Leviticus 6
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 2– 3– Егер ким де ким өзине аманат етилген, өзине тапсырылған ямаса урланған бир мал-мүлик туўрысында жақынын алдаса, я оны наҳақлық пенен қолға киргизсе ямаса жойтылған бир нәрсени таўып алып, оны жасырса, усындай ямаса усыған уқсайтуғын гүналардың бирин ислеп, оны ислемедим деп жалған ант ишсе, ол Жаратқан Ийениң алдында айып ис қылған болады. 4– 5Адам усылардың бирин ислеп, гүна қылғанда, ол ҳәр қандай наҳақ жол менен қолға киргизген затты ийесине қайтарып берсин. Ол айыбы ашылған күни затлардың үстине бестен бирин қосып ийесине толығы менен қайтарып берсин. 6Соңынан Жаратқан Ийеге айып қурбанлығы етип усыныў ушын, қуны белгиленген ҳәм минсиз болған қошқарды руўханийге әкелсин. 7Сонда руўханий Жаратқан Ийениң алдында оны гүнасынан пәклейди ҳәм оның ислеген айыбы қандай болса да, ол кешириледи.Күнделикли жандырылатуғын қурбанлықты бериў қағыйдалары
8Жаратқан Ийе Муўсаға және былай деди: 9– Харон ҳәм оның улларына мынадай деп буйыр: «Күнделикли жандырылатуғын қурбанлықты бериў қағыйдасы мынадай: жандырылатуғын қурбанлық қурбанлық орынның үстинде түн бойы, азанға дейин қалыўы керек. Қурбанлық орынның үстиндеги от сөнбесин. 10Азанда руўханий зығырдан исленген кийими менен диз кийимин кийип алсын. Кейин ол қурбанлық орынның үстиндеги жандырылатуғын қурбанлықтан қалған күлди жыйнап, қурбанлық орынның жанына қойсын. 11Соңынан руўханий сол кийимлерин шешип, әдеттеги кийимлерин кийсин ҳәм күлди орданың сыртындағы таза жерге апарып тасласын. 12Қурбанлық орынның үстиндеги от ҳеш қашан өшпей, үзликсиз жанып турсын. Руўханий ҳәр күни азанда отқа отын салып, жандырылатуғын қурбанлықтың бөлеклерин оның үстине қойсын. Кейин татыўлық қурбанлықларының майын оның үстинде түтетип жандырсын. 13Қурбанлық орынның үстиндеги от ҳеш қашан өшпей, үзликсиз жанып турсын».Ғәлле садақасын бериў қағыйдалары
14«Ғәлле садақасын бериў қағыйдасы мынадай: Харонның уллары ғәлле садақасын қурбанлық орынның алдына әкелип, Жаратқан Ийеге усынсын. 15Руўханий зәйтүн майы қосылған сапалы уннан бир уўысын толтырып алсын ҳәм хош ийисли шайырдың ҳәммесин алып, оларды толық садақаның белгиси ретинде қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Бул – толық садақаның белгиси ҳәм Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады. 16Садақаның жандырылмаған бөлегин Харон ҳәм оның уллары жесин. Оннан ашытқысыз нан жаўып, мухаддес жерде, Ушырасыў шатырының ҳәўлисинде жесин. 17Оған ашытқы қосылмасын. Мен буны Өз сыйларымнан руўханийлердиң пайы қылып бердим. Бул – айып қурбанлығы ҳәм гүна қурбанлығы сыяқлы жүдә мухаддес. 18Харон әўладынан болған ҳәр бир ер адам оннан жеўине болады. Бул Жаратқан Ийеге арналған сыйлардан әўладлар даўамында мәңгиге олардың пайы болады. Қурбанлықларға тийип кеткен ҳәр бир нәрсе мухаддес болады». 19Жаратқан Ийе Муўсаға тағы былай деди: 20– Харон ҳәм оның урпағынан бири бас руўханийликке майланып, тайынланған күннен баслап, оның беретуғын садақасы мынадай болсын: ол оннан бир эфа сапалы унның ярымын азанда, ал қалған ярымын кеште ғәлле садақасы етип берсин. Ол бул садақаны ҳәр күни берип турыўы тийис. 21Сол унға зәйтүн майы қосып ийленип, табада писирилсин. Бул ғәлле садақасын бөлеклеп сындырып, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый қылып усынсын. 22Буны Харон әўладынан болған бас руўханий Жаратқан Ийеге усынсын. Бул мәңгиге Жаратқан Ийениң пайы болады. Усы садақа толығы менен түтетип жандырылыўы тийис. 23Бас руўханийдиң берген ҳәр бир ғәлле садақасы толығы менен жандырып жиберилсин, оны жеўге болмайды.Гүна қурбанлығын бериў қағыйдалары
24Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 25– Харон ҳәм оның улларына былай деп айт: «Гүна қурбанлығын бериў қағыйдасы мынадай: гүна қурбанлығы жандырылатуғын қурбанлық шалынатуғын жерде, Жаратқан Ийениң алдында шалынсын. Ол – жүдә мухаддес. 26Гүна қурбанлығын усыныўды орынлайтуғын руўханий оның гөшин мухаддес жерде, Ушырасыў шатырының ҳәўлисинде жесин. 27Қурбанлықтың гөшине тийип кеткен ҳәр бир нәрсе мухаддес болады. Оның қаны кимниң кийимине шашыраса, кийим мухаддес жерде жуўылсын. 28Қурбанлықтың гөши писирилген ылай ыдыс сындырып тасланыўы керек. Егер гөш қола ыдыста писирилген болса, ыдыс ысқылап тазаланып, суў менен жуўылсын. 29Руўханийлер әўладынан болған ҳәр бир ер адам гүна қурбанлығының гөшинен жеўине болады. Бул қурбанлық жүдә мухаддес. 30Бирақ гүна қурбанлығының қаны Ушырасыў шатырының ишине, гүнадан пәклеў ушын Мухаддес бөлмеге алып кирилсе, бундай қурбанлықтың гөшин жеўге болмайды. Ол толығы менен отқа жандырып жиберилиўи тийис».
Copyright information for
KaaIBT22C