‏ Leviticus 3

Татыўлық қурбанлығы

1«Егер ким де ким татыўлық қурбанлығы ушын ири мал бермекши болса, онда ол Жаратқан Ийеге арнап минсиз еркек ямаса урғашы мал усынсын. 2Ол адам қолын қурбанлықтың басына қойып, оны Ушырасыў шатырының алдында шалсын. Харонның уллары болған руўханийлер қанды қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберсин. 3Сол адам татыўлық қурбанлығының мына бөлеклерин Жаратқан Ийеге сый етип бериўи тийис: малдың ишеклерин қаплаған шарбы майлары менен иш майларын, 4еки бөтекесин, бөтеке үстиндеги майын ҳәм баўырының төменги ушын. 5Харонның уллары буларды қурбанлық орында жанып турған отынның үстине қойып, жандырылатуғын қурбанлық пенен бирге түтетип жандырсын. Бул – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.

6Егер ким де ким татыўлық қурбанлығы ушын майда мал бермекши болса, онда ол Жаратқан Ийеге минсиз еркек ямаса урғашы жанлық усынсын.

7Егер қой бермекши болса, оны Жаратқан Ийениң алдында усыныўы тийис. 8Ол қолын қурбанлықтың басына қойсын. Кейин оны Ушырасыў шатырының алдында шалсын. Харонның уллары қойдың қанын алып, қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберсин. 9Ол адам татыўлық қурбанлығының мына бөлеклерин Жаратқан Ийеге сый етип бериўи тийис: жанлықтың майларын, яғный қуйымшақтың түбинен кесип алынған пүткил қуйрық майын, ишеклерин қаплаған шарбы майлары менен иш майларын, 10еки бөтекесин, бөтеке майларын ҳәм баўырының төменги ушын. 11Руўханий буларды қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Бул – Жаратқан Ийеге аўқат сыпатында берилген сый.

12Егер ол ешки бермекши болса, оны Жаратқан Ийениң алдында усынсын. 13Адам қолын қурбанлықтың басына қойсын ҳәм оны Ушырасыў шатырының алдында шалсын. Харонның уллары ешкиниң қанын алып, қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберсин. 14Ол адам ешкиниң мына нәрселерин алып, Жаратқан Ийеге сый қылып усынсын: ишеклерин қаплаған шарбы майлары менен иш майларын, 15еки бөтекесин, бөтеке майларын ҳәм баўырының төменги ушын. 16Руўханий булардың ҳәммесин қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Бул – Жаратқан Ийеге аўқат сыпатында берилген хош ийисли сый. Майдың ҳәммеси Оған тийисли. 17Малдың майын жемеңлер, оның гөшин де қаны менен жемеңлер. Бул өзлериңиз жасаған ҳәмме жерде әўладлар бойы мәңги қағыйда болсын».
Copyright information for KaaIBT22C