Luke 11:29-32
Кәраматлы белги ҳаққында
(Мат 12:38-42; Мрк 8:12)
29Халық жыйналып, көбейип атырғанда, Ийса оларға былай деп айта баслады: – Бул әўлад – жаман әўлад! Ол кәраматлы белги талап етпекте. Бирақ оған Юнустың кәраматлы белгисинен ▼ басқасы көрсетилмейди. 30Юнус Ниневия турғынлары ушын қандай белги болса, Адам Улы да бул әўлад ушын сондай белги болады. 31Қубладағы ҳаял патша ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күни усы әўлад пенен бирге орнынан турып, бул әўладтың адамларын айыплайды. Себеби ол Сулайманның даналығын еситиў ушын, жер бетиниң арғы шетинен келген еди ▼. Бирақ бул жерде Сулайманнан да уллы Биреў бар. 32Ниневия турғынлары ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күни усы әўлад пенен бирге орнынан турып, бул әўладтың адамларын айыплайды. Өйткени Юнус жәриялағанда, олар тәўбе етти ▼. Бирақ бул жерде Юнустан да уллы Биреў бар.
Copyright information for
KaaIBT22C