Luke 12:51-53
51Мени жер жүзине тынышлық әкелген, деп ойлап атырсыз ба? Яқ, деймен сизлерге: алаўызлық әкелгенмен. 52Өйткени буннан былай, бир үйде бес адам болса, олар өз ара бөлинеди. Үшеўи екеўине қарсы, екеўи үшеўине қарсы болады. 53Әкеси улына, улы әкесине қарсы, анасы қызына, қызы анасына қарсы, қәйин енеси келинине, келини қәйин енесине қарсы болып бөлинеди.
Copyright information for
KaaIBT22C