Leviticus 8
Харон ҳәм оның улларының руўханий болып тайынланыўы
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 2– Харон ҳәм оның улларын, олар менен бирге руўханийлик кийимлерин, майлаў ушын арналған зәйтүн майын, гүна қурбанлығы ушын берилетуғын буғаны, еки қошқарды ҳәм бир себет ашытқысыз нанды алып кел. 3Кейин пүткил жәмийетти Ушырасыў шатырының алдына жыйна. 4Муўса Жаратқан Ийениң буйрығын орынлады. Ҳәмме Ушырасыў шатырының алдына жыйналғанда, 5Муўса жәмийетке: – Мен ҳәзир Жаратқан Ийениң буйрығын әмелге асыраман, – деди де, 6Харон ҳәм оның улларын алдыға шығарып, оларды суў менен жуўыныў рәсиминен өткизди. 7Соннан кейин, Харонға узын көйлек кийгизип, белине белбеў байлады ҳәм оның сыртынан баҳалы үст кийим кийгизди. Оның үстине эфодты ▼▼ Эфод – бас руўханийдиң кийимлериниң бир бөлеги. Сөзликке қараң.
тағып, белбеўи менен буўды. 8Көксине қалталы өңиршени тақты. Өңиршениң ишине Урим ҳәм Туммимди ▼▼ Урим ҳәм Туммим – бул Қудайдың еркин билиў ушын арналған таслар болып, оларды шек таслаў жолы менен қолланған болыўы мүмкин.
салды. 9Харонның басына сәлле орап, сәллениң алды бетине мухаддес алтын тажды қойды. Муўса ҳәр бир нәрсени Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып иследи. 10Соңынан Муўса майлаў рәсимине арналған зәйтүн майын алып, Мухаддес шатырды ҳәм оның ишиндеги ҳәр бир нәрсени майлап, мухаддес қылды. 11Қурбанлық орынның үстине майдан жети рет серпти. Және де, орынның барлық буйымларына, үлкен ләгенге ҳәм оның туяқларына май серпип, оларды мухаддес қылды. 12Харонды мухаддес қылып бағышлаў ушын, басына зәйтүн майын қуйып, оны майлаў рәсиминен өткизди. 13Соннан соң, Харонның улларын алдыға шығарды. Оларға узын көйлеклер кийдирип, беллерине белбеў байлады ҳәм басларына кишигирим сәлле орады. Муўса буларды да Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып иследи. 14Кейин Муўса гүна қурбанлығы етип берилетуғын буғаны әкелди. Харон ҳәм оның уллары қолларын буғаның басына қойды. 15Муўса буғаны шалды. Қурбанлық орынды тазалаў ушын, қанды бармағы менен орынның шақларына сүртип шықты. Аўысқан қанды қурбанлық орынның түбине төкти. Усылайынша ол қурбанлық орынды пәклеў рәсимин өткериўге таярлап, оны мухаддес қылды. 16Муўса малдың иш майларын, баўырының төменги ушын, еки бөтекесин ҳәм бөтеке майларын алып, қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырды. 17Ал буғаның қалған бөлеклерин – терисин, гөшин ҳәм дәрисин орданың сыртында жағып жиберди. Муўса буларды да Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып иследи. 18Кейин Муўса жандырылатуғын қурбанлыққа бир қошқарды әкелди. Харон ҳәм оның уллары қолларын қошқардың басына қойды. 19Муўса қошқарды шалып, оның қанын қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберди. 20Қошқарды жиликлерге бөлип, жиликлерин, геллесин ҳәм иш майларын түтетип жандырды. 21Ишек-қарнын ҳәм туяқларын жуўып, қошқарды толығы менен қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырды. Бул жандырылатуғын қурбанлық – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады. Муўса ҳәммесин Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып иследи. 22Буннан соң, Муўса Харон ҳәм оның улларының руўханийликке тайынлаў рәсимине арналған қурбанлық ушын берилетуғын қошқарды алып келди. Харон ҳәм оның уллары қолларын қошқардың басына қойды. 23Муўса қошқарды шалып, оның қанын алды. Қанды Харонның оң қулағының сырғалығына, оң қолының ҳәм оң аяғының бас бармақларына сүртти. 24Соңынан Харонның улларын алдыға шығарды. Олардың да оң қулағының сырғалығына, оң қол ҳәм оң аяғының бас бармақларына қан сүртти. Аўысқан қанды қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберди. 25Муўса малдың майын, яғный қуйрық майын, иш майларын, баўырының төменги ушын, еки бөтекесин, бөтеке майларын ҳәм оң санын алды. 26Кейин Жаратқан Ийениң алдындағы ашытқысыз нан салынған себеттен бир шөрек, зәйтүн майы қосылған шөрек ҳәм бир пәтир алып, малдың майы менен оң санының үстине қойды. 27Муўса булардың ҳәммесин Харон ҳәм оның улларының қолларына берди. Олар буларды Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынды. 28Кейин Муўса буларды олардың қолларынан алып, қурбанлық орынның үстинде жандырылатуғын қурбанлық пенен бирге түтетип жандырды. Булар – тайынланыў қурбанлығы, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады. 29Соң Муўса төсти алып, оны Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынды. Тайынланыў қурбанлығы ушын берилген қошқардан Муўсаның пайына усы төс тийди. Муўса ҳәммесин Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып иследи. 30Муўса майлаў рәсимине арналған зәйтүн майын ҳәм қурбанлық орындағы қанды алып, Харон менен оның улларының үстине ҳәм олардың кийимлерине серпти. Усылайынша, Муўса Харонды, оның улларын ҳәм олардың кийимлерин мухаддес қылды. 31Соң Муўса Харон ҳәм оның улларына: – Гөшти Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдында қайнатың. Оны тайынланыў садақалары салынған себеттеги нан менен бирге сол жерде жең. Маған: «Буны Харон ҳәм оның уллары жесин», – деп буйырылған. 32Гөш пенен наннан аўысып қалғанын жағып жибериң. 33Руўханийликке тайынланыў рәсимиңиз тамам болғанша, жети күн даўамында Ушырасыў шатырының алдынан ҳеш жаққа шығып кетпең. Себеби тайынланыў рәсимиңиз жети күн даўам етиўи тийис. 34Бүгинги исленген рәсимди Жаратқан Ийе сизлерди гүналарыңыздан пәклениўиңиз ушын буйырған еди. 35Жети күн даўамында күни-түни Ушырасыў шатырының алдында тайын болып, Жаратқан Ийениң буйрығын орынлаўыңыз тийис. Болмаса, өлип қаласызлар. Маған усылай буйрық берилген, – деди. 36Солай етип, Харон ҳәм оның уллары Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген барлық буйрықларын орынлады.
Copyright information for
KaaIBT22C