Luke 22:58-62
58Бираздан кейин басқа биреў де Петрди көрип: – Сен де солардың бирисең, – деди. Бирақ Петр оған: – Яқ, аға, мен олардан емеспен, – деди. 59Бир сааттай өткеннен соң, тағы биреў: – Ырасында да, мына адам Оның менен бирге болған, себеби ол галилалы-ғо, – деди беккем исеним менен. 60Бирақ Петр оған да: – Аға, сениң не айтып турғаныңды түсинбеймен, – деди. Тап сол ўақытта, ол сөйлеп турғанда, қораз шақырды. 61Ийемиз бурылып, Петрге қарады. Сонда Петр Ийемиздиң: «Бүгин қораз шақырмастан бурын сен Меннен үш рет танасаң», – деген сөзин есине түсирди. 62Сыртқа шығып кетип, өкирип жылады.
Copyright information for
KaaIBT22C