‏ Leviticus 5

1«Егер ким де ким көрген-билгенлери ҳаққында гүўалық бериўге шақырылса, бирақ ол буннан бас тартса, онда ол өз айыбының жазасын тартады.

2Ким де ким билмей, ҳарам саналған бир нәрсеге: жабайы я үй ҳайўанының ямаса жер баўырлаўшы бир ҳайўанның өлигине бир жерин тийгизип алса, ол ҳарамланған болып, айыплы саналады.

3Биреў билмей, адамның денесинен шыққан өзин ҳарамлайтуғын қандай да бир нәрсеге бир жерин тийгизсе, кейин не ислегенин түсинген ўақытта, ол айыплы саналады.

4Егер ким де ким қандай да бир исти ислеймен деп, ойланбастан ант ишип, оны орынламай қалса, онда ол айыплы саналады.

5Егер ким де ким усы айтылған ислердиң биреўинде айыплы болса, ислеген гүнасын ашық мойынласын. 6Ол гүнасының қуны сыпатында Жаратқан Ийеге гүна қурбанлығын берсин. Бул қурбанлық майда малдан бир қой ямаса бир ешки болсын. Сонда руўханий адамды гүнасынан пәклейди.

7Егер адамның қой әкелиўге жағдайы болмаса, онда ол гүнасының қуны сыпатында Жаратқан Ийеге еки қумыры ямаса еки жас кептер әкелсин. Олардың бири гүна қурбанлығы ушын, ал екиншиси жандырылатуғын қурбанлық ушын бериледи. 8Оларды руўханийге алып келсин. Руўханий дәслеп гүна қурбанлығын берип, қустың мойнын сындырсын, бирақ оның басын жулып тасламасын. 9Кейин қустың қанының биразын қурбанлық орынның қапталына серпип, аўысқан қанды қурбанлық орынның түбине төксин. Бул – гүна қурбанлығы. 10Соннан соң, руўханий екинши қусты жандырылатуғын қурбанлық етип, қағыйда бойынша берсин. Усылайынша руўханий адамды гүнасынан пәклейди ҳәм ол кешириледи.

11Егер адамның еки қумыры ямаса еки кептер әкелиўге жағдайы келмесе, онда ол ислеген гүнасы ушын эфаның
Эфа – бир эфа шама менен 22 л.
оннан бир мөлшериндеги сапалы бийдай унынан әкелсин. Ол унның үстине зәйтүн майын қуймасын ҳәм хош ийисли шайыр да қоспасын. Себеби бул – гүна қурбанлығы.

12Адам унды руўханийге алып келсин. Руўханий толық садақаның белгиси ретинде уннан бир уўыс алып, оны қурбанлық орында, Жаратқан Ийеге арнап жағылып атырған сыйлардың үстине қойып, түтетип жандырып жиберсин. Бул – гүна қурбанлығы.

13Солай етип, руўханий айтып өтилген гүналардың бирин ислеген адамды гүнасынан пәклейди ҳәм оның гүнасы кешириледи. Ғәлле садақасы сыяқлы, садақаның жандырылмаған бөлеги руўханийге тийисли болады».

Айып қурбанлығы

14Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

15– Егер ким де ким Жаратқан Ийеге арналып, мухаддесленген нәрселерди былғап, билмей гүна ислесе, ол айып қурбанлығы сыпатында Жаратқан Ийеге майда малдан бир минсиз қошқар усынсын. Қошқардың қуны шекел аўырлығындағы гүмис пенен, Мухаддес орын өлшеми менен баҳалансын. 16Адам мухаддес нәрсеге келтирген зыянының қунын төлеп, және сол қунның үстине бестен бирин қосып, руўханийге берсин. Руўханий айып қурбанлығы ушын берилген қошқар менен сол адамды гүнасынан пәклейди ҳәм ол кешириледи.

17Егер ким де ким Жаратқан Ийениң буйрықларында қадаған етилген нәрсени ислеп, гүна қылса, ол билмей ислесе де, өз айыбының жазасын тартады. 18Ол руўханийге айып қурбанлығы сыпатында майда малдан бир қошқар усынсын. Қошқар минсиз ҳәм қуны белгиленген болыўы тийис. Руўханий адамды билмей ислеген гүнасынан пәклейди ҳәм ол кешириледи. 19Бул – айып қурбанлығы, өйткени адам Жаратқан Ийеге қарсы айып ислеген еди.
Copyright information for KaaIBT22C