‏ Leviticus 9

Руўханийлердиң өз хызметин баслаўы

1Сегизинши күни Муўса Харонды, оның улларын ҳәм Израилдың ақсақалларын шақырды. 2Сонда Муўса Харонға былай деди:

– Гүна қурбанлығы ушын минсиз бир тана, жандырылатуғын қурбанлық ушын минсиз бир қошқар алып, оларды Жаратқан Ийеге усын.
3Соңынан Израил халқына айт, олар да гүна қурбанлығы ушын бир теке, жандырылатуғын қурбанлық ушын бир жасар минсиз тана менен бир жасар минсиз тоқлы әкелсин. 4Жаратқан Ийениң алдында татыўлық қурбанлығы ушын бир буға ҳәм бир қошқар алып, буған қоса зәйтүн майы менен араластырылған ғәлле садақасын усынсын. Өйткени бүгин оларға Жаратқан Ийе көринеди.

5Олар Муўсаның буйырғанларының ҳәммесин Ушырасыў шатырының алдына алып келди. Ҳәмме жақын келип, Жаратқан Ийениң алдында турды. 6Сонда Муўса оларға:

– Жаратқан Ийениң салтанаты сизлерге көриниўи ушын, Ол сизлерге мыналарды ислеўди буйырмақта, – деп,
7Харонға былай деди:

– Қурбанлық орынға жақынлап, гүна қурбанлығын ҳәм жандырылатуғын қурбанлығыңды бер. Усылай етип, өзиңди де, халқыңды да гүналардан тазала. Соннан кейин, Жаратқан Ийе буйырғанындай, халқыңның қурбанлығын берип, оларды гүналардан пәкле.

8Солай етип, Харон қурбанлық орынға жақынласып, өзи ушын гүна қурбанлығына алып келген тананы шалды. 9Уллары оған тананың қанын алып келди. Харон бармағын қанға батырып, қурбанлық орынның шақларына сүртти. Аўысқан қанды қурбанлық орынның түбине төкти. 10Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығы бойынша, ол гүна қурбанлығының майын, еки бөтекесин ҳәм баўырының төменги ушын қурбанлық орында түтетип жандырды. 11Ал тананың гөши менен терисин орданың сыртында жағып жиберди.

12Кейин Харон жандырылатуғын қурбанлықты шалды. Оның уллары қурбанлықтың қанын оған берди ҳәм ол қанды қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберди. 13Соңынан уллары оған жандырылатуғын қурбанлықтың барлық жиликлерин ҳәм басын әкелип берди. Харон ҳәммесин қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырды. 14Ал қурбанлықтың ишек-қарнын ҳәм туяқларын жуўып, қурбанлық орында жандырылатуғын қурбанлыққа қосып түтетип жандырды.

15Буннан соң, Харон халықтың қурбанлығын алып келди. Халықтың гүналары ушын берилген текени шалды ҳәм биринши қурбанлық сыяқлы буны да гүна қурбанлығы сыпатында усынды.

16Харон жандырылатуғын қурбанлықты да қағыйдаға сай тәризде берди. 17Соңынан ол ғәлле садақасын берди. Оннан бир уўыс алып, оны азанда берилетуғын жандырылатуғын қурбанлыққа қоса қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырды.

18Харон халықтың татыўлық қурбанлығы ушын алып келген буғасы менен қошқарын да шалды. Уллары қурбанлықлардың қанын оған әкелип берди. Ол қанды қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберди. 19Харонның уллары буға менен қошқардың майын, яғный қуйрық майын, ишек-қарынларындағы майларын, еки бөтекесин ҳәм баўырының төменги ушын 20төслердиң үстине қойды. Харон усы майлы бөлеклерди алып, қурбанлық орында түтетип жандырды. 21Соннан кейин, Муўсаның буйырғанындай, ол төслерди ҳәм оң санды Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынды.

22Харон гүна, жандырылатуғын ҳәм татыўлық қурбанлықларын берип болғаннан соң, қолларын жайып, халыққа пәтия берди. Соннан соң, ол төменге түсти.

23Муўса менен Харон Ушырасыў шатырына кирди ҳәм олар сыртқа шыққаннан соң, халыққа пәтиясын берди. Сонда Жаратқан Ийениң салтанаты пүткил халыққа көринди 24ҳәм Жаратқан Ийениң оты пайда болып, қурбанлық орынның үстиндеги жандырылатуғын қурбанлықты ҳәм майларды жандырып жиберди. Буны көрген пүткил халық шадланып бақырысып, ет бетинен жерге жығылды.
Copyright information for KaaIBT22C