‏ Luke 5:12-16

Ийсаның тери кеселлигине шалынған адамға шыпа бериўи

(Мат 8:1-4; Мрк 1:40-45)

12Ийса бир қалада болғанда, тери кеселлиги пүткил денесин қаплаған бир адам келди. Ол Ийсаны көрип, аяғына жығылды да:

– Ийем! Егер Сен қәлесең, мени кеселликтен тазалай аласаң, – деп жалынды.

13Ийса қолын созып, оған тийгизди де:

– Қәлеймен, тазалан! – деди.

Ол сол ўақытта-ақ тери кеселлигинен тазаланды.

14Ийса оған:

– Буны ҳеш кимге айтпа! Тек руўханийге барып, өзиңди көрсет те, тери кеселлигинен тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер , – деп буйырды.

15Бирақ Ийса ҳаққында хабар бурынғыдан да көбирек жайылды. Көп халық Оны тыңлап, аўырыўларына шыпа алыў ушын, Оның алдына ағып келе берди. 16Ал Ийса аўлақ жерге барып, дуўа ететуғын еди.
Copyright information for KaaIBT22C