Luke 22:66-71
Ийса жоқарғы кеңес алдында
(Мат 26:59-66; Мрк 14:55-64; Юхн 18:19-24)
66Таң атқаннан кейин, халық ақсақаллары, яғный бас руўханийлер менен диний муғаллимлер жыйналып мәсләҳәтлести де, Ийсаны өзлериниң жоқарғы кеңесине апарды. 67Оннан: – Бизлерге айт, Сен Масийхпысаң? – деп сорады. Ийса оларға: – Мен сизлерге айтсам да, исенбейсизлер. 68Сизлерге сораў берсем де, жуўап бермейсизлер ▼▼ Базы қолжазбаларда «…ҳәм сизлер мени жибермейсизлер» деген сөзлер де бар.
. 69Бирақ ендигиден былай, Адам Улы қүдиретли Қудайдың оң жағында отырады ▼, – деди. 70Сонда ҳәммеси: – Демек, Сен Қудайдың Улымысаң? – деп сорады. Ийса оларға: – Мениң Сол екенимди өзлериңиз айтып турсыз, – деп жуўап берди. 71Сонда олар: – Бизлерге және қандай гүўалық керек? Өз аўзынан еситтик-ғо, – дести.
Copyright information for
KaaIBT22C