Luke 21:12-17
12Бирақ булардың ҳәммесинен бурын адамлар сизлерди услап алып қуўғын қылады, мәжилисханаларға тапсырып, қамаққа салады. Мениң атым ушын сизлерди патшалар менен ҳәкимлердиң алдына алып барады. 13Сонда сизлерге Мен туўралы гүўалық бериўге мүмкиншилик туўылады. 14Сонлықтан өзлериңизди қалай қорғаўды алдын ала ойламаўды кеўиллериңизге түйип алыңлар. 15Себеби Мен сизлерге сондай шешенлик пенен даналық беремен, сизлерге қарсы шыққанлардың ҳеш қайсысы да қарсы сөйлей де, сөзлериңизди бийкарлай да алмай қалады. 16Ҳәтте, ата-ана, аға-ини, ағайин-туўған ҳәм досларыңыз да сизлерге сатқынлық ислейди. Ал гейбиреўлериңизди өлтиреди. 17Мениң атым себепли, сизлерди ҳәмме жек көреди.
Copyright information for
KaaIBT22C