Luke 2:1-7
Ийсаның туўылыўы
(Мат 1:18-25)
1Сол күнлери Рим императоры Август пүткил Рим патшалығының турғынлары дизимнен өтиўи тийис, деген пәрман шығарды. 2Бул биринши дизимнен өтиў Кирини Сирияға ҳәкимлик қылған заманда болды. 3Ҳәр бир адам дизимнен өтиў ушын өз қаласына барды. 4Юсуп те Галиладағы Насыра қаласынан жолға шығып, Яҳудиядағы Бейтлеҳем деп аталған Даўыттың қаласына келди. Өйткени ол Даўыттың урпағынан еди. 5Дизимнен өтиў ушын, оның менен бирге қалыңлығы болған ҳәмиледар Мәриям да барды. 6Олар сол жерде болғанда Мәриямның айы-күни толып, 7туңғыш улын туўды. Оны қундақлап, бир ақырға жатқызды, себеби мийманханада оларға орын жоқ еди.
Copyright information for
KaaIBT22C