Luke 23:44-49
Ийсаның жан тапсырыўы
(Мат 27:45-56; Мрк 15:33-41; Юхн 19:28-30)
44– 45Түски саат он екилер шамасында күн жақтысын түсирмей, саат үшлерге дейин пүткил жерди қараңғылық қаплап турды. Ибадатханадағы Мухаддесхананың пердеси ортасынан екиге бөлинип, жыртылып кетти. 46Ийса бәлент даўыс пенен бақырып: – Әке! Руўхымды қолларыңа тапсыраман ▼, – деди. Усыны айтып болды да, жан тапсырды. 47Болған ўақыяларды көрген жүзбасы Қудайды алғыслап: – Ҳақыйқаттан да, бул ҳақ адам екен, – деди. 48Тамашаға жыйналған пүткил халық болған ўақыяларды көрип, жүрек-баўырлары езилип, излерине қайтты. 49Бирақ Ийсаны билгенлердиң ҳәммеси ҳәм Галиладан Оның изине ерип келген ҳаяллар буларға узақтан қарап турды.
Copyright information for
KaaIBT22C