‏ Luke 5:33-39

Ораза ҳаққында сораў

(Мат 9:14-17; Мрк 2:18-22)

33Олар Ийсаға:

– Яқыяның шәкиртлери жийи-жийи ораза тутып, дуўа етеди. Парисейлердиң шәкиртлери де солай ислейди. Ал Сениң шәкиртлериң ишип-жеп жүрипти, – деди.

34Ийса оларға:

– Күйеў өзлери менен бирге болғанда, тойға келгенлерди ораза тутыўға мәжбүр ете аласызлар ма?
35Бирақ, олардан күйеў тартып алып кетилетуғын күнлер келеди, олар сонда, сол күнлери ораза тутады, – деди.

36Ийса оларға және бир тымсал айтып, былай деди:

– Ҳеш ким жаңа кийимнен жыртып алып, ески кийимге жамаў салмайды. Олай етсе, жаңа кийим де жыртылып қалады, жаңа жамаў да ески кийимге үйлеспейди.
37Ҳеш ким жаңа шарапты да ески меске қуймайды. Олай етсе, жаңа шарап мести жарып ағып кетеди, мес те бүлинеди. 38Жаңа шарапты жаңа меске қуйыў керек
Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Сонда екеўи де сақланады».
.
39Ҳеш ким ески шарапты ишип көрип, жаңасын қәлемейди: өйткени «ескиси жақсырақ», – дейди.
Copyright information for KaaIBT22C