Luke 21:20-24
Ерусалимниң қыйратылыўы
(Мат 24:15-21; Мрк 13:14-19)
20– Ерусалимди әскерлердиң қоршап алғанын көргениңизде, оның ўайран болатуғын ўақтының жақынлағанын билиңлер. 21Сонда Яҳудиядағылар таўларға қашсын. Қаланың ишиндегилер тез сыртқа шықсын, әтираптағылар қалаға кирмесин. 22Өйткени сол күнлер Мухаддес Жазыўда айтылғанлардың ҳәммеси орынланатуғын жаза күнлери болады. 23Сол күнлери жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларға қандай қыйын болады! Себеби жер жүзинде үлкен апатшылық болып, бул халық Қудайдың ғәзебине ушырайды. 24Олар қылыш жүзинен өткерилип, барлық еллерге тутқын етип алып кетиледи. Басқа миллетлердиң дәўраны тамам болмағанша, Ерусалим олар тәрепинен аяқ асты қылынады.
Copyright information for
KaaIBT22C