Leviticus 4
Гүна қурбанлығы
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 2– Израил халқына былай деп айт: «Егер ким де ким Мен буйрықларымда қадаған қылған бир нәрсени ислеп, билмей гүна қылса, төменде көрсетилгенлерге әмел қылсын: 3Егер бас руўханий гүна ислеп, халқын айыпкер қылса, ислеген гүнасы ушын Жаратқан Ийеге гүна қурбанлығы етип минсиз бир буға усынсын. 4Ол буғаны Ушырасыў шатырының алдына, Жаратқан Ийениң алдына алып келсин. Соңынан қолын буғаның басына қойсын ҳәм Жаратқан Ийениң алдында оны шалсын. 5Бас руўханий буғаның қанынан бираз алып, Ушырасыў шатырының ишине кирсин. 6Ол бармағын қанға батырып, қанды Жаратқан Ийениң алдында, Ең мухаддес бөлмени бөлип турған пердеге қарай жети рет серпсин. 7Соңынан ол шатырдағы, Жаратқан Ийениң алдындағы хош ийисли түтетки түтетилетуғын орынның шақларына қанды сүртсин. Буғаның аўысқан қанын шатырдың кирер аўзының алдындағы жандырылатуғын қурбанлық орынның түбине төксин. 8Кейин гүна ушын берилген буғаның пүткил майын: ишеклерин қаплаған шарбы майлары менен иш майларын, 9еки бөтекесин, олардың майларын ҳәм баўырының төменги ушын 10татыўлық қурбанлығы сыпатында берилген малдың майын айырғандай, айырып алсын. Бас руўханий оларды жандырылатуғын қурбанлық берилетуғын орынның үстинде түтетип жандырсын. 11Ал буғаның қалған бөлеклерин: терисин, гөшин, геллесин, туяқларын ҳәм ишек-қарны менен дәрисин 12орданың сыртындағы күл төгилетуғын таза жерге апарып, оларды отынның үстине қойып, жағып жиберсин. 13Егер пүткил Израил жәмийети Жаратқан Ийениң буйрықларында қадаған етилген нәрсени ислеп, билмей гүна қылса, олар бәри бир айыплы саналады. 14Ислеген гүнасы белгили болғанда, олар жәмийет атынан гүна қурбанлығы етип бир буға усынып, оны Ушырасыў шатырының алдына алып келсин. 15Жәмийет ақсақаллары Жаратқан Ийениң алдында қолларын буғаның басына қойып, оны Жаратқан Ийениң алдында шалсын. 16Бас руўханий буғаның қанынан бираз алып, Ушырасыў шатырының ишине кирсин. 17Руўханий бармағын қанға батырып, қанды Жаратқан Ийениң алдында, Ең мухаддес бөлмени бөлип турған пердеге қарай жети рет серпсин. 18Соңынан руўханий қанды шатырдағы, Жаратқан Ийениң алдындағы түтетки түтетилетуғын орынның шақларына сүртсин. Буғаның аўысқан қанын шатырдың кирер аўзының алдындағы жандырылатуғын қурбанлық орынның түбине төксин. 19Буғаның пүткил майын алып, оны қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. 20Руўханий өз гүнасы ушын берген буғаға не ислеген болса, бул буғаға да соны ислесин. Усылайынша руўханий жәмийетти гүнадан пәклейди ҳәм олардың гүналары кешириледи. 21Алдынғы буғаны қалай жандырған болса, бул буғаны да орданың сыртына алып шығып, жағып жиберсин. Бул – жәмийеттиң гүнасы ушын қурбанлық болады. 22Егер басшылардың бири Қудайы Жаратқан Ийениң буйрықларында қадаған етилген бир нәрсени ислеп, билмей гүна қылса, ол айыплы саналады. 23Ислеген гүнасы өзине әшкара етилген ўақытта, ол қурбанлыққа минсиз бир теке алып келсин. 24Кейин ол қолын текениң басына қойып, оны жандырылатуғын қурбанлықлар шалынатуғын жерде, Жаратқан Ийениң алдында шалсын. Бул – гүна қурбанлығы. 25Руўханий бармағын гүна қурбанлығының қанына батырып, қанды жандырылатуғын қурбанлық орынның шақларына сүртсин. Аўысқан қанды қурбанлық орынның түбине төксин. 26Кейин текениң пүткил майын татыўлық қурбанлығының майы сыяқлы, қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Усылайынша, руўханий сол көсемди гүнасынан пәклейди ҳәм оның гүнасы кешириледи. 27Егер халық арасынан биреў Жаратқан Ийениң буйрықларында қадаған етилген бир нәрсени ислеп, билмей гүна қылса, ол айыплы саналады. 28Ислеген гүнасы өзине әшкара болғанда, ол гүнасы ушын қурбанлыққа минсиз бир ешки әкелсин. 29Соң ол қолын гүна ушын берилген қурбанлықтың басына қойып, оны жандырылатуғын қурбанлық шалынатуғын жерде шалсын. 30Руўханий қурбанлықтың қанына бармағын батырып, жандырылатуғын қурбанлық орынның шақларына сүртсин. Аўысқан қанды қурбанлық орынның түбине төксин. 31Қурбанлық берген адам ешкиниң пүткил майын татыўлық қурбанлығының майы сыяқлы айырып алсын. Руўханий майды Жаратқан Ийеге хош ийисли сый қылып, қурбанлық орында түтетип жандырсын. Усылайынша, руўханий сол адамды гүнасынан пәклейди ҳәм оның гүнасы кешириледи. 32Егер биреў гүна қурбанлығы ушын қой бермекши болса, қой минсиз болсын. 33Ол қолын қурбанлықтың басына қойсын ҳәм оны жандырылатуғын қурбанлықлар шалынатуғын жерде шалсын. 34Кейин руўханий бармағын шалынған қойдың қанына батырып, жандырылатуғын қурбанлық орынның шақларына сүртсин. Ал аўысқан қанды қурбанлық орынның түбине төксин. 35Татыўлық қурбанлығы ушын берилген қой сыяқлы, адам бул қурбанлықтың да пүткил майын айырып алсын. Руўханий оны қурбанлық орында Жаратқан Ийеге арнап жағылып атырған сыйлардың үстине қойып, түтетип жандырып жиберсин. Усылайынша, руўханий адамды гүнасынан пәклейди ҳәм оның гүнасы кешириледи».
Copyright information for
KaaIBT22C