Leviticus 7
Айып қурбанлығын бериў қағыйдалары
1«Айып қурбанлығы жүдә мухаддес. Бул қурбанлықты бериў қағыйдасы мынадай: 2айып қурбанлығы жандырылатуғын қурбанлық шалынатуғын жерде шалынсын ҳәм оның қаны қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберилсин. 3Малдың пүткил майын: қуйрық майын, ишеклерин қаплаған шарбы майларын, 4еки бөтекесин, олардың майларын ҳәм баўырының төменги ушын ажыратып алсын. 5Руўханий булардың ҳәммесин қурбанлық орынның үстинде Жаратқан Ийеге сый қылып түтетип жандырсын. Бул – айып қурбанлығы. 6Руўханийлер әўладынан болған ҳәр бир ер адам бул қурбанлықтан жеўине болады. Қурбанлық жүдә мухаддес болғанлықтан, мухаддес жерде желиниўи тийис. 7Айып ҳәм гүна қурбанлықлары ушын бирдей қағыйда қолланылады. Қурбанлықтың гөши гүнадан пәклеў рәсимин өткерген руўханийге тийисли. 8Жандырылатуғын қурбанлықтың териси де қурбанлықты усынған руўханийге тийисли. 9Тандырда жабылған, қазанда ямаса табада писирилген ҳәр қандай ғәлле садақасы да оны усынған руўханийге тийисли болады. 10Зәйтүн майы қосылған ямаса қурғақ ғәлле садақасы да Харонның улларына тийисли. Олар оны өз ара тең бөлисип алсын».Татыўлық қурбанлығын бериў қағыйдалары
11«Жаратқан Ийеге татыўлық қурбанлығын бериў қағыйдасы мынадай: 12егер ким де ким Жаратқан Ийеге миннетдаршылық билдириў ушын қурбанлық бермекши болса, қурбанлыққа қоса зәйтүн майы қосылған ашытқысыз шөреклер, үстине зәйтүн майы жағылған пәтирлер ҳәм сапалы уннан зәйтүн майына қарылған ашытқысыз шөреклерди берсин. 13Жаратқан Ийеге миннетдаршылық билдириў ушын, татыўлық қурбанлығын ашытқы салынған шөреклер менен бирликте берсин. 14Усы ғәлле садақасының ҳәр биринен бир дана наннан ажыратып, Жаратқан Ийеге усынсын. Бул нанлар татыўлық қурбанлығының қанын қурбанлық орынға серпкен руўханийге тийисли болады. 15Жаратқан Ийеге миннетдаршылық билдириў ушын берилген татыўлық қурбанлығының гөши қурбанлық берилген күни желинсин, ол азанға дейин қалдырылмасын. 16Егер ким де ким ўәде бойынша берилетуғын қурбанлық ямаса ықтыярлы қурбанлық бермекши болса, қурбанлықтың гөши берилген күни желинсин. Егер аўысып қалса, ертеңине желинсе де болады. 17Бирақ үшинши күни қурбанлықтың қалған гөши отқа жағып жиберилиўи тийис. 18Егер татыўлық қурбанлығының гөши үшинши күни желинсе, сол адамның усынған қурбанлығы қабыл етилмейди ҳәм есапқа алынбайды. Өйткени гөш ҳарам саналады ҳәм оны жеген ҳәр бир адам айыплы саналып, жазаға тартылады. 19Ҳәр қандай ҳарам нәрсеге тийип кеткен қурбанлық гөшин жеўге болмайды. Ондай гөшти жағып жибериў керек. Ал ҳарамланбаған гөштен пәк деп саналған ҳәр бир адамның жеўине болады. 20Бирақ егер бир адам ҳарам бола тура, Жаратқан Ийеге берилген татыўлық қурбанлығын жесе, ол халық арасынан жоқ қылынсын. 21Және де, ким де ким ҳарам саналған бир нәрсеге, адамнан шыққан ҳарамлайтуғын нәрсеге ямаса ҳарам ҳайўанға бир жерин тийгизип, Жаратқан Ийеге берилген татыўлық қурбанлығының гөшинен жесе, ол халық арасынан жоқ қылынсын».Май ҳәм қан жемеңлер
22Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 23– Израил халқына былай деп айт: «Мал, қой ҳәм ешкиниң ишки майын ҳасла жемеңлер. 24Ҳарам өлген ямаса жабайы ҳайўанлар тәрепинен таланып тасланған ҳайўанның майын ҳәр қандай мүтәжликлериңизге ислетсеңиз болады, бирақ оны ҳеш қашан жемеңлер. 25Ким де ким Жаратқан Ийеге сый қылып берилген маллардың бириниң майын жесе, ол өз халқы арасынан жоқ қылынсын. 26Қай жерде жасасаңыз да, ҳеш қандай қус ямаса ҳайўанның гөшин қаны менен жемеңлер. 27Қан жеген ҳәр бир адам өз халқының арасынан жоқ қылынсын».Руўханийлердиң пайы
28Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 29– Израил халқына былай деп айт: «Ким де ким татыўлық қурбанлығын бермекши болса, ол қурбанлықтың бир бөлегин Жаратқан Ийеге сый етип берсин. 30Сол адам қурбанлықтан сый етип берип атырған майды ҳәм төсти өз қолы менен әкелсин ҳәм төсти Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынсын. 31Руўханий майды қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын, бирақ төс Харон ҳәм оның улларына тийисли. 32Татыўлық қурбанлығының оң санын сый ретинде руўханийге бериң. 33Харонның улларынан қайсы бири усы татыўлық қурбанлығының қанын ҳәм майын усынса, оң сан соның пайы болады. 34Себеби Мен Израил халқының татыўлық қурбанлықларының усы төсин ҳәм сан жилигин алып, буларды Израил халқынан мәңгиге берилген пай сыпатында руўханий Харонға ҳәм оның улларына бердим». 35Харон ҳәм оның уллары руўханий болып тайынланған күннен баслап, олардың пайына Жаратқан Ийеге берилген сыйлардан усылар тийди. 36Харон ҳәм оның уллары майланып, хызметке тайынланған күнинен баслап, Жаратқан Ийе Израил халқына усы жиликлерди оларға бериўин буйырды. Бул әўладлар бойы олардың мәңги пайы болады. 37Мине, жандырылатуғын қурбанлық, ғәлле садақасы, айып қурбанлығы, гүна қурбанлығы, хызметке тайынлаў рәсими ҳәм татыўлық қурбанлығы туўралы қағыйдалар усылардан ибарат. 38Израил халқы Синай шөлинде болған ўақытта, Жаратқан Ийе усы қурбанлықларды усынып баслаўды Синай таўында Муўсаға буйырған еди.
Copyright information for
KaaIBT22C