‏ Luke 18:31-34

Ийсаның Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында үшинши рет билдириўи

(Мат 20:17-19; Мрк 10:32-34)

31Ийса он еки шәкиртин қасына шақырып алып, оларға былай деди:

– Минекей, бизлер енди Ерусалимге қарай көтерилип баратырмыз. Сол жерде пайғамбарлардың Адам Улы туўралы жазғанларының ҳәммеси орынланады.
32Ол басқа миллет адамларына услап бериледи. Олар Оның үстинен күледи, масқаралайды, бетине түкиреди 33ҳәм қамшылап сабап, өлтиреди. Ал Ол үшинши күни қайта тириледи.

34Бирақ шәкиртлери бул сөзлерден ҳеш нәрсе түсинбеди. Бул сөзлер оларға жасырын болып, айтылғанлардың мәнисин аңламады.
Copyright information for KaaIBT22C