белгиленген толық баҳа бойынша қалсын. 18Егер атыз Қутлы жылдан соң бағышланса, руўханий кейинги Қутлы жылға дейин қалған жыллардың саны бойынша атыздың баҳасын белгилесин. Атыздың баҳасы соған сәйкес төмен болады. 19Егер сол адам атызын қайтарып алыўды қәлесе, ол атызға белгиленген баҳаның үстине бестен бир бөлегин қосып төлесин. Сонда атыз және өзиники болып қалады. 20Бирақ сол адам атызды өзине қайтарып сатып алмаса ҳәм атыз басқа биреўге сатылған болса, онда атыздың ийеси атызды өзине қайтарып сатып ала алмайды. 21Атыз Қутлы жылға дейин турса, онда бул Жаратқан Ийеге бағышланған болып, мухаддес саналады ҳәм атыз руўханийлерге тийисли болып қалады. 22Егер бир адам сатып алған, яғный бабасынан мийрас болмаған атызын Жаратқан Ийеге бағышласа, 23руўханий Қутлы жылға дейин қалған жыллар бойынша оның баҳасын белгилесин. Ол адам белгиленген баҳаны сол күни-ақ төлесин ҳәм төлем Жаратқан Ийеге тийисли болып, мухаддес саналады. 24Кейинги Қутлы жылда атыз биринши ийесине қайтарып берилсин. 25Ҳәр бир белгиленген баҳа Мухаддес орынның шекели бойынша белгиленсин. Бир шекел жигирма герадан ▼▼ Жигирма гера – бир гера шама менен 0,5 гр.
ибарат. 26Ири ҳәм майда малларыңыздың биринши туўылған төллери Жаратқан Ийеники болып, олардың ҳеш қайсысын Жаратқан Ийеге бағышламаң. Себеби ол Жаратқан Ийеге тийисли. 27Бирақ биринши туўылған мал ҳарам саналған маллардан болса, ол ушын руўханийдиң белгилеген баҳасын ҳәм оның үстине бестен бир бөлегин қосып төлеп, малды қайтарып алыўына болады. Егер ол қайтарып алынбаса, онда мал белгиленген баҳаға басқа биреўге сатылады. 28Жаратқан Ийеге толығы менен бағышланған адам, мал ҳәм мийрастан қалған атыздың ҳеш бири сатылмасын ҳәм қайтарып алынбасын. Өйткени Жаратқан Ийеге толығы менен бағышланған ҳәр бир нәрсе Жаратқан Ийеге тийисли болып, жүдә мухаддес саналады. 29Өлимге тапсырылған адам ақшаға қайтарып сатып алынбасын, ол сөзсиз өлтирилсин. 30Жердиң зүрәәти болсын, мийўе ағаштың жемиси болсын, жерден өнип шығатуғын ҳәр бир зүрәәттиң оннан бири Жаратқан Ийеге тийисли. Булар Жаратқан Ийеге тийисли болып, мухаддес саналады. 31Егер бир адам оннан бириниң бир бөлегин қайтарып алыўды қәлесе, онда ол баҳасының үстине бестен бир бөлегин қосып төлеўи тийис. 32Барлық ири ҳәм майда маллардың оннан бирине келсек, шопанның таяғының астынан өткен ҳәр бир оныншы мал Жаратқан Ийеге тийисли болып, мухаддес саналады. 33Ҳеш ким малларды жақсы ҳәм жаман деп айырып, бир-бири менен алмастырмасын. Егер де мал алмастырылса, онда еки мал да мухаддес саналады ҳәм оны қайтарып сатып алыўға болмайды». 34Жаратқан Ийениң Синай таўында Израил халқына Муўса арқалы берген буйрықлары усылар еди.
Copyright information for
KaaIBT22C