Luke 6:1-5
Шаббат күни ҳаққында тартыс
(Мат 12:1-8; Мрк 2:23-28; 3:1-6)
1Бир Шаббат күни Ийса бийдай атызының арасы менен өтип баратырғанда, Оның шәкиртлери бийдай масақларын үзип алып, алақанлары менен уўқалап жей баслады. 2Гейпара парисейлер оларға: – Сизлер неге Шаббат күнинде ислеўге болмайтуғын исти ▼ ислеп атырсызлар? – деди. 3Ийса оларға жуўап берип: – Өзи де, қасындағылар да аш болғанда Даўыттың не ислегенин сизлер оқымағансызлар ма? 4Ол Қудайдың Үйине кирип, тек руўханийлерге ғана жеўге болатуғын, усынылған нанларды өзи де жеген, қасындағыларға да берген емес пе? – деди. 5Және оларға: – Адам Улы Шаббат күниниң де ийеси, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C