Luke 22:31-34
Петрдиң Ийсадан таныўы ҳаққында
(Мат 26:31-35; Мрк 14:27-31; Юхн 13:36-38)
31Ийса Петрге: – Шимон, Шимон! Адамлардың бийдайды кепшик пенен желпигени сыяқлы, шайтан сизлерди сынаў ушын рухсат сораған еди. 32Бирақ Мен исенимиң таўысылмасын деп, сен ушын дуўа еттим. Сен Маған қайтып келгениңде, туўысқанларыңның исенимин беккемле, – деди. 33Шимон Ийсаға: – Ийем! Сениң менен бирге қамаққа да, өлимге де барыўға таярман, – деди. 34Бирақ Ийса оған: – Петр, саған айтатуғыным: бүгин қораз шақырмастан бурын сен Мени танымайман деп, Меннен үш рет танасаң, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C